Samarqand mámleketlik veterinariya medicinası, sharwashılıq hám biotexnologiyalar universiteti Nókis filialı | Rásmiy
1.03K subscribers
15K photos
2.26K videos
134 files
6.54K links
SamVMShBU Nókis filialınıń rásmiy kanalı
Web-sayt:https://www.sdvunf.uz
Facebook: https://www.facebook.com/samvminf.samvminf.5
Instagram:https://instagram.com/samvmshbunf?
Bizge múrájat etiw➡️igshid=YmMyMTA2M2Y= https://
https://t.iss.one/pressa_murajat_bot
Download Telegram
#жаӊа_рубрика
#ветеринария
#тарийх

👨‍⚕️Даниялы ветеринар Бэнг 1897-жылда ҳайўанлар арасында адамларды тәшўишке салатуғын жуғымлы кеселлик болған бруцеллёзды қозғалтыўшы бактерияны анықлады. Узақ жыллар даўамында бул кеселликтиӊ атамасы болмаған ҳәм ҳәр түрли вариантлар қолланылған. Бруцеллёз адамларға да жуғады. Ветеринария медицинасына қосқан үлеси ушын Бернхард Лориц Фредериг Бэнг 1921-жылда Утрехт ветеринария колледжиниӊ ҳүрметли докторы атағын алыўға еристи. Доктор Бэнг ветеринария тараўындағы хызмети даўамында қарамалларда туберкулёз кеселлигин емлеў бойынша жумыс алып барды. Сондай-ақ, түрли кеселликлерге қарсы емлеў бойынша изертлеўлер алып барды. Ол ҳайўанлардыӊ жуғымлы кеселликлерин де үйренген.

Зийўар Хожамуратова
👍8
#жаӊа_рубрика
#ветеринария
#тарийх

👨‍⚕️Луи Дж. Камути өзиниӊ өмирин пышықларға бағышлаған биринши ветеринар еди. Ол 1932-жылда пышықларды емлеўди баслады. Сол дәўирде ветеринария тараўындағы шыпакерлер пышықларды емлеў менен шуғылланбаған. Камути 60 жыл даўамында Нью-Йоркда жасап, сол жерде жумыс ислеген. Өз әмелияты даўамында ол еки китап жазды. Өз кәсибин жақсы көрген Камути 87 жасында да ветеринар болған. Ол жүдә белгили болған Оливия де Хэвилленд (актриса ), Джеймс Мэйсон (актёр), Имоджен Коку (актриса), Таллула Бэнкхед (актриса) сыяқлы адамлардыӊ да пышықларын емлеген. Олар Камутидиӊ өз жумысына деген меҳири ҳәм жуўапкершилигин айрықша атап айтады ҳәм оныӊ яды ушын Конелль университетинде пышықлар саламатлығы фондын жаратты. Ол жерде пышық шыпакери ҳүрметине ветеринария әмелияты даўам етип келмекте.

Зийўар Хожамуратова
👍8🥰1
#ветеринария
#тарийх

Тарийхта из қалдырған ветеринарлар

🐴Роберт Кук жүдә белгили ветеринар болған. Ол өз хызметин атларға бағышлаған. Әсиресе, атлардыӊ аўыз, қулақ, мурын ҳәм тамақ кеселликлерине айрықша итибар қаратқан. Бул туўралы ол атларға бағышланған илимий журналларда көплеген мақалалар жазған. 1997-жылда Роберт Кук арнаўлы «тиси жоқ жылаў» жаратыўшысы Алан Бак пенен ушырасты. Өзиниӊ хызмет жолы даўамында Роберт Кук атларды нәгиран қылған рейимсиз жылаўлар туўралы бир неше мақала ҳам басқа шығармаларды баспадан шығарды. Эдвард Алан Бактиӊ «тиси жоқ жылаў»ы тийкарында өз концепциясын ислеп шыға баслады. Роберт Кук атлардыӊ минез-қулқындағы машқалалар ҳәм оларда ушырасатуғын қәўипли кеселликлерди үйрениў менен шуғылланған.

Зийўар Хожамуратова
👍12