#Семинар_тренинг
Ташкент қаласындағы Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыў орайында усы жылдың 22-23-ноябрь күнлери дөретиўши-мәдений мәселелер бойынша үгит-нәсиятшылар қатнасында семинар тренинг болып өтти. Семинарға районлық 4-санлы улыўма билим бериў мектебиниң дөретиўши-мәдений мәселелер бойынша үгит-нәсиятшысы Б.Салиева қатнасып, сертификат пенен хошаметленди. Семинар даўамында үгит-нәсиятшылар методикалық қолланбалар менен тәмийинленип, аймақлар бойынша өз-ара тәжирийбелер алмасылды.
Қараөзек районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
👇👇👇
@QaraozekHakimligi
#семинар_тренинг

Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Раўажландырыў Бағдарламасы (ПРООН) ҳәм Инсан потенциалын раўажландырыў топары (Human capacity development group) менен биргеликте «Арал бойы аймағында көклемзарлықты раўажландырыў, аўыл халқының экологиялық, экономикалық ҳәм денсаўлықты сақлаў тараўындағы қәўипсизлигин тәмийинлеў, олардың турмыс шәраяты мүмкиншиликлерин беккемлеў» бағдарламасы тийкарында семинар тренинг өткерилди.
Семинарға райондағы жеке исбилерменлер менен фермер хожалық баслықлары қатнасты. Онда аўыл хожалығы тараўында мийўе-палыз ҳәм басқада өнимлерди экспортқа шығарыў, оннан алынатуғын дәрамат түсимлери бойынша қәнигелер түсиник берип өтти.
Семинар сораў жуўаплар менен даўам етти.

@QaraozekHakimligi
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#видеоролик

#семинар_тренинг

⚡️"Инсан" социаллық хызметлер орайы тәрепинен пуқаралардың ҳуқықый билимин асырыў мақсетинде семинар тренинг өткерилди.

Қараөзек районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети

➡️@QaraozekHakimligi