#Архив_дәреклеринен
Қарақалпақстанда троллейбуслар қашан жүрип баслаған?
Троллейбуслар бурынғы СССРда 1933-жылдан баслап ислеп шығарылып, Москва көшелеринде 1943-жылдан иске түскен. Өзбекстанға да троллейбус урыстан соңғы жыллары келген. Ташкент қаласында 1947-жылы, Самарқандта 1957-жылы, Андижанда 1970-жылы, Ферганада 1971-жылы, Наманганда 1973-жылы, ал Қарақалпақстан пайтахты Нөкис қаласында 1990-жылдың 14-декабринен баслап троллейбус қатнаўы жолға қойылған, сол жылы Троллейбус депосы ашылған.
Қала ишинде қатнаған троллейбус линиясының узынлығы 31,8 км болып, 2 жөнелисте («Гөне қала» - Темир жол вокзалы айланбасы ҳәм «Гөне қала»ның соңғы бәндиргисинен қубла-батысқа қарай Хожели районына шекемги аралықта) жәми 22 троллейбус жүрген.
Нөкис қаласында троллейбуслар қатнаўы турақлы түрде 2000-жылға шекем әмелге асырылған, ал 2007-жылға келип бул транспорт қатнаўы пүткиллей тоқтаған. Троллейбус инфраструктурасы линия жабылғаннан соң бир неше жылларға шекем сақланып турған.
@QRARXIV
💎@Merwert_uz

👍14🔥2🏆1
#Архив
Қарақалпақстан халық жазыўшысы, нураный устазымыз Гүлайша Есемуратова "Жеткиншек" газетасында мийманда.
Бас редактор Гүлнара Нурлепесова
#тарийхый_сүўретлер
Әдебий информациялық канал:
Ағза болың 👉 💎@Merwert_uz

🔥7❤5
Forwarded from Аллаяр Дарменов
#Архив
Қарыздар тарийхшыларымызға арызнама
«Бизиң тарийхшыларымыз халық алдында қарыздар. Олар қарақалпақтың нағыз тарийхын жазып берсин!»
Ел ағасы Қәллибек Камаловтың бир ушырасыўда айтқанларынан.
Мен киммен? Айтың маған кимлигимди,
Билсин бул дүнья мениң менлигимди,
Уйықлап жатса тарийхшылар бул күнде,
Сораўға тутайын мен енди кимди!?
Мениң де бар уллылыкқа таласым,
Гездик талай Дәшти Қыпшақ даласын,
Қайта жазың жыртық «Тарийх» китабын,
«Жәҳән маған ҳәўес етип қарасын».
Бабам жазған Енесайдың битигин,
Едил таныр суў кешкен оның етигин,
Қысынасаң киси көрсе бул китап
Қурақ-қурақ, жулық-жулық бети дым.
Тарадық па туў Атилла хунлардан?
Алпамыслы алп қәўметли уллардан?
Алплығымыз отырғызбай бир жерде,
Астық па альпинист боп Алп шыңлардан?
Хабар алың Бердақ жазған «ғулпақ»тан,
«Мыздакхан», «Миздеккент» пе я «Маздакхан?»
Салың терең кескир илим пазнасын,
Тарийхымыз шығып кетпестен таптан.
Қарақалпақпан ба, Қараалпақпан ба?
Я Мәликтен мийрас Разы ҳақпан ба?
Ең соңында төрели сөз айтыўшы,
Дәўқараевтай бир төреге жалтақпан дә!
Қарызың көп өз халқыңнан ағалар,
Мурап болың, батыл қалды сағалар,
Тарта бермең бир арбаны ҳәр жақтан,
Бириксеңлер жыртық үй де жамалар.
Түсип кетпей гез келген жер ортадан,
Жазың бәрин баслап Адам атадан,
Бул жерлер цивилизация ошағы,
Топыраққала, Шылпық, Аяз, Ақшахан…
Айып көрмең бул өкпемниң мәнисин,
Мен – баянлаўшы усы журт арызын,
Пүтин болар қалайынша уйқыңыз,
Өтемей турып мына елдиң қарызын!?
Аллаяр Дарменов,
15.08.2020
@Allayar_Darmenov

👍16💯2🔥1👏1
#Архив_дереклеринен
📄26-март - Арал теңизи күни.
📜 Академик Марат Нурмухамедовтың жазыўшы Шыңғыс Айтматовқа жазған Арал машқаласы ҳаққындағы хатынан.
📜Ҳәзирги ўақытлары Арал теңизиндеги ҳәм Әмиўдәрья менен Сырдәрья дельталарындағы кеме жоллары да үзил-кесил тоқтады (суў транспорты, бәримизге мәлим, жүк тасыўдағы ең арзан түри ғой).
📜Ондатра терисин жетистириў қалып кетти. 20 жыл бурын тек Қарақалпақстанның өзи 1 млн. дана мамық жүнли ҳасыл терилер жетистирип берген еди, ўақтында олардың сапасы Ленинградтағы халықаралық аукционды таңландырды.
📜Суўдың кескин азайыўы, көл ҳәм сайлардың суў менен толықтырылмаўы тәбийий жайлаўлардың, отлақ майданлардың тарайыўына алып келди, себеби оларда қамыслықлар ҳәм ҳәр қыйлы жуғымлы от-шөплер өсер еди. Ерте дәўирлерден бул жайлаўларда халқымыз мал шарўашылығы менен шуғылланып келген.
Бул экономикалық тәртиптеги бирнеше мысаллар ғана...
М. Нурмухамедов,
1984-жыл, 6-январь. Нөкис.
@QRARXIV
💎@Merwert_uz
Әдебий информациялық канал

👍8❤2💯1
#Архив_пост
Көпшилигимиз май айында туўылған жазыўшы-шайырлардан И. Юсупов пенен Т. Қайыпбергеновты ғана билемиз. Негизи, бул айда қарақалпақ әдебиятындағы көп ғана тулғалар дүньяға келген.
Мәселен:
1. Генжемурат Есемуратов (1932-жылы 3-май);
2. Дәўлен Айтмуратов (1933-жылы 3-май);
3. Мансур Ахмедов (1962-жылы 4-май);
4. Айтбай Бекимбетов (1919-жылы 5-май);
5. Тәжетдин Сейтжанов (1924-жылы 5-май);
6.Жолдасбай Дилмуратов (1928-жылы 5-май);
7. Ибрайым Юсупов (1929-жылы 5-май);
8.Әденбай Тәжимуратов (1930-жылы 5-май);
9. Сағыйдулла Аббазов (1930-жылы 5-май);
10. Мәтибай Бердиев (1951-жылы 5-май);
11. Әбилқасым Өтепбергенов (1951-жылы 5-май);
12. Нәбийра Төрешова (1953-жылы 5-май);
13. Назира Матяқупова (1968-жылы 5-май);
14. Зулайха Нурметова (1950-жылы 6-май);
15. Төлепберген Қайыпбергенов (1929-жылы 7-май);
16. Қалый Жуманиязов (1924-жылы 10-май);
17. Толыбай Қабулов (1939-жылы 10-май);
18. Жубатқан Муратбаев (1939-жылы 10-май);
19. Бахтыяр Генжемуратов (1959-жылы 11-май);
20. Камал Мәмбетов (1940-жылы 14-май);
21. Базарбай Сейтаев (1957-жылы 14-май);
22. Қармыс Досанов (1922-жылы 15-май).
"Қарақалпақстан Республикасы жазыўшылары" китабынан пайдаланылды.
Таярлаған: А. Сейтназарова ҳәм А. Алланиязова

👍13👏3
#Архив
Қарақалпақстан халық жазыўшысы, нураный устазымыз Гүлайша Есемуратова "Жеткиншек" газетасында мийманда.
Бас редактор Гүлнара Нурлепесова
#тарийхый_сүўретлер
Әдебий информациялық канал:
Ағза болың 👉 💎@Merwert_uz
Қарақалпақстан халық жазыўшысы, нураный устазымыз Гүлайша Есемуратова "Жеткиншек" газетасында мийманда.
Бас редактор Гүлнара Нурлепесова
#тарийхый_сүўретлер
Әдебий информациялық канал:
Ағза болың 👉 💎@Merwert_uz
👍8🎉2
#Архив_сүўретлер
📜Жас шаңарақ ийелери академик Марат Нурмухамедов ҳәм Вероника Соколова, академик Сабыр Камалов ҳәм жазыўшы Гүлайша Есемуратовалар. (Коляскада жатырған бөпе Мариника Бабаназарова). 1955-жыл.
Сүўрет "Қарақалпақ тарийхы, этнографиясы, мәденияты" фейсбук бетинен.

👍6
Forwarded from МЕРЎЕРТ
#Архив_пост
Көпшилигимиз май айында туўылған жазыўшы-шайырлардан И. Юсупов пенен Т. Қайыпбергеновты ғана билемиз. Негизи, бул айда қарақалпақ әдебиятындағы көп ғана тулғалар дүньяға келген.
Мәселен:
1. Генжемурат Есемуратов (1932-жылы 3-май);
2. Дәўлен Айтмуратов (1933-жылы 3-май);
3. Мансур Ахмедов (1962-жылы 4-май);
4. Айтбай Бекимбетов (1919-жылы 5-май);
5. Тәжетдин Сейтжанов (1924-жылы 5-май);
6.Жолдасбай Дилмуратов (1928-жылы 5-май);
7. Ибрайым Юсупов (1929-жылы 5-май);
8.Әденбай Тәжимуратов (1930-жылы 5-май);
9. Сағыйдулла Аббазов (1930-жылы 5-май);
10. Мәтибай Бердиев (1951-жылы 5-май);
11. Әбилқасым Өтепбергенов (1951-жылы 5-май);
12. Нәбийра Төрешова (1953-жылы 5-май);
13. Назира Матяқупова (1968-жылы 5-май);
14. Зулайха Нурметова (1950-жылы 6-май);
15. Төлепберген Қайыпбергенов (1929-жылы 7-май);
16. Қалый Жуманиязов (1924-жылы 10-май);
17. Толыбай Қабулов (1939-жылы 10-май);
18. Жубатқан Муратбаев (1939-жылы 10-май);
19. Бахтыяр Генжемуратов (1959-жылы 11-май);
20. Камал Мәмбетов (1940-жылы 14-май);
21. Базарбай Сейтаев (1957-жылы 14-май);
22. Қармыс Досанов (1922-жылы 15-май).
"Қарақалпақстан Республикасы жазыўшылары" китабынан пайдаланылды.
Таярлаған: А. Сейтназарова ҳәм А. Алланиязова
💎@Merwert_uz
Әдебий информациялық канал
Көпшилигимиз май айында туўылған жазыўшы-шайырлардан И. Юсупов пенен Т. Қайыпбергеновты ғана билемиз. Негизи, бул айда қарақалпақ әдебиятындағы көп ғана тулғалар дүньяға келген.
Мәселен:
1. Генжемурат Есемуратов (1932-жылы 3-май);
2. Дәўлен Айтмуратов (1933-жылы 3-май);
3. Мансур Ахмедов (1962-жылы 4-май);
4. Айтбай Бекимбетов (1919-жылы 5-май);
5. Тәжетдин Сейтжанов (1924-жылы 5-май);
6.Жолдасбай Дилмуратов (1928-жылы 5-май);
7. Ибрайым Юсупов (1929-жылы 5-май);
8.Әденбай Тәжимуратов (1930-жылы 5-май);
9. Сағыйдулла Аббазов (1930-жылы 5-май);
10. Мәтибай Бердиев (1951-жылы 5-май);
11. Әбилқасым Өтепбергенов (1951-жылы 5-май);
12. Нәбийра Төрешова (1953-жылы 5-май);
13. Назира Матяқупова (1968-жылы 5-май);
14. Зулайха Нурметова (1950-жылы 6-май);
15. Төлепберген Қайыпбергенов (1929-жылы 7-май);
16. Қалый Жуманиязов (1924-жылы 10-май);
17. Толыбай Қабулов (1939-жылы 10-май);
18. Жубатқан Муратбаев (1939-жылы 10-май);
19. Бахтыяр Генжемуратов (1959-жылы 11-май);
20. Камал Мәмбетов (1940-жылы 14-май);
21. Базарбай Сейтаев (1957-жылы 14-май);
22. Қармыс Досанов (1922-жылы 15-май).
"Қарақалпақстан Республикасы жазыўшылары" китабынан пайдаланылды.
Таярлаған: А. Сейтназарова ҳәм А. Алланиязова
💎@Merwert_uz
Әдебий информациялық канал
👍17
Forwarded from МЕРЎЕРТ
#Архив
Қарақалпақстан халық жазыўшысы, нураный устазымыз Гүлайша Есемуратова "Жеткиншек" газетасында мийманда.
Бас редактор Гүлнара Нурлепесова
#тарийхый_сүўретлер
Әдебий информациялық канал:
Ағза болың 👉 💎@Merwert_uz
Қарақалпақстан халық жазыўшысы, нураный устазымыз Гүлайша Есемуратова "Жеткиншек" газетасында мийманда.
Бас редактор Гүлнара Нурлепесова
#тарийхый_сүўретлер
Әдебий информациялық канал:
Ағза болың 👉 💎@Merwert_uz
🔥10❤1
#Архив
Қарақалпақ ҳаял-қызлары арасынан шыққан туңғыш прозаиклердиң бири Гүлайша Есемуратова бирқатар жас дөретиўшилерге өз ақыл-кеңеслерин бермекте.
Солдан оңға қарай:
Саҳибжамал Сырғабаева, Несийбели Балтаниязова, Аллаяр Дарменов ҳәм Айгүл Қосымбетова.

👏12❤1🔥1