Музей тарийхынан мағлыўматлар
Қарақалпақ халқының уллы ойшылы, данышпан шайыры Бердақ Ғарғабай улының 170 жыллық юбилейин жоқары дәрежеде өткериў мақсетинде 1998-жыл 20-майда қабыл етилген Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 220-санлы қарарына муўапық Нөкис қаласында Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети жанынан Бердақ миллий музейи шөлкемлестирилди. Музей 2002-жыл 1-мартта өз жумысын баслады.
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2021-жыл 13-апрельдеги 206-санлы қарары ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Министрлер кеңесиниң 2021-жыл 15-апрельдеги 122-санлы қарарларына муўапық Бердақ миллий музейи Бердақ атындағы Қаракалпақ әдебияты тарийхы мәмлекетлик музейи аты менен қайта шөлкемлестирилди.
Әдебий информациялық канал:
Ағза болың 👉 💎@Merwert_uz

👍4
ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ТАРИЙХЫ ХӘМ МӘДЕНИЯТЫ МӘМЛЕКЕТЛИК МУЗЕЙИ
Музей- бул халқымыздың әййемги өтмишинен бүгинги күнине шекемги сақланып келген бийбаҳа мийрасының ғәзийнеханасы. Бул музей тек Қубла Арал бойларында ғана емес, ал пүткил Орайлык Азияға кеңнен белгили.
Музей 1929-жылы республикамыздың бурынғы пайтахты Төрткүл қаласында шөлкемлестирилген. Музейдиң дүзилиўине белгили илимпазлар Я.Гуламов, С.Толстовлар менен бирге А. Досназаров хәм Г. Убайдуллаевлар тийкар салады. Оған дәслепкилерден болып Н.А.Баскаков, Н.В.Торчинская, Қәлли Айымбетовлар жетекшилик етеди.
Әмиўдәрьяда суў тасқыны болыўына байланыслы музей 1944 -жылы Төрткулден жаңа пайтахт Нөкис қаласына көшириледи.
90 жылдан аслам тарийхқа ийе музей дүньяның көплеген еллеринен мийманларды қабыллап, өтмиштеги ата-бабалардан мийрас болып қалған бийбаҳа буйымларды кең жәмийетшиликке жақыннан таныстырыўда ийгиликли хызметлер көрсетип киятыр.

👍6
Әмет Шамуратов ҳәм Айымхан Шамуратовалар үй музейи
ҳаққында мағлыўмат
👇👇👇
Әдебий информациялық канал:
Ағза болың 👉 💎@Merwert_uz
ҳаққында мағлыўмат
👇👇👇
Әдебий информациялық канал:
Ағза болың 👉 💎@Merwert_uz
👍5
Әмет Шамуратов ҳәм Айымхан Шамуратовалар үй музейи
ҳаққында мағлыўмат
Қарақалпақ халқының еки бирдей уллы перзентлери Әмет, Щамуратов ҳәм Айымхан Шамуратовалардың ѳмирин, халқы алдындағы хызметлерин бугинги әўладларға жеткериўде уй музейиниң орны айрықша. Олар екеўи де ХХ әсирдеги қарақалпақ әдебияты, мәдениятының аяққа турыўында, раўажланыўында салмақлы улес қосқан көрнекли тулғалар.
Ѳзбекстан ӽәм Қарақалпақстан кѳлеминде биринши меншик уй музейи болған Әмет, Айымхан Шамуратовлар уй музейи 1999-жылы ашылды. Музей ашылыўы ел басшылары, елимизге белгили көркем өнер ғайраткерлери, жазыўшы-шайырлардыӊ, кеӊ жәмийетшиликтиӊ қатнасыўында, Шамуратовлардыӊ перзентлери тәрепинен салтанатлы түрде белгиленди.
Музей имаратының қурылысы «Қарақалпақстанға мийнети сиңген қурылысшы», Әмет, Айымхан Шамуратовлардың ең кишкене куйеў баласы Султамурат Таўбалдиев тәрепинен қурып питкерилгенлиги халқымыз арасында айрықша мақтаныш оятады.
Уй музейи дәслеп бир экспонат залдан ибарат болса, бугинги кунге келип, ол уш залға ийе. Экспонат залларынан бул уллы тулғалардың қол жазбалары, дѳретпелери, аудио-видео архив материаллары, фото альбомлары, орден-медаллары, алғыс ҳәм қутлықлаў телеграммалары, қолы менен услап тутқан жеке буйымлары – сувенирлер, ески радио, пластинка, патефон, жазыў машинкалары орын алған. Музей экспозициясы Әмет, Айымхан Шамуратовлардың ѳмири, дѳретиўшилигине қоса қарақалпақ әдебияты, мәдениятыныӊ қәлиплесиў, раўажланыў тарийхын, миллий қадириятларымызды да өзинде сәўлелендиреди. Бунда қарақалпақ халқының миллий отаўы – қара уй тийкарғы орынды ийелейди.
Соның менен қатар, қарақалпақ, рус художниклериниң картиналары музейдиӊ өзине тән көркем өнер орталығын қәлиплестирип тур. Үй музейи ӽәр қыйлы турдеги экспонатларға байып бармақта.
Үй музейине Шамуратовлардыӊ генже қызы Айымгүл Шамуратова басшылық етип, музейдиӊ өзине тән экспозициясын жаратыўда, байытыўда үлкен мийнет етип келмекте. Оныӊ басшылығында үй музейиниӊ жумыслары мәдений, руўхый-ағартыўшылық, билимлендириў тараўларын өзине қамтып, кеӊейип бармақта.
@shamuratovlar

Forwarded from Халила Дәўлетназаров
Еркин КК.pdf
2.7 MB
#Күнниң_темасы
Барлық жақсы нәрселер – балаларға, сол жақсылардың да ең жақсысы – “Жеткиншек!”
«Еркин Қарақалпақстан» газетасының 14.06.2025-жылдың 75-санында Қарақалпақстан халық шайыры, Өзбекстанға мийнети сиңген журналист, «Әмиўдәрья» журналының бас редакторы Халила ДӘЎЛЕТНАЗАРОВтың усы атамадағы мақаласы жәрияланды.
Мақаланы жоқарыдағы фаилда оқып танысыўыңызға болады.
Канал: @X_Dauletnazarov

❤4
Қарақалпақстан халық жазыўшысы Гүлайша Есемуратова қайтыс болды.
Мархумның жақынларына сабыр тилеймиз. Алла ийманын жолдасы еткей. Алдынан жарылқасын.
💎@Merwert_uz

Әдебий информациялық канал
😢23💔1
Forwarded from МЕРЎЕРТ
#Архив
Қарақалпақстан халық жазыўшысы, нураный устазымыз Гүлайша Есемуратова "Жеткиншек" газетасында мийманда.
Бас редактор Гүлнара Нурлепесова
#тарийхый_сүўретлер
Әдебий информациялық канал:
Ағза болың 👉 💎@Merwert_uz
Қарақалпақстан халық жазыўшысы, нураный устазымыз Гүлайша Есемуратова "Жеткиншек" газетасында мийманда.
Бас редактор Гүлнара Нурлепесова
#тарийхый_сүўретлер
Әдебий информациялық канал:
Ағза болың 👉 💎@Merwert_uz
🔥10❤1
Қарақалпақстан халық жазыўшысы Гүлайша Есемуратова дүньядан өтти
Бүгин, 2025-жыл 22-июнь күни халқымыздың ардақлы перзенти, Қарақалпақстан халық жазыўшысы, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларына мийнети сиңген мәденият хызметкери Гүлайша Есемуратова 95 жасында дүньядан өтти.
Гүлайша Есемуратова 1930-жылы Шымбай қаласында туўылған. 1951-жылы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтын питкерип, өзиниң дәслепки мийнет жолын "Жас Ленинши" (ҳәзир "Қарақалпақстан жаслары") газетасында бөлим баслығы болып хызмет ислеўден баслаған. 1957-1960-жыллары "Жеткиншек" газетасында, "Әмиўдәрья" журналында бөлим баслығы лаўазымын атқарды. 1991-жылы Қарақалпақстанда биринши ҳаял-қызлар журналы болған "Арал қызлары" журналын шөлкемлестирди.
Г.Есемуратова "Бәри өмир ҳаққында", "Арыўлар", "Қызым саған айтаман", "Жийрен", "Шығармалары"ның I, II-томлығы ҳәм басқа да халқымызға белгили дөретиўшилик шығармалардың авторы.
Мархумның қазасы қайырлы болсын!

😢10❤1💔1
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
"Қарақалпақстан" телеканалының "Ассалаўма әлейкум, Қарақалпақстан" көрсетиўинде Қарақалпақстан халық жазыўшысы, ардақлы нураный Гүлайша Есемуратова менен болған сәўбетти нәзериңизге усынамыз.
Сәўбет 2025-жыл 18-февраль күни алдынан, яғный, жазыўшының 95-жыллығы қарсаңында жазып алынған.
💎@Merwert_uz
Әдебий информациялық канал
Сәўбет 2025-жыл 18-февраль күни алдынан, яғный, жазыўшының 95-жыллығы қарсаңында жазып алынған.
💎@Merwert_uz
Әдебий информациялық канал
😢9❤2💔1
#Архив
Қарақалпақ ҳаял-қызлары арасынан шыққан туңғыш прозаиклердиң бири Гүлайша Есемуратова бирқатар жас дөретиўшилерге өз ақыл-кеңеслерин бермекте.
Солдан оңға қарай:
Саҳибжамал Сырғабаева, Несийбели Балтаниязова, Аллаяр Дарменов ҳәм Айгүл Қосымбетова.

👏12❤1🔥1
МЕРЎЕРТ
Photo
ТЕҢЕЛБАЙ СӘРСЕНБАЕВ
(09. 07. 1940 – 29. 10. 2005)
ӨМИРБАЯНЛЫҚ МАҒЛЫЎМАТЛАР:
>> 1940-жылы 9-июль Кегейли районында бурынғы (Ворошилов колхозында) ҳәзирги Қанияз Ҳабибуллаев АПЖ аймағында дүньяға келди.
>> Ҳәзирги С.Нурымбетов (бурынғы Киров) мектебинде тәлим алып, соң
>> Нөкис Мәмлекетлик педагогикалық институтын питкерген.
>> Үш жыллық әскерлик ўазыйпасын өтеп, өз мийнет жолын
>> 1969-жылдан "Еркин Каракалпақстан" газетасынан баслайды.
>> 1970-жылдан 1974-жылға шекем ДОСААФ комитетиниң баслығы лаўазымында иследи.
>> 1974-1987-жыллар аралығында Қарақалпақстан телевидениеси ҳәм радио еситтириўлери комитетинде редактор, бас редактор лаўазымларында,
>> 1987-жылдан "Әмиўдәрья" журналында хызмет етти.
ПОЭЗИЯЛЫҚ ТОПЛАМЛАРЫ:
1974-жыл ,,Жаршы",
1977-жыл ,,Дебдиў",
1980-жыл ,,Қубылыў",
1984-жыл ,,Қайнаўыт",
1989-жыл ,,Шабыўыл",
1990-жыл ,,Дүнья менен дәртлесиў",
1995-жыл ,,Таңырқант" китаплары баспадан шықты.
АЎДАРМАЛАРЫ:
>> Қырғызстан халық шайыры Нурпейис Жарқынбаевтың "Алатаў бояўлары" қосықлар топламын қарақалпақ тилине аўдарған.
Шайырдың бирқанша шығармалары өзбек, орыс тиллеринде жәрияланды.
Теңелбай СӘРСЕНБАЕВ
Канал: @Tengelbay_Sarsenbaev

👍3❤1🔥1
Forwarded from Теңелбай Сәрсенбаев (Aзамат Өрекеев)
ШАЙЫР ТЕҢЕЛБАЙҒА
"Жүр, малдың алдына шығайық, Шайда!"*
Шақыр тез, бийдәўлет Теңелбай қайда?
Жазыўынан "жуўыўы" көп шайырдың ,
Бир қосық туўылса еки-үш айда.
"Жүр, малдың алдына шағайық, Шайда!"
Жолдың еки бойы пахтадан-пахта,
Қосық жазамекен мал келген ўақта?
Мал емес-аў оның дәрти бирақта,
Оның кеўли сенде, өзи ҳәр жайда,
Ўақтын хош етерлик нәрсе бар жайда...
Саған ашық болғанлықтан жасында,
Шайыр болып шыққан ол расында.
Ышқы әксери бар оның басында.
Сондай дәрт болмаса, шайырлық қайда?!
Ең жақсы қосығы сен едиң, Шайда!
Еки аяғына бир етик кийип,
Жуўырды изиңнен ышқыңда күйип,
Ал, сен кетип қалдың басқаға тийип,
Зар жылап Теңелбай қалды бир сайда.
Оның йош илҳамы сен едиң, Шайда!
Теңелбайда шайырлық бар, йошы жоқ.
Сен кеткели оның кеўил хошы жоқ.
Жазған қосығынан айтқан тосы көп.
Шағлап жүре берсин мереке- тойда.
"Жүр, малдың алдына шығайық, Шайда!
* "Жүр, малдың алдына шығайық, Шайда" — Теңелбай Сәрсенбаевтың қосығының аты. И.Ю.
Канал: @qaraqalpaq_bayterekleri
@ibrayim_yusupov
@Tengelbay_Sarsenbaev

👍7❤1🔥1