#Еӊ_үлгили_шаӊарақ

Хожели районы Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлими тәрепинен районлық кәсип-өнер мектебиниң мәжилислер залында "15-май - Халықаралық шаңарақ күни" мүнәсибети менен "Еӊ үлгили шаӊарақ" атамасында таңлаў болып өтти. Оған, районлық төрт сектор аймағынан ең үлгили шаӊарақлар қатнасып, өз белсендилигин көрсетти. Беллесиў жуўмағы менен 1-орынды "Қулаб" аўыл пуқаралар жыйынынан қатнасқан Аметовлар шанарағы ийелеп, таңлаўдың Республикалық басқышына жоллама алды. Жеңимпазлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен ҳүрмет жарлығы ҳәм қымбат баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.

Каналға ағза болыў
👉@xodjeyli_rk👈