#Кеңпейиллик_ҳәптелиги

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң тийисли хаты тийкарында 16-ноябрь-"Халықаралық кеңпейиллик күни" мүнәсибети менен 13-19-ноябрь күнлери аралығында Хожели районында "Ағартыўшылық ҳәм миллетлерара кеңпейиллиги" сүрени астында "Кеңпейиллик ҳәптелиги" өткерилиўи белгиленди. Иләж шеңберинде жаслар арасында ҳәр қыйлы таңлаўлар, көргизбелер ҳәм руўхый-ағартыўшылық иләжларын шөлкемлестириў бойынша бир қанша тапсырмалар берилди. Сол тийкарында районлық 15-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде оқыўшылар арасында "Мениң кеңпейил дүньям" атамасында "Ең жақсы сүўрет" таңлаўы өткерилди. Таңлаўда оқыўшы жаслар елимиздеги миллетлерара татыўлық, диний кеңпейиллик, тынышлық ҳәм пәраўанлықты сәўлелендириўши сүўрет сызылмалары менен белсене қатнасты.

Каналға ағза болыў
👉@xodjeyli_rk👈
#Кеңпейиллик_ҳәптелиги

Хожели районында 16-ноябрь «Халықаралық кеңпейиллик күни» мүнəсибети менен 11-16-ноябрь күнлери аралығында «Кеңпейлик ҳәптелиги» өткерилиўи белгиленди. Иләж шеңберинде жаслар арасында ҳәр қыйлы таңлаўлар, көргизбелер ҳәм руўхый-ағартыўшылық кешелер шөлкемлестирилди. Сол тийкарында районлық 5-санлы балалар музыка ҳәм көркем-өнер мектебинде концерт бағдарламасы инәм етилип, мектеп оқыўшылары тәрепинен ҳәр түрли миллеттиң үрп-әдетлери ҳәм миллий ойынлары атқарылды. Буннан соң, байрам шеңберинде өз белсендилигин көрсеткен жасларға ҳүрмет жарлықлары ҳәм баҳалы саўғалар тапсырылды.

Каналға ағза болыў
👉@xodjeyli_rk👈
#Кеңпейиллик_ҳәптелиги

Хожели районында 16-ноябрь «Халықаралық кеңпейиллик күни» мүнəсибети менен 11-16-ноябрь күнлери аралығында «Кеңпейлик ҳәптелиги» өткерилиўи белгиленди. Иләж шеңберинде МШҳМБ бөлимине қараслы 10-санлы МШБШда руўхый-ағартыўшылық кешеси жоқары кейпиятта өткерилди. Салтанатлы байрам тәрбияланыўшы ҳәм тәрбияшылар тәрепинен шөлкемлестирилген концерт бағдарламасы қатнасыўшылар ушын инәм етилди.

Каналға ағза болыў
👉@xodjeyli_rk👈