XALÍQ USHÍN ⚖️
49.6K subscribers
1.08K photos
197 videos
72 files
3.4K links
Соңғы нызамлар, қарарлар, ҳуқық тараўына байланыслы жаңалықлар

Хабарласыў: @trillion_uzb

Est. 10.04.2020.
Download Telegram
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
⚡️2025-жыл 1-апрелден электр энергиясы ҳәм газ тарифлери және көтериледи - Ж.Қучкаров

☝️Бирақ бул халыққа субсидия бериўди тоқтатыў ушын жетерли емес.

💰Демек, “свет” ҳәм газ тарифлери 2028-жылға шекем ҳәр жылы қымбатлап барады.

❗️2028-жылдан баслап тутыныўшыларға бул энергоресурслар өз баҳасында сатылып баслайды, яғный бир бөлегин мәмлекет тәрепинен қаплаў тоқтатылады.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар
⚡️Метан заправкаларға газ жеткерип бериў тоқтатылмайтуғын болыпты

Қарақалпақстандағы бир неше каналларда, сол қатарда Халық ушын каналында “Метан заправкаларға бүгин саат 15:00 ден баслап газ жеткерип бериў тоқтатылған” деген хабарлар жайластырылды.

Бул хабардың тийкарғы дереги “Ҳудудгаз Қарақалпақстан” ГТФ мәлимлеме хызметиниң рәсмий Телеграм каналы (https://t.iss.one/hududgaz_Pressa) еди.

Бул хабар рәсмий каналдан өширилгенлиги себепли барлық каналлардан алып тасланды.

Рәсмий каналдың хабар бериўинше, республика тутыныўшыларын тәбийий газ бенен тәмийнлеўши магистрал газ тармағында жүз берген авариялық жағдай сапластырылған.

Сонлықтан, Қарақалпақстан Республикасы аймағындағы барлық автомобиллерге газ қуйыў компрессор шақапшаларына (метан заправкалар) газ жеткерип бериў бурынғысындай даўам еттириледи. Автомобиллерге газ қуйыў шақапшаларының жумысы тоқтатылмайды.

☝️Демек, рәсмий каналдан хабардың өширилгенлиги себеби усы екен
.

⚠️ Ҳүрметли “Ҳудудгаз Қарақалпақстан” ГТФ басшылары, илтимас, қарар қабыл етиў ҳәм оны жәмийетшиликке жәриялаўдан алдын “7 рет өлшеп бир кесиң”. Кейин сиз де сизге исенип хабарды тарқатқан жеке каналлар да өтирикши” атын алып жүрмейик. Газ мәселеси халық ушын ең биринши дәрежедеги актуал мәселе екенин де ядтан шығармайық!

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
❗️Қатарда жол ҳәрекети қағыйдасын бузған пуқараның машинасы жоқ қылып жиберилди

Қатар полициясы тәрепинен жолда “дрифт” қылған транспорт қуралы ҳәм оның басқарыўшысы қолға алынған.

Судтың қарары менен пуқараның қымбат баҳалы транспорт қуралы конфискация етилген (мәмлекет пайдасына алып қойылған) ҳәм арнаўлы техника арқалы жоқ қылынған.

Мағлыўмат ушын, Toyota Supra A90 машинасының (5-әўлад) базар баҳасы орташа 90-100 мың доллар турады.

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар
⚡️Мектеп ҳәм бағшаларда Жаңа жыл байрамын өткериге байланыслы көрсетпе хат

🔔 Постты мектеп ҳәм бағшаларға тарқатың

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар
❗️Балалар напақасы ямаса материаллық жәрдем тайынлаўда кимлерден «биржа труд»та дизимнен өтиў яки өзин өзи бәнт етиў талап етилмейди?

🚫 Нызамшылық бойынша, бәнтликке көмеклесиў орайында («биржа труд») дизимнен өтпеген яки өзин өзи бәнт етпеген ағзасы болған шаңараққа балалар напақасы ямаса материаллық жәрдем тайынланбайды.

⚠️ Бирақ, бул талап жоқарыдағы дизимде көрсетилген пуқараларға тийисли емес, яғный бул дизимдеги пуқаралар балалар напақасын яки материаллық жәрдемди алыуы ушын бәнтликке көмеклесиў орайында дизимнен өтиўи, өзин өзи бәнт етиўи яки ҳақы төленетуғын жәмийетлик жумысларда қатнасыўы шәрт емес.

☝️Мәселен, "Инсан" орайлары арза бериўшиниң шаңарағында усы дизимдеги шахслар болса, оларға "жумыссыз ретинде дизимнен өтпеген, өзин өзи бәнт етпеген, ҳақы төленетуғын жәмийетлик жумысларда қатнаспаған" деген себеп пенен напақа яки материаллық жәрдем тайынлаўдан бас тартыўға хақылы емес.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

📨 Юристке сораў бериў

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар
⚡️«Uzbekistan Airways» Ташкент-Нөкис-Ташкент жөнелиси бойынша 23-декабрден 7-январға шекем қосымша рейслер қойыпты

2024-жыл 23-декабрден баслап 2025-жыл 7-январға шекем Uzbekistan Airways авиакомпаниясы Ташкент-Нөкис-Ташкент жөнелиси бойынша қосымша 14 авиақатнаўды әмелге асырады. Соның менен бул рейстеги ушыў ўақытлары төмендегидей етип белгиленди:

➡️ Ташкент-Нөкис ҳәр күни саат 07:15, 13:00 ҳәм 20:00;
⬅️ Нөкис-Ташкент ҳәр күни саат 09:45, 15:30 ҳәм 22:30.

☝️Қосымша рейслер қосылғанның өзинде ҳәзирги ўақытта Ташкент-Нөкис жөнелисинде 23-29-декабрь аралығында тек 23,24,27,29-декабрь күнлери орын қалған болып, ең арзан билет 1 млн 754 мың сум екен. Ал Нөкис-Ташкент жөнелесинде усы аралықта ең арзан билет 674 833 сум.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

📨 Юристке сораў бериў

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
⚡️ Педагогларға 70 процентлик үстеме бериў жолға қойылмақта

Аттестацияда 86 ҳәм оннан жоқары балл топланған оқытыўшыларға 70% лик үстеме берилиўи мүмкин.

Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги басқарма баслығының айтыўынша, халықаралық стандартлар тийкарында маманлық сертификатына ийе болған педагогларға 70% лик үстеме берилиўи мүмкин.

Ҳәзирги күнде халықаралық шөлкемлер менен бирге ислесиў басланған. Система халықаралық аккредитациядан өткеннен кейин усы талаплар тийкарында 86 баллық нәтийже менен маманлық сертификатын алған педагоглар 70%лик үстеме алыўы мүмкин болады.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

📨 Юристке сораў бериў

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар
⚡️Қарақалпақстан Республикасы Экология министри өзгерди

Сеитова Лейли Пулатовна – Қарақалпақстан Республикасы Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм ықлым өзгериўи министри лаўазымына тайынланды.

Л.Сеитова тайынлаўдан алдын Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының депутаты, Нызамшылық палатасының Бюджет ҳәм экономикалық реформалар комитетиниң ағзасы, Нөкис районы финанс бөлиминиң баслығы ҳәм басқа да жуўапкершиликли жумысларда ислеген.

Алдын бул лаўазымда Джуманиязов Мақсуд Алланазарович ислеп келген.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар
XALÍQ USHÍN ⚖️
⚡️Енди оқыўшылар өзлериниң мектеби ушын керекли үскенени алыў яки мектепти оңлатыўға 50 млн сум утып алыўы мүмкин 📄 «Ашық бюджет» порталында «Мениң мектебим» жойбары иске түсириледи. «Өзбекстан-2030» стратегиясының «Жаслар ҳәм бизнести қоллап-қуўатлаў жылы»нда…
⚡️«Мениң мектебим» жойбары бойынша быйыл тек Кегейли районы қатнасыў ҳуқықына ийе

Кегейли районындағы мектеплердиң оқыўшылары мына портал арқалы кирип мектеби ушын керекли үскенени алыў яки мектепти оңлаў бойынша усынысын жойбар ретинде киргизиўи керек.

Жойбар қабыл етилгеннен соң сол жойбарға даўыс бериў имканы жаратылады.

☝️50 млн сумды қолдан бермең, Кегейлишилер!

Бул жойбар быйыл тест режиминде тек бир районда өткерилип атыр, кейинги жылларда басқа районлар да қатнасыў имканы болыўы жобаластырылған.

Усыныс киргизиў ушын силтеме: https://openbudget.uz/school/project-introduction

💡Қосымша мағлыўмат: мына жерде

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

📨 Юристке сораў бериў

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар
⚡️Майыплығы болған шахсларға салықлар бойынша белгиленген жеңилликлер

🔰 Салық кодексине бола, I ҳәм II топар майыплығы болған шахсларға төмендеги салықлардан жеңилликлер белгиленген:

🔹Жәми дәраматының 3,15 млн сумлық (мийнетке ҳақы төлеўдиң ең кем муғдарының 3 есеси) бөлеги дәрамат салығынан азат етилген;

🔹 Жер салығынан азат етилген;

🔹 Мал-мүлкиниң 60 м.кв. бөлеги мал-мүлк салығынан азат етилген.

☝️Бунда мал-мүлк салығы бойынша жеңиллик майыплығы болған пуқараның атындағы тек бир мал-мүлкке қолланылады.

❗️Жер салығы бойынша жеңиллик майыплығы болған пуқараның таңлаўына қарап тек бир жер участкасына қолланылады.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

📨 Юристке сораў бериў

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Кимлер пенсияға еки жыл алдын шыға алады?

“Мәмлекетлик пенсия тәмийнаты ҳаққында”ғы Нызамның 14-статьясына бола, технологиядағы, ислеп шығарыў ҳәм мийнетти шөлкемлестириўдеги өзгерислер, хызметкерлер санының (штатының) өзгериўине ямаса жумыс қәсийетиниң өзгериўине алып келген жумыс көлеминиң қысқарғанлығы ямаса кәрхананың сапластырылғанлығы себепли жумыстан босатылған ҳәм жумыссыз деп тән алынған пуқаралар:

🔸еркеклер
58 жасқа толғанда ҳәм жумыс стажы кеминде 25 жыл болғанда;
🔸ҳаяллар53 жасқа толғанда ҳәм жумыс стажы кеминде 20 жыл болғанда.

❗️Яғный, пенсия жасынан еки жыл бурын пенсияға шығыў ушын кәрханада штатлар қысқарса ямаса кәрхана улыўма жабылса, мийнет стажы кеминде еркеклер ушын 25 жыл ҳаяллар ушын 20 жыл болыўы керек.

🔰 Бундай жағдайда ертерек пенсияға шығыў ушын не ислеў керек?

1. Хызметкер “сокращение”ге түскен күннен баслап 30 күнниң ишинде бәнтликке көмеклесиў орайына (биржа труда) барып жумыс излеўши ретинде дизимнен өтеди.

2. Бәнтликке көмеклесиў орайы бул пуқараға 3 айдың ишинде еки мәрте туўры келетуғын жумысты усыныс етеди. Туўры келетуғын жумыс - бул хызметкердиң қәнигелигине, ден саўлығына туўры келетуғын, жасаў жерине узақ болмаған жумыс.

3. Туўры келетуғын жумыс табылмаса, бул пуқара жумыссыз деп дизимге алынады ҳәм тийисли формадағы усынысты 5 күнниң ишинде Пенсия қорына жибереди.

4. Пенсия қоры усы усыныс тийкарында пуқараға ўақтынан бурын пенсия тайынлайды.

☝️Егер пуқара жумыс ислеп атырған болса, ўақтынан бурын тайынланған пенсия пуқара улыўма пенсия жасына (еркеклер 60 жасқа, ҳаяллар 55 жасқа) толғанға шекем төленбейди.

🔔 Постты ҳәммеге тарқатың.

📨 Юристке сораў бериў

Каналға ағза болың
👉
@Xaliq_ushin👈🏻
⚡️Оқыўды көшириў (перевод) 20-декабрьден 20-январьға шекем әмелге асырылады

Өзбекстандағы бир ЖООнан басқасына көшириў ушын тек 2 категориядағы студентлерге рухсат бар:

👰‍♀️Студент турмысқа шықса, өмирлик жолдасының жасаў орнындағы ЖООларына;

🧑‍✈️Мәмлекетлик хызметкердиң жумыс орны өзгергенде перзенти яки өмирлик жолдасы тийисли басшы усыныснамасы менен оқыўын көшириўи мүмкин.

❗️Дыққат! Сырт елден оқыўды көшириў ушын қысқы арзалар қабыл етилмейди. Сырт елдегилер тек ғана жазда арза бериўи мүмкин.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
⚡️Кем тәмийинленген шаңарақларға айырым сатып алған товарларының 12% пулы қайтарып бериледи

Президенттиң 10.01.2024-жылдағы ПҚ-13-санлы қарарына көре, “Социаллық қорғаў бирден бир реестри”не киргизилген (кем тәмийинленген шаңарақ деп табылған) пуқаралар тәрепинен сатып алынғанда қосымша қун салығы (товар бахасының 12%) қайтарып берилетуғын азық-аўқат өнимлери (хызметлер) дизимине төмендегилер киргизилди:

✔️қой гөши;
✔️қус (таўық, үйрек, ғаз ҳ.т.б.) гөши;
✔️мал гөши;
✔️мәйек;
✔️өсимлик майы;
✔️ун;
✔️шекер;
✔️дәри-дармақ;
✔️медициналық хызмет.


☝️Бирақ қайтарылатуғын ҚҚС (кэшбэк) муғдары айына 3,7 млн сумлық қәрежеттен артып кетпеўи керек.

❗️Яғный, кем тәмийинленген шаңарақ ағзасы ун, шекер, дәри дармақларының хәм медициналық хызметтен пайдаланғанда төлейтуғын пулдың 12% (кэшбэк) бөлеги сол пуқараға қайтарып бериледи. Бирақ, бул қайтатуғын салықтың ең көп муғдары айына 450 мың сумнан аспаўы керек.

📽️ ҚҚСты қайтарып алыўдың толық тәртиби видеода.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

📨 Юристке сораў бериў


👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар
⚡️Ҳәр бир шаңарақ ийеси әпиўайы болған өрт қәўипсизлиги қағыйдаларын сақлаўы тийис:

- Жас өспирим балаларды шырпы менен ойнатпаң ҳәм сыртынан қулпырып қараўсыз қалдырмаң;

- Печ морыларының жанғыш материаллардан исленген бастырмасы 40 сантиметр қашықлықта болыўы шәрт ҳәм өз ўақтында қурымлардан тазалаў керек. Морыларда жарық болмасын;

- жылытыў қазанлары морыларын тазалатып турың ҳәм сазлығына итибәр бериң;

- Ысытыў үскенелерин жағып қараўсыз қалдырмаң ҳәм ҳәдден тысқары ысып кетиўине жол қоймаң;

- Газ үскенелеринен дурыс пайдаланың ҳәм газ ийисин сезсеңиз, электр үскенелерин қоспаң, шырпы жақпаң;

- Газ үскенелерине жақын жерге кийим-кеншеклерди кептирмең;

- Газ үскенелерине резиналы шланга жалғамаң;

- Електр ток есаплағыштағы предохранительлерди сым менен орамаң, утюг, телевизор ямаса радио кабель қабыллағышларды қойып қараўсыз қалдырмаң ҳәм балаларға исенип таслап кетпең;

- Сертификатқа ийе болмаған, ислеп шығарыўы белгисиз болған жасалма электр жылытыў үскенелеринен пайдаланбаң;

- стандарт талабына жуўап беретуғын электр жылытыў үскенелерин пайдаланғанда қараўсыз қалдырмаң;

- Өрт пайда болғанда 101 ямаса 1050 телефон номерине хабар бериң.

Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасы Мәлимлеме хызмети

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар
Жумысқа киргенине 12 ай болмаған ҳаялларға “декрет” пулы қандай муғдарда төленеди?

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 27.12.2016-жылдағы ПҚ-2699-санлы қарарына муўапық, жумысқа киргенине 12 ай толмаған ҳәм 12 айдан көбирек мүддеттен кейин жумысқа қайта шығып атырған ҳаяллар ушын ҳәмиледарлық ҳәм туўыў напақасы (“декрет пулы”) орташа айлығының 75% муғдарында төленеди.

🔰Мийнет кодексиниң 404-статьясына муўапық, ҳаялларға туўыўға шекем 70 күн, туўғаннан кейин 56 күн (туўыў процеси аўыр болғанда ямаса еки ҳәм оннан артық бала туўылғанда 70 күн) ҳәмиледарлық ҳәм туўыў (“декретный”) дем алысы бериледи ҳәм бул дәўир ушын ҳаялларға орташа айлығының 75% нен кем болмаған муғдарда напақа төленеди.

☝️Демек, жаңадан жумысқа кирип ол жерде 12 айдан аз ўақыт ислеген ҳаялларға напақа оның орташа айлығының 75% муғдарында төленеди.

💯Ал жумысында 12 айдан артық мүддет ислегенлерге ҳәмиледарлық ҳәм туўыў напақасы орташа айлығының 100% муғдарында төленеди.

📄 Ҳәмиледарлық ҳәм туўыў напақасын алыў ушын туўыў үйинен берилген мийнетке жарамсызлық бетин (больничный лист) жумыс орнына бериў керек.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

📨 Юристке сораў бериў

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар
#қарақалпақтили
⚡️Ҳәзирги күнде де актуал мақала!

«Қәтий нәзер» – қарамастан;

«Нызам үстинлиги» – нызам үстемлиги;

«Оқыў дәстүри» – оқыў бағдарламасы;

«Ҳуқықбузарлық» – ҳуқықбузыўшылық.

📑 Жуманияз аға Өтениязовтың авторлығында «Еркин Қарақалпақстан» газетасында (02.08.2011-жыл 92-саны) жазып шығарылған «Жас журналистлерди тәрбиялаў ўазыйпамыз» деп аталған мақала.

❗️Постты барлық журналистлер, блогерлер ҳәм ҳүжжетлер менен ислеўшилерге тарқатың!

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар
⚡️2025-жыл 1-марттан баслап пенсияға шығыў ушын арза берип отырыў шәрт емес

Президенттиң қарарына көре, 2025-жыл 1-марттан баслап:

✔️пенсия жасына жеткен пуқараларға пенсиялар автомат түрде, яғный ҳеш қандай ҳүжжет талап етпеген ҳалда ҳәм пуқараның арзасы соралмастан тайынланады;

✔️пуқараның шахсына тийисли барлық мағлыўматлар министрликлер ҳәм уйымлардың электрон базаларынан алынады.

📲 Бунда пенсия жасына жеткен пуқараға пенсия тайынлаў ҳаққында қарар қабыл етилгенде оның телефон номерине "пенсия тайынланғанлығы ҳәм оның муғдары" ҳаққында мағлыўмат жибериледи.

☝️Егер пуқара пенсияға шықпастан жумысын даўам еттириўди қәлесе ямаса пенсия муғдарынан наразы болса, ол автомат түрде тайынланған пенсияны бийкарлаў ҳуқықына ийе.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар