⚡️Қумар ойынлары, лотерея ҳәм букмекерликке қойылатуғын талаплар белгиленди
Енди Ставкалар ҳәм ойыншылардың бирден-бир мәмлекетлик регистри жүргизилип, ол өз ишине ойыншылар, шеклеўлер, финанслық транзакциялар ҳәм жеңислер бойынша реестрлерди алады.
Қумар ойынлары ҳәм букмекерлик иси шөлкемлестириўшисиниң устав капиталы БЕМның кеминде 150 мың есеси (56,25 млрд сум), лотерея шөлкемлестириўшисиники БЕМниң 55 мың есеси (26,62 млрд сум) муғдарында болыўы керек.
Лотереялардан жыйналған қаржылар жеңимпазларға жеңис сыпатында қағазлы лотереялар ушын кеминде 50%, электрон түрде болса кеминде 75% муғдарында төленеди.
🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.
👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар

⚡️2025-жылдан баслап мектеплердиң ана тили ҳәм тарийх пәни оқытыўшыларына 50% лик үстеме төленеди
✅ Президениттиң 21.02.2024-жылдағы ПП-37-санлы Пәрманына тийкар, 2025-жыл 1-январдан баслап Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлигине қарайтуғын улыўма орта билимлендириў мәкемелеринде ана тили ҳәм әдебияты ҳәм де тарийх пәнлери бойынша Билим ҳәм маманлықты баҳалаў агентлигиниң тийисли сертификатына ийе болған ҳәм усы пәнлерден сабақ бериўши педагог кадрларға олардың тариф ставкасының 50% муғдарында ҳәр айлық үстеме төленеди.
🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.
📨 Юристке сораў бериў

This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
️⚡️“ГАИ”диң штрафы бойынша онлайн шағымды қабыллаў хызмети иске түсти
✅ my.gov.uz порталы арқалы Жол ҳәрекети қағыйдалары бузылыўы бойынша шығарылған қарарлар ҳәм жиберилген хабарнамалар бойынша Жол ҳәрекети қәўипсизлиги хызметине электрон тәртипте шағым етиў хызмети иске түсти.
📝 Жиберилген шағым арзалары жол ҳәрекети қәўипсизлиги хызмети тәрепинен 10 жумыс күни ишинде қарап шығылады.
❗️Мүрәжат қарап шығылып атырған ўақыт даўамында жәрийма ушын белгиленген шегирме мүддети тоқтатып турылмайды.
❌ Егер шағым орынлы деп табылса, жол ҳәрекети қәўипсизлиги хызмети тәрепинен Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 271-статьясына тийкарланып ҳәкимшилик ҳуқықбузарлық ҳаққындағы жумыс жуўмақланды.
☝️Яғный, жәрийма қәте салынған болса, сол онлайн арза тийкарында жәрийма бийкарланады, бунда судқа берип отырыуға қәжет қалмайды. Егер бул жол менен де жәрийма бийкарланбаса, айдаўшы судқа шағым етиўи мүмкин.

⚡️Техникум директоры ҳәм орынбасарлары ашық таңлаў арқалы таңлап алынады
💼 Президенттиң 16.10.2024-жылдағы ПП-158-санлы Пәрманына тийкар, 2025-жыл 1-январдан баслап техникумлардың директор ҳәм директор орынбасарларына талабанларды ашық таңлаў тийкарында таңлаў тәртиби енгизиледи.
🎓Сондай-ақ, 2025/2026-оқыў жылынан белгиленген техникумларда халықаралық билимлендириў бағдарламалары енгизиледи.
🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.
👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар
💼 Президенттиң 16.10.2024-жылдағы ПП-158-санлы Пәрманына тийкар, 2025-жыл 1-январдан баслап техникумлардың директор ҳәм директор орынбасарларына талабанларды ашық таңлаў тийкарында таңлаў тәртиби енгизиледи.
🎓Сондай-ақ, 2025/2026-оқыў жылынан белгиленген техникумларда халықаралық билимлендириў бағдарламалары енгизиледи.
🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.
👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар
⚡️Енди балалар напақасы ҳәм материаллық жәрдем автомат түрде тоқтатылғанда қайта тайынлаўға берилген арза 6 айға шекем қарап шығылмайды
🔰Министрлер Кабинетиниң 21.10.2021-жылдағы 654-санлы қарарына киргизилген жаңа өзгерислерге көре, балалар напақасы яки материаллық жәрдем алып атырған шаңарақтың материаллық жағдайы үйме үй жүрип үйрениледи.
📝 Үйрениў мәканком баслығы, ҳәким жәрдемшиси, ҳаял-қызлар белсендиси, жаслар жетекшиси ҳәм “Инсан” орайының социаллық хызметкерлери тәрепинен өткерилип, акт дүзиледи.
📲 Акттеги мағлыўматлар “Социаллық қорғаў бирден бир” реестри системасына киргизиледи ҳәм система тәрепинен напақа яки материаллық жәрдемди төлеўди даўам еттириў ямаса тоқтатыў ҳаққында қарар қабыл етиледи.
❌ Егер шаңарақты үйрениў даўамында төмендегилер анықланса, онда “Социаллық қорғаў бирден бир” реестри системасы тәрепинен напақаны яки материаллық жәрдемди төлеў автомат түрде тоқтатылады:
🔻шаңарақ ағзаларында дәрамат алып келиўши бир яки оннан артық турақ емес жайы бар екенлиги;
🔻шаңарақ ағзалары меншигинде ямаса пайдаланыўында (исеним хат бойынша) ислеп шығарылғанына 12 жылдан көп болмаған жеңил автотранспорт, 15 жылдан аспаған жүк машинасы, автобус, микроавтобус, экскаватор, трактор, комбайн, тиркемелер, автокран хәм басқа қурылыс техникасын, сондай-ак, барлығы болып еки ҳәм оннан артық усындай транспорт қураллары хәм техникалары бар екенлиги;
🔻шаңарақта Өзбекстан Республикасы Қорғаныў министрлиги, Ишки ислер министрлиги, Айрықша жағдайлар министрлиги, Өзбекстан Республикасы Президентиниң мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети, Миллий гвардия, Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети, Экономика ҳәм финанс министрлиги жанындағы Бажыхана комитети, Қорғаныў министрлиги жанындағы Қорғаныў санааты агентлиги ҳәм олардың системасындағы шөлкемлердиң хызметкерлери яки олардың ери (зайыбы), балалары, сондай-ақ пенсионерлери бар екенлиги;
🔻шаңарақ судьялар ҳәм олардың шаңарақ ағзаларының пенсия тәмийнаты шәртлери, нормалары ҳәм тәртиби ҳаққындағы режеге тийкар пенсиялар менен тәмийинленгени анықланса.
🚫 Жоқарыдағы тийкарлар бойынша напақаны яки материаллық жәрдемди төлеў тоқтатылған болса, оны қайта төлеў бойынша арзалар 6 ай даўамында қарап шығылмайды. Яғный, бул шаңарақ 6 айға шекем напақа яки материаллық жәрдемге арза бере алмайды.

❗️Айырым ҳаял-қызлардың "квартира" пулы мәмлекет есабынан қаплап бериледи
✅ Президенттиң 07.03.2022-жылдағы ПП–87-санлы Пәрманына муўапық, турақ жайға мүтәж, квартирада ижара тийкарында жасап атырған ҳәм «Ҳаял-қызлар дәптери»не киргизилген жәрдемге мүтәж ҳаял-қызларға ижара ушын төлейтуғын айлық ижара төлеминиң (квартира пулының) 50%, бирақ 500 мың сумнан артық болмаған бөлеги мәмлекет тәрепинен қаплап бериледи.
📝 Ижара төлеми район (қала) ҳаял-қызлар бөлими жуўмағы тийкарында төленеди.
📑Бунда турақ жай ижарасы шәртнамасы үш тәреп, яғный ижараға алыўшы, ижараға бериўши (турақ жайдың ийеси) ҳәм район (қала) ҳаял-қызлар бөлими ортасында дүзиледи.
🗓Шәртнама бир жылға дүзиледи.
💰Ижара пулы турақ жайдың ийесине туўрыдан туўры төлеп бериледи.
☝️Егер арза бериўши ҳаял-қызлар алдын басқа бағдарламалар шеңберине, қайырқомлық яки басқа қаржылар есабынан турақ жай менен тәмийинленген ямаса турақ жай шараятларын жақсылаў бойынша жәрдем алған яки жеңилликлерден пайдаланған болса, оларға ижара пулы төлеп берилмейди.

❓Үш жасқа толмаған бала күтими дем алысынан баланың әкеси де пайдаланыўы мүмкин бе?
✅ Мийнет кодексиниң 405-статьясына бола, ҳаялларға олардың қәлеўине қарап баласы 2 жасқа толғанға шекем бала күтими ушын дем алыс бериледи ҳәм бул дәўир ушын белгиленген тәртипте напақа төленеди. Ал баласы 3 жасқа толғанға шекем ис ҳақы сақланбаған ҳалда қосымша дем алыс бериледи.
❗️Бул дем алыстан баланың әкеси, атасы, апасы ямаса балаға ҳақыйқатында қарап атырған басқа туўысқанлары, сондай-ақ қәўендери ҳәм әменгери де толық ямаса бир бөлеклерге пайдаланыўы мүмкин.
🔰Бала күтими дем алысы дәўиринде хызметкердиң жумыс орны (лаўазымы) сақланады. Бул дем алыстың 6 жылы мийнет стажына қосылады.
☝️Демек, баласы 3 жасқа толғанға шекем ҳаялларға берилетуғын дем алыстан баланың әкеси, атасы, апасы ямаса басқа туўысқаны да пайдаланыў ҳуқықына ийе. Бунда усы балаға қарап отырған ўақтында олардың лаўазымы сақланады ҳәм 6 жылы мийнет стажына қосылады.
⚠️ Егер бала күтими дем алысынан баланың әкеси ямаса басқа туўысқанлары пайдаланса, баланың анасы жумысқа шығыўы лазым болады.

❓“Деление” сабақты қосып өткен оқытыўшыға қосымша пул төлене ме?
💬Пуқарадан сораў: “Мен шет тили пәнинен сабақ беремен. Екинши группаны оқытатуғын муғаллим оқыўға кетти. Оның группасын да қосып оқытқаным ушын маған қосымша айлық төленеме?”
🔰Министрлер Кабинетиниң 21.12.2005-жылдағы 275-санлы қарарына тийкар бөлип оқытылатуғын пәнлер (“деление”) бойынша топарлардан биреўиниң оқытыўшысы түрли себеплерге көре сабақта болмаған жағдайларда топарлар қосып оқытылады ҳәм қосып оқытылғаны ушын қосымша хақы төлемлери әмелге асырылмайды.
☝️Яғный, бөлип өтилетуғын сабақтың бир топары муғаллими сабаққа келе алмай қалған ўақытлары екинши топардың муғаллими еки топарды қосып өтеди ҳәм оған қосып өткенине қосымша пул төленбейди.
🚫Демек, сораў берген пуқараның жағдайында оған қосымша пул төленбейди.

⚡️Поездлардың ўақытларына өзгерис киргизилди
❗️2024-жылдың 15-декабрь күнинен баслап жоқарыдағы жергиликли ҳәм халықаралық бағдарда ҳәрекетленетуғын жолаўшы поездлар кестесине өзгерислер киргизилди.
🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.
👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар
❗️2024-жылдың 15-декабрь күнинен баслап жоқарыдағы жергиликли ҳәм халықаралық бағдарда ҳәрекетленетуғын жолаўшы поездлар кестесине өзгерислер киргизилди.
🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.
👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар
⚡️Исбилерменликти баслаўды қәлеўши пуқараларға шәртсиз 300 миллион сумлық кредит бериледи
Президент басшылығында өткерилип атырған жыйналыста айтылыўынша, өткен 6 жылда шаңарақлық исбилерменлик бағдарламасы шеңберинде 750 мың адам кредитин ўақтында қайтарып, дәраматлы бизнеске ийе болды. Олардың 58 мың адамы жаңа кәрхана да ашты.
Банклер сынақтан өткен клиентлерин қоллап-қуўатлап, оларды киши ҳәм орта бизнес дәрежесине алып шығыўы кереклиги айтылды.
Оларға “Киши бизнести қоллап-қуўатлаў ” бағдарламасы шеңберинде шәртсиз 300 миллион сум кредит бериледи.
Бул арқалы кейинги жылларда 1,5 миллион халықты жумыслы етиў мүмкинлиги айтылды.
🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.
👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар
Президент басшылығында өткерилип атырған жыйналыста айтылыўынша, өткен 6 жылда шаңарақлық исбилерменлик бағдарламасы шеңберинде 750 мың адам кредитин ўақтында қайтарып, дәраматлы бизнеске ийе болды. Олардың 58 мың адамы жаңа кәрхана да ашты.
Банклер сынақтан өткен клиентлерин қоллап-қуўатлап, оларды киши ҳәм орта бизнес дәрежесине алып шығыўы кереклиги айтылды.
Оларға “Киши бизнести қоллап-қуўатлаў ” бағдарламасы шеңберинде шәртсиз 300 миллион сум кредит бериледи.
Бул арқалы кейинги жылларда 1,5 миллион халықты жумыслы етиў мүмкинлиги айтылды.
🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.
👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
⚡️Исбилерменлик пенен шуғылланбақшы болған пуқараларға "кредит тарийхы"н жақсылаўға жәрдем бериледи
☝️Мағлыўмат орнында, банк яки кредит шөлкеми Сизге «черный список»та екенсиз деп кредит ажыратпаса, демек сизиң «кредит тарийхы»ңыз жақсы емес.
Кредит шөлкемлери "кредит тарийхы"ндағы мағлыўматлар тийкарында пуқараның кредитти төлеўге уқыплылығын баҳалайды, яғный қарыз алыўшы алып атырған кредитин келешекте өз ўақтында ҳәм толық қайтара алыў имканияты, алдын алған кредитлерин өз ўақтында төлегенлиги, басқа кредит шөлкемлеринен (яки банклерден) ҳәзирги күндеги қарыздарлығы муғдары сыяқлы мағлыўматларды үйренип шығып, пуқараның кредит төлемлерин төлеў бойынша қай дәрежеде интизамлы ҳәм жуўапкершиликли екенлиги ҳаққында жуўмақ шығарады.
Соған қарап, егер пуқара алған кредитлерин кешиктирип төлеп жүрген яки толық қайтармай жүрген болса, оған кредит ажыратылмайды. Ал керисинше кредитин ўақтында төлеп, барлығын толық қайтарған болса, онда оның «кредит тарийхы» жақсы деп тән алынып, оған және кредит ажыратылады.

⚡️Өзбекстанда “әкелик дем алысы” белгилениўи жобаластырылмақта
Олий Мажлис Нызамшылық палатасы депутутлары Мийнет кодексине өзгерис ҳәм қосымша киргизиў ҳаққындағы нызам жойбарын қарап шықпақта.
Нызам жойбарында жумыс ислейтуғын еркеклерге перзентли болғанда, өмирлик жолдасына жәрдем бериў ҳәм перзентлерине қарап турыўы ушын 5 календарь күнлик қысқа мүддетли дем алыс берилиўи нәзерде тутылмақта.
Бунда дем алыс дәўиринде хызметкердиң жумыс орны ҳәм орташа айлық ис ҳақы сақланады.
Депутатлар бул жойбарды үйренип шығып, “әкелик дем алысын” қатаң түрде “5 календарь күн” деп емес, ал “5 календарь күннен кем болмаған муғдарда ” деп белгилениўин усыныс етти.

⚡️Нөкис қаласында ертең саат 09:00 ден 21:00 ге шекем ишимлик суўын жеткерип бериў тоқтатылады
«Нөкис» суў тазалаў қурылмасында бүгинги күнде реконструкция жумыслары шеңберинде насос станциясын ҳәм жаңадан қурылған фильтрлеў системасын иске түсириў мақсетинде усы жылдың 18-декабрь күни саат 09:00 ден 21:00 ге шекем пайтахтымыз турғынлары, исбилерменлик субъектлери ҳәм ислеп шығарыўшы кәрханаларға ишимлик суў жеткерип бериў ўақытша тоқтатылады.
🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.
👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар
«Нөкис» суў тазалаў қурылмасында бүгинги күнде реконструкция жумыслары шеңберинде насос станциясын ҳәм жаңадан қурылған фильтрлеў системасын иске түсириў мақсетинде усы жылдың 18-декабрь күни саат 09:00 ден 21:00 ге шекем пайтахтымыз турғынлары, исбилерменлик субъектлери ҳәм ислеп шығарыўшы кәрханаларға ишимлик суў жеткерип бериў ўақытша тоқтатылады.
🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.
👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар
❓Пенсия тайынлаўда ҳаяллардың бала күтиминдеги дәўири толық стажға есапланама?
✅«Пуқаралардың мәмлекетлик пенсия тәмийнаты ҳаққында»ғы Нызамның 37-статьясына бола, бала 3 жасқа толғанша бала күтими дем алысында болған дәўир пенсияны есаплаўда жумыс стажына киреди.
☝️Бирақ, бунда бала күтиминде болған жыллардың тек ғана 6 жылы жумыс стажына қосып есапланады.
🗓 Егер баланың майыплығы болса, онда усы балаға 18 жасқа толғанға шекем қарап турылған ўақыт толығы менен жумыс стажына қосып есапланады.
🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.
📨 Юристке сораў бериў
👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар
✅«Пуқаралардың мәмлекетлик пенсия тәмийнаты ҳаққында»ғы Нызамның 37-статьясына бола, бала 3 жасқа толғанша бала күтими дем алысында болған дәўир пенсияны есаплаўда жумыс стажына киреди.
☝️Бирақ, бунда бала күтиминде болған жыллардың тек ғана 6 жылы жумыс стажына қосып есапланады.
🗓 Егер баланың майыплығы болса, онда усы балаға 18 жасқа толғанға шекем қарап турылған ўақыт толығы менен жумыс стажына қосып есапланады.
🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.
📨 Юристке сораў бериў
👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар
Ген план Нөкис қаласы.pdf
2 MB
⚡️Нөкис қаласының Бас жобасы тастыйықланды
📄 Министрлер Кабинетиниң 13.12.2024-жылдағы 837-санлы қарары менен Нөкис қаласының бас жобасы жойбарының тийкарғы шешимлери тастыйықланған.
❗️Қарарға көре, 2040-жылға келип Нөкис қаласының Нөкис районы аймағына (876 гектар) кеңейиўи есапқа алынған.
✅ Сондай-ақ, Нөкис қаласының бас жобасы жойбарының тийкарғы шешимлерине көре, 2040-жылға келип:
– қаланың халқы 312 мыңнан 400 мыңға өседи;
– қаланың жер майданы 12507 гектардан 13383 гектарға кеңейеди;
– үй-жай фондының улыўма майданы 5645,3 мың кв метрден 9200 мың кв метрге өседи.
☝️Қосымша параметрлер менен бириктирилген файлдағы қарар тексти арқалы танысып алыўыңыз мүмкин.

⚡️Енди оқыўшылар өзлериниң мектеби ушын керекли үскенени алыў яки мектепти оңлатыўға 50 млн сум утып алыўы мүмкин
📄 «Ашық бюджет» порталында «Мениң мектебим» жойбары иске түсириледи. «Өзбекстан-2030» стратегиясының «Жаслар ҳәм бизнести қоллап-қуўатлаў жылы»нда әмелге асырыўға байланыслы Мәмлекетлик бағдарламаға муўапық усы жылы таңлап алынған 14 райондағы 612 мектепте сынақ тәризинде «Мениң мектебим» жойбары өткериледи.
✅ Бунда жойбар төмендеги басқышларда өткериледи:
◽️2024-жыл 18-27-декабрь күнлери – жойбарларды қәлиплестириў (10 күн);
◽️2025-жыл 2-11-январь күнлери – жойбарларды таңлап алыў (10 күн);
◽️2025-жыл 13-17-январь күнлери – даўыс бериў (5 күн).
❗️Бул жойбарда мектеплердиң 5-11-класс оқыўшылары қатнасыў имканиятына ийе болады.
💰«Мениң мектебим» жойбары шеңберинде оқыўшылар тәрепинен өзлери билим алып атырган мектепти үскенелеў ҳәм қурылыс-оңлаў жумыслары бойынша жойбарлар қәлиплестириледи ҳәм де оқыўшылар таңлаган (даўыс берген) жойбарлар қаржыландырылады. Жеңимпаз жойбарларды қаржыландырыў ушын ҳәр бир мектепке 50 миллион сумнан қаржы ажыратылады.
☝️Өз мектебиңиз ушын даўыс бериўде белсенди қатнасың!
🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың

⚡️2025-жылдан баслап шаңарақлық бағшаларға баратуғын кәмбағал шаңарақлардың балалары ушын төлемнен жеңиллик бериледи
✅ Президент Ш.Мирзиёев басшылығында өткерилген жыйналыста Өзбекстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрине 2025-жылы кәмбағаллық дәрежеси жоқары болған 1000 мәканда биреўден шаңарақлық бағшаларды шөлкемлестириў ўазыйпасы жүкленди.
☝️Сондай-ақ, кейинги жылдан баслап шаңарақлық бағшалардағы орынлардың 15 процентине кәмбағал шаңарақлардың балалары қабылланады ҳәм оларға бағша төлеминиң бир бөлеги қаплап бериледи.
🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.
👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар
✅ Президент Ш.Мирзиёев басшылығында өткерилген жыйналыста Өзбекстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрине 2025-жылы кәмбағаллық дәрежеси жоқары болған 1000 мәканда биреўден шаңарақлық бағшаларды шөлкемлестириў ўазыйпасы жүкленди.
☝️Сондай-ақ, кейинги жылдан баслап шаңарақлық бағшалардағы орынлардың 15 процентине кәмбағал шаңарақлардың балалары қабылланады ҳәм оларға бағша төлеминиң бир бөлеги қаплап бериледи.
🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.
👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
⚡️34 млрд сумлық криптоактивлер саўдасы менен шуғылланған 17 жасар жигит қолға алыныпты
Бухара ўәлаяты ишки ислер басқармасы хызметкерлери лицензия алмастан 2,6 млн долларлық криптоактивлердиң алды-саттысы менен шуғылланған жас өспиримди қолға алған.
Оған қарата Жынаят кодексиниң 278-8-статьясының 3-бөлими менен жынаят иси қозғатылып, дәслепки тергеў ҳәрекетлери басланған. Бул статьялар менен оған 3 жылдан 5 жылға шекем еркинен айырыў жазасы тайынланыўы мүмкин.
👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар
Бухара ўәлаяты ишки ислер басқармасы хызметкерлери лицензия алмастан 2,6 млн долларлық криптоактивлердиң алды-саттысы менен шуғылланған жас өспиримди қолға алған.
Оған қарата Жынаят кодексиниң 278-8-статьясының 3-бөлими менен жынаят иси қозғатылып, дәслепки тергеў ҳәрекетлери басланған. Бул статьялар менен оған 3 жылдан 5 жылға шекем еркинен айырыў жазасы тайынланыўы мүмкин.
👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар
❗️Ҳаял-қызлар 54 жаста пенсияға шығыўы мүмкин
✅ «Пуқаралардың мәмлекетлик пенсия тәмийнаты ҳаққында»ғы Нызамның 12-1-статьясына бола, кеминде 20 жыллық жумыс стажына ийе болған ҳаял-қызлар 54 жаста пенсия алыў ҳуқықына ийе.
⏳Бунда жумыс стажы усы Нызамның 37-статьясының “а”-“г”-киши бәнтлеринде көрсетилген стаждан ибарат болыўы керек.
💡Мағлыўмат ушын. Улыўма қағыйдаға муўапық, еркеклер 60 жаста 25 жыллық жумыс стажы менен, ҳаял-қызлар 55 жаста 20 жыллық жумыс стажы менен пенсияға шығыўы мүмкин.