#Тақыятас _ районы
✍️ ӨзЛиДеП Тақыятас районлық Кеңеси тәрепинен «Депутат ҳәм жаслар» атамасында районлық ҳәкимияттың мәжилислер залында ушырасыў болып өтти. Онда партияның районлық Кеңеси депутатлары, мәҳәлледеги жаслар жетекшилери ҳәм партия белсендилери қатнасты. Ушырасыўда сөзге шыққанлар мәмлекетимизде кейинги жыллары барлық тараўларда алып барылып атырған өзгерис ҳәм жаңаланыўлар, Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң Олий Мажлисге ҳәм Өзбекстан халқына жоллаған Мүрәжатнамасында өтип баратырған 2022-жыл "Инсан қәдирин улығлаў ҳәм белсенди мәҳәлле жылы"нда елимизде әмелге асырылған жумыслар, өзгерис ҳәм жаңаланыўлар, нәтийже ҳәм 2023 -жылы алдымызда турған баслы ўазыйпалар, тийкарынан 6 бағдар бойынша әҳмийетли ўазыйпалар, реже ҳәм бағдарламаларға тоқтап өтти. Сондай-ақ бир мақсет жолында бирлестирип киятырған Исбилерменлер ҳәрекети - Өзбекстан Либерал - демократиялық партиясы сиясий күш сыпатында бүгинги күнде алып барып атырған жумыслары, партияның мақсет ҳәмде ўазыйпалары бойынша мәселелер сөз етилди. Ушырасыў даўамында жаслар депутатлардың ҳуқық ҳәм мәжбүриятлары, олардың ўазыйпалары, депутатлық сораўнамаға жуўап бериў мүддети бойынша өзлерин кызықтырған сораўларына жуўаплар алды.
👉👉👉https://t.iss.one/uzlidepqr