#Жаңа_оқыў_жылы_басланды
⚡️ Нөкис қалалық халық билимлендириў бөлимине қараслы 8-санлы улыўма билим бериў мектебинде де жаңа оқыў жылының дәслепки күни – «Билимлер күни» байрамы болып өтти. Байрам илажы дәслеп Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикалары мәмлекетлик гимнлериниң жаңлаўы менен басланды. Онда сөзге шыққан Халық депутатлары Нөкис қалалық Кеңесиндеги O’zLiDeP депутатлық топары ағзасы А.Сайпова ҳәм басқалар оқыўшылар ҳәм устазларды ғәрезсизлигимиздиң 31 жыллығы ҳәм жаңа оқыў жылының басланыўы менен қутлықлады. Сондай-ақ халық ўәкили елимизде билимлендириў тараўында алып барылып атырған реформалар, жаслардың терең билим алыўы ушын жаратылып атырған имканиятлар, сондай-ақ Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ 2022-жыл 31-август күнги ПП-213-санлы Пәрманыныӊ мазмун- мәнисин ҳәм бәнтлеринде белгилеп берилген ўазыйпалар ҳаққында кеӊнен түсиник берип өтти.
👉👉👉https://t.iss.one/uzlidepqr

⚡️ Халық депутатлары Қоңырат районлық Кеңесиндеги O’zLiDeP депутатлык топары баслығы Гулжан Иембергенова ҳәм районлық медицина бирлеспе баслығы Ш.Қыдырбаевлар районлық халық билимлендириў бөлимине караслы 44-санлы улыўма билим бериў мектебиндеги байрам илажына қатнасты. Онда сөзге шыққанлар елимизде билимлендириў системасын реформалаўға, билимлендириў мәкемелериниң материаллық-техникалық базаларын беккемлеўге айрықша итибар қаратылып атырғанлығы хаққында айтып өтти. Соның менен бирге устазлар ҳәм окыўшыларды жаңа окыў жылының басланыўы менен қутлықлады. Мектепте дәслепки қәдем қойған 1-класс окыўшылары ушын арнаўлы Президентимиз саўғасы болған окыў қуралларын тапсырды.

#Жаслар _қанаты
#Жаңа _ әўлад_ кадрлары
⚡️ O’zLiDeP Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси тәрепинен Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети мәжилислер залында “Жаңа әўлад кадрлары” жойбары шеңберинде студент жаслар менен ушырасыў болып өтти. Онда Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекетлик хызметин раўажландырыў агентлиги Қарақалпақстан Республикасы филиалы бас инспекторы К.Сейтниязов, Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлигинен қәниге Н.Қутлымуратова, университеттиң студент жаслары ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты. Ушырасыўда сөзге шыққанлар соңғы жылларда елимизде әмелге асырылып атырған реформалар, әсиресе, Қарақалпақстан Республикасында исленип атырған дөретиўшилик жумыслар, соннан, жасларға ҳәм ҳаял-қызларға жаратылған имканиятлар, жасларға қаратылып атырған итибар, Президентимиз тәрепинен қабыл етилип атырған нызам, қарар ҳәм пәрманлардың әҳмийети, Президентимиздиң 213-санлы Пәрманының әҳмийети, онда белгилеп берилген баслы ўазыйпалар, коррупцияның алдын алыў, жаслар арасында ҳуқықбузарлық ҳәм жынаятшылықтың алдын алыў бағдарындағы жумыслар, партияның мақсет ҳәмде ўазыйпалары, “Жаңа әўлад кадрлары” жойбарының әҳмийети бойынша да мәселелер сөз етилди. Ушырасыў даўамында студентлер өзлерин қызықтырған сораўларына тараў қәнигелеринен тийисли жуўаплар алды. Сондай-ақ белсенди жаслар кадрлар резервине алынды ҳәм Президент китаплары тапсырылды.