#Еслетпе

⚡️Ҳүрметли пуқаралар! Жаз айларында күнниң ысып кетиўине байланыслы төмендеги қәўипсизлик қағыйдаларына әмел етиң!

-Көшелерде тез жаныўшы затлар ҳәм шығындыларды өртемең;

-газ баллонлар, тез жаныў қәсийетине ийе лак-бояў ҳәм басқада қурылыс материалларын қуяш нуры астында қалдырмаң;

-автотранспорт қуралларын қуяш нуры астында көп ўакыт қалдырмаң;

-жанар май қуйыў ыдысын ҳәм газ баллонларын газ бенен көп муғдарда толтырмаң;

-имәрат ҳәм турақ жайларда электр ток тармақларын ҳәдден тыс көп күшлениў астында пайдаланбаң;

-балаларды уйде қараўсыз қалдырмаң;

-нефть өнимлери ҳәмде жаныўшы газларды тасыў ҳәм қуйыў жумысларын күннин ыссы ўакытларында әмелге асырмаң.

Қаракалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасы

https://t.iss.one/QR_AJB
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#Еслетпе

⚡️Зәҳәрли гази реңсиз ҳәм дәмсиз болып инсан өзиниң зәҳәрленип атырғанын дәрҳал сезбейди

⚡️Ҳүрметли пуқаралар, егер сизлерде бас аўырыў яки кеўил айныўы сыяқлы жағдайлар ушырасып атырған
болса, дәрҳал

☎️ 103 Тез жәрдем;
☎️ 104 Газ хызмети;
☎️ 1050 Айрықша жағдайлар хызметине хабар
бериң.

☝️Себеби бундай жағдайда сизди зәҳәрли газ зыянлап атырған болыўы мүмкин.

⚠️ Ҳеш қашан өз басымшалық пенен емлениў ушын дәрилерди қабыл етпең. Зәҳәрли газ реңсиз ҳәм дәмсиз болып, инсан өзиниң зәҳәрленип атырғанын дәрҳал сезбейди.

Тамақтың қышыўы, бас аўырыўы, кеўилдиң айныўы сыяқлы белгилер инсанның зәҳәрли газден зыянланып атырғанлығын билдиреди. Морыларыңызды тазаламай турып, қазанханаларыңызды қоспаң!!!

Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасы Мәлимлеме ҳызмети

https://t.iss.one/QR_AJB