#Мәлимлеме
Ҳүрметли каналымыздың турақлы ағзалары ҳәм ықласбентлери!
Бәринен бурын, дерлик бир жыл даўамында Қарақалпақстан Республикасы Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлигиниң рәсмий каналы сыпатында биз бенен бирге болғаныңыз, турақлы бақлап, пикир-усыныслар билдиргениңиз ушын Сизлерге миннетдаршылық билдиремиз.
Ҳүрметли Президентимиздиң арнаўлы пәрман ҳәм қарары тийкарында Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлигинен Өзбекстан мәҳәллелери аўқамы Қарақалпақстан Республикасы басқармасының өз алдына бөлинип шығыўына байланыслы Министрликтиң телеграм тармағындағы мәнзили өзгерип, бул канал бүгиннен баслап Өзбекстан мәҳәллелери аўқамы Қарақалпақстан Республикасы басқармасына өткерилмекте.
Биз буннан былай жаңа мәнзилдеги каналымыз арқалы Басқарма ҳәм Республикамыздағы көп санлы мәҳәллеримизде "Мәҳәлле жетилик"лери тәрепинен әмелге асырылып атырған жумысларды сәўлелендирип барамыз.
Бунда әлбетте, халықты исбилерменликке бағдарлаў, бәнтлик, бос жумыс орынлары сыяқлы әҳмийетли бағдарлар нәзеримизден шетте қалмайды. Бул бойынша тийисли Министрликлер менен тығыз бирге ислесиўге келисип алғанбыз.
Сондай-ақ, Каналымыз арқалы пуқараларымыздың мүрәжатлары менен пикир-усынысларында есапқа алыў бойынша онлайн байланыслар орнатыў да режелестирилген.
Қулласы, биз мәҳәлле кесиминде Сизиң дийдиңизден шығатуғын материалларды жәриялап барыў жолында бар дөретиўшилик потенциалымызды күшке саламыз.
Ҳүрметли каналымыз ағзалары!
Буннан былай да биз бенен бирге болың ҳәм мәмлекетимиздиң өзеги болған - мәҳәллелеримиздеги ең соңғы жаңалықлар менен танысып барың!
Жаңа каналымыздың силтемесин мәҳәллелеслериңиз бенен бөлисиң!
Каналымызға ағза болың 👇👇👇
https://t.iss.one/QR_mahalle

Telegram
Мәҳәллелер аўқамы Қарақалпақстан Республикасы басқармасының рәсмий каналы
Өзбекстан мәҳәллелери аўқамы Қарақалпақстан Республикасы басқармасының рәсмий каналы