#Рәсмий_мүнәсибет

Социал тармақлардыӊ бири болған @antikorruz телеграм каналында жәрияланған видео мүрәжат бойынша рәсмий мүнәсибет.

Видео мүрәжатта ,Төрткүл районы “Шорахан” АПЖ да жасаўшы М.С атлы пуқара Төрткүл районы медицина бирлеспесиниң айырым медицина хызметкерлери ҳәрекети үстинен наразылық билдирип видео мүрәжат жоллайды.

Видео мүрәжат жәрияланған күнниӊ өзинде,Төрткүл районы медицина бирлеспеси ҳәкимшилиги тәрепинен қадағалаўға алынды.
Пуқара менен сөйлесиўлер алып барылды ҳәм медициналық бақлаўдан қайта өткерилди.
Медицина хызметкерлерине пуқара менен дурыс мүнәсибетте болмағаны ушын ескертиў берилди .


ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги
Мәлимлеме хызмети


@qrdssm
#Рәсмий_мүнәсибет

Қарақалпақстан Республикасы Төрткүл районы медицина бирлеспесиниң айырым палаталары санитариялық ҳәм гигеналық талапларға жуўап бермей турғанлығы бойынша социал тармақлар арқалы видео мүрәжат жәрияланған еди.

tg://openmessage?user_id=302158619&message_id=263184

Видео мүрәжат толық үйренилип шығылды ҳәм ҳақыйқатында да,айырым палаталарда тазалық турақлы сақланбағанлықтан санитариялық ҳәм гигеналық талаплар бузылған.
Ҳәзирги күнде медицина бирлеспесиниң барлық палаталары зыянкеслерге қарсы дәриленип, санитариялық ҳәм гигеналық талаплар орынланды.
Усындай жағдайлардың келип шығыўына себепши болған, медицина бирлеспеси хызметкерлерине-медицина бирлеспеси тәрепинен тийисли шаралар қолланды.

ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги
Мәлимлеме хызмети

@qrdssm
#Рәсмий_мүнәсибет

Қарақалпақстан Республикасы Төрткүл районы медицина бирлеспесинде түсирилген пуқараның видео мүрәжатына расмий жуўап : (https://youtu.be/JRbNyIaf5NI?si=ae_dbrwGINBsiln) пуқара өз видео мүрәжатында Төрткүл районы медицина бирлеспесиниң дийўалда илдириўли турған хабарнамалардың қәте екенлигин ҳәм бул жағдайға өзиниң ҳәм пуқаралардың арасында түсинбеўшиликлер келип шығып атырғанын айтып өтеди…

Төрткүл районы медицина бирлеспеси, видео мүрәжатқа төмендегише жуўап кайтарады.Бул жерде пуқара ҳеш қандай рухсатсыз, емлеўхнаның хирургия ҳәм басқада бөлимлерине видеоға түсириў мақсетинде кирип кеткен.Медицина бирлеспеси тәрпинен пуқараға медициналық пуллы хызметлер ҳәм бийпул дәри-дармақлар бойынша түсиник жумыслары алып барылған.Емлеўхана дийўал хабарнамалары өз ўақтында алмастырылып турылғанлығы ҳәм ҳәр бир пуқарада қандай медициналық хызмет түри бойынша сораўлар пайда болса,оларға ҳәр тәреплеме жуўаплар берилиўи тәмийнленген.

Пуқараларда басқада сораўлар, ямаса жоқары турыўшы мәкемелерге мүрәжатлары болса, арнаўлы исеним телефонлардың номерлери емлеўхананың барлық орынларында бар екенлигин хабарлаймыз.

Төрткүл районы медицина бирлеспеси

ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги
Мәлимлеме хызмети
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM