#Төрткүл_районы
#Министр_қабыллаўы

Министр С.Турманов районлық Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтликке көмеклесиў бөлиминде бир топар пуқараларды қабыллады.

Онда тийкарынан бәнтлик, соныӊ ишинде өзин-өзи бәнт етиў мақсетинде зәрүрли әспаб-үскенелер сатып алыў ушын субсидия ажыратыў мәселесинде мүрәжатлар жолланды ҳәм олар тийисли тәртипте көрип шығылды.

Нәтийжеде қосымша ўақыт талап ететуғын мүрәжатларға ҳуқықый түсиниклер берилип, 2 пуқараға бос жумыс аймақтағы бос жумыс орнына жоллама берилди.

Сондай-ақ, өз шаӊарағымда өз-өзимди бәнт етемен деген қолы гүл 7 ҳаял-қызларға  субсидия тийкарында заманагөй тигиншилик машиналары тапсырылды.

Министрликтиң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў: @QR_bantlik

Telegram 📍Instagram 📍Facebook 📍 Twitter