#jaslarkuni #онлайн #yoshlarkuni

30 июнь - Жаслар күни мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң елимиз жаслары менен ушырасыўы басланды.

Видеоконференция тәризинде өткерилип атырған ушырасыўда Нөкис қаласында шөлкемлестирилген студияда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов, Жоқарғы Кеңес депутатлары, ҳүкимет ағзалары ҳәм бир топар белсенди, билимли, инталы жаслар қатнаспақта.

https://t.iss.one/joqargikenes
----
30 июнь - Ёшлар куни муносабати билан Ўзбекистон Республикаси Президенти Шавкат Мирзиёевнинг юртимиз ёшлари билан учрашуви бошланди.

Видеоконференцалоқа тарзида ўтказилаётган учрашувда Нукус шаҳрида ташкил этилган студияда Қорақалпоғистон Республикаси Жўқорғи Кенгеси Раиси М.Камалов, Жўқорғи Кенгес депутатлари, ҳукумат вакиллари ҳамда бир гуруҳ фаол, билимли, иқтидорли ёшлар иштирок этмоқда.

https://t.iss.one/joqargikenes
Forwarded from Joqarǵi keńes.uz
#jaslarkuni #yoshlarkuni

Жаслар күни мүнәсибети менен Президент Шавкат Мирзиёев қатнасыўында өткерилген Өзбекстан жаслары ҳәм студентлери форумында жаслар ушын концерт бағдарламасы қойып берилди.

Дәслеп форум қатнасыўшылары биргеликте Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик гимнин атқарды.

Концерт бағдарламасынан орын алған миллий ҳәм жәҳән классикасынан үлгилер, жаслық, дослық, Ўатан ҳаққындағы заманагөй қосық ҳәм ойынлар илаж қатнасыўшыларына, жасларға заўық ҳәм умытылмас мәўритлерди инам етти.
__
Ёшлар куни муносабати билан Президент Шавкат Мирзиёев иштирокида ўтказилган Ўзбекистон ёшлари ва талабалари форумида ёшлар учун концерт дастури намойиш этилди.

Дастлаб форум иштирокчилари биргаликда Ўзбекистон Республикаси давлат мадҳиясини ижро этди.

Концерт дастурида ижро этилган миллий ва жаҳон классик намуналари, ёшлик, дўстлик, Ватан ҳақидаги замонавий қўшиқ ва рақслар тадбир иштирокчиларига, ёшларга завқ ва унутилмас лаҳзаларни инъом қилди.

https://t.iss.one/joqargikenes