Туберкулез даӯалы!
131 subscribers
928 photos
17 videos
68 links
Туберкулез бойынша сан-ағартыӯ билими ҳәм хабардарлықты асырыӯ.
Сораӯлар: @TB_is_curable_QA_bot
Қызықлы мағлыӯмат: @TB_myths_bot
Канал ҳаққында толық мағлыӯмат: @tbiscurable_info
ҚР ДССМ ҳәм Шегарасыз Шыпакерлер шөлкеми менен биргеликте қоспа ҳәрекети
Download Telegram
Сораў: Туберкулёз бенен кеселленген наўқасларға гөш өнимлерин көп жеўге бола ма?

Жуўап: Туберкулёз кеселлиги менен аўырған адамлар гөш өнимлерин жеўге болады. Ҳәр бир организм өзине керекли болған өнимлерди талап етеди. Деген менен организм бул өнимге тойынса оншелли қабыл ете алмайды. Демек, көп муғдарда дегениңизге қарағанда, гөш өними сизиң ушын ҳәзирги ўақытта керекли болыўы мүмкин. Мейлиңиз алғанша ҳәм сиңириўиңиз жақсы болса, қабыллаў мүмкин. Көп муғдарда дегениңиз түсиниксизлеў, себеби муғдарын анық көрсетпегенсиз.

Канал: @tb_is_curable
Қызықлы мағлыўматлар: @TB_myths_bot
Сораўлар ушын: @TB_is_curable_QA_bot
Организм әззилегенде туберкулез бенен аўырыў қәўпи артады:
- стресс жағдайларда
- надурыс аўқатланыў
- алкоголь ишиў, темеки шегиў

Канал: @tb_is_curable
Қызықлы мағлыўматлар: @TB_myths_bot
Сораўлар ушын: @TB_is_curable_QA_bot
Сораў: Мениң папам туберкулез емин алып атыр. Ҳәзир 1 ҳәптеден бери шоколад (клофазимин) дәрисин жемей атыр. Жесем қайтарып атырман дейди. Сол дәрини жеўден бас тартып атыр. Шоколад дәри қандай ўазыйпаны аткарады ҳәм оны қабылламай қалса емлениўине кери тәсир ете ме?

Жуўап: Шоколад дәри клофазимин деп аталып, ол дәриниң ўазыйпасы туберкулез таяқшасының ядросы, яғный өзегине тәсир етип бактерияны өлтиреди. Папаңыздың докторы клофазиминди қосқан болса, демек сол дәри тийкарғы бактерияны өлтиретуғын дәри болғаны ушын оны жемей қалыўға болмайды. Егер кери тәсирден жей алмай атырса онда докторыңыз бенен сөйлесиң ҳәм ол папаңызға қайтартпайтуғын, жағдайын жеңиллестиретуғын дәри береди ҳәм папаныз емлеў барысын табыслы даўам ете алады.

Канал: @tb_is_curable
Қызықлы мағлыўматлар: @TB_myths_bot
Сораўлар ушын: @TB_is_curable_QA_bot
Сораў: Дәри жеп баслағаныма 2 ай болды. Усы аралықтан баслап жөтел пайда болды. Кейин ала арқамда шаншыў да пайда болды. Бул не себептен болады?
Дәрилерди ҳәр күни өз ўақтында қалдырмастан жеймен.

Жуўап: Дурыс дәри жеп баслаганнан кейин жөтелдиң көбейиўи арқада шаншыў бақланыўы мүмкин. Себеби, оны кеселликтиң кейинги тәўир болыў фазасы деймиз. Сол дәўирге өткенде өкпеде тазаланыў процесси басланып, қалған қақырықты сыртқа шығарыў ушын организм ҳәрекет етеди. Егер дым қәўетерленсеңиз өз шыпакериңиз бенен мәсләҳәтлесип, оның жолламасы арқалы Нөкистеги фтизиатрия орайына (бурынғы туб диспансер) келип мәсләҳәт алсаңыз болады.

Канал: @tb_is_curable
Қызықлы мағлыўматлар: @TB_myths_bot
Сораўлар ушын: @TB_is_curable_QA_bot
Сораў: 2 жыллық емлеў программасынан шыққаныма 1жылдан өтти. Бирақ еле клофазимин дәрисиниң тәсири теримде бар. Қанша ўақытта тери өз қәлпине қайтады ҳәм буның ушын не ислесем болады?

Жуўап: Клофазимин тери реңин өзгертип, көпшилик наўқасларда бул қолайсызлық туўдырады. Бирақ туберкулёз кеселлигин емлеўде жақсы эффект береди. Сизиң туберкулёз кеселлигин жеңиўиңизге көп жәрдем берди деп исенемиз. Енди тери реңиңиздиң өзгерип кетип, сизге қолайсызлық сезимин көрсетип атырғаны тәбийий жағдай. Териңиздиң реңи әсте ақырын бурынғы қәлпине келеди. Буған ўақыт керек, себеби ҳәммениң организми бирдей емес. Ҳәр кимде тиклениў мүддети ҳәр қыйлы. Сиз кремлерден, тәбийий өнимлерден бетиңизге, денеңизге маскалар ислесеңиз болады.

Канал: @tb_is_curable
Қызықлы мағлыўматлар: @TB_myths_bot
Сораўлар ушын: @TB_is_curable_QA_bot
Туберкулёзди емлеў ҳаққында нелерди билиў әҳмийетли:
 Туберкулёз даўалы ҳәм Қарақалпақстанда оны емлеўдиң толық имканияты бар;
 Туберкулёзди анықлаў (диагностика), ҳәм емлениў ушын дәрилер бийпул;
 Фтизиатр­шыпакерлер (туберкулёз бойынша қәнигелер) тәрепинен буйырылған емниң өз ўақтында басланыўы ­ саўалып кетиў имканиятын арттырады.
 ТУБЕРКУЛЕЗ еми толық алынса, ол ДАЎАЛЫ КЕСЕЛЛИК! Емлениў дурыс алып басланса, еки ҳәптеден кейин жуғыў қәўпи азаяды. Муздай суў, күнниң суўық болыўы, аўыр жумыс ислеў кеселликтиң келип шығыўына себеп бола алмайды.

Канал: @tb_is_curable
Қызықлы мағлыўматлар: @TB_myths_bot
Сораўлар ушын: @TB_is_curable_QA_bot
Сораў: 2018-жылдан бери туберкулёз кеселлиги бойынша дизимде тураман. 2002-жылдан бери қантлы диабет пенен аўыраман. ДОТС та 7 ай дәри иштим. Жақын арада тағы 2 ай иштим. Ҳәзирги ўақытта өкпем аўырады. Шыпакерге тез-тезден көринип тураман. Мына вирус шыққалы бармадым. Эндокринологқа көринип, анализ тапсырып тураман. Эндокринологияда да дизимде тураман.

Жуўап: Сиз бурын емлеў программасын жуўмақлаған болсаңызда ҳәр 6 айдан көриктен өтип турыўыңыз керек. Сизде қосымша қантлы диабет кеселлиги болғаны ушын сиз жоқары риск топарға киресиз. Сизиң сахарыңыздың ҳәм анализ нәтийжелериңизди билмеймиз. Кешиктирмей өз шыпакериңизге хабарласып, поликлиникада анализ тапсырың. Шыпакериңиз бенен телефонда байланысып болсада тексерилиўиңиз керек. Сахарыңызды қадағалағаныңыз дурыс. Сахар көтерилсе тек ТБ емес ал басқада асқыныўға алып келетуғынын билсеңиз керек. Соның ушын кешиктирмей қақырық анализ тапсырыўды мәсләҳәт беремиз.

Канал: @tb_is_curable
Қызықлы мағлыўматлар: @TB_myths_bot
Сораўлар ушын: @TB_is_curable_QA_bot
Сораў: Лимфа безлери ҳаққында мағлыўмат берсеңиз? Қулақтың төменине без шықты, бир айдай болды. Бастағы күнлери азары жоқ еди. Кейин сызылдап тис аўырыўдай болып аўырды. Шыпакерден телефон арқалы консультация алдым. Буйырылған дәрилерди алдым ҳәм азары азайды. Бирақ, усласаң аўырады. Енди мен не қылсам болады? Қорқынышлы зат емес пе? Температурам 36.8-37 С болып көтерилип тур.

Жуўап: Лимфа безлериниң организмде атқаратуғын ўазыйпасының бири бул организмге түскен инфекциялардан қорғаў ҳәм оларды жоқ қылыў. Лимфа безиниң исиниў себеплери оғада көп. Ол әсиресе өзине жақын жайласқан органларға инфекция түсип, исиниў яғный кеселлениў болғанда лимфа безлери усы инфекцияны жоқ етиў фильтрлеў ушын ҳәрекет етеди. Хирург, лор шыпакерлердиң тексериўлеринен өтиўиңиз шәрт. Себеби қулақ асты лимфа түйини бас мийге жақын жайласқан.

Канал: @tb_is_curable
Қызықлы мағлыўматлар: @TB_myths_bot
Сораўлар ушын: @TB_is_curable_QA_bot
Туберкулёз – жәмийет машқаласы. Соның ушын да оның тарқалыўын тоқтатыў ушын ҳәр бир адам өзин кеселликтен қалай қорғаў кереклигин билиўи керек ҳәм бул билимди күнделикли өмирде пайдаланыўы тийис.

Канал: @tb_is_curable
Қызықлы мағлыўматлар: @TB_myths_bot
Сораўлар ушын: @TB_is_curable_QA_bot
Сораў: Өкпемниң шеп қапталы жақыннан берли ийне киргендей болып ҳәр гезде шаншып аўырады. Алдын усы жерим еди аўырған жери. Бир ай болды дәримниң тоқтағанына. Енди қорқып атырман тағы қозғалды ма екен деп, не ушын өйтип шаншып тур?

Жуўап: Сиз жақында емлеў программасынан шыққан болсаңыз ҳәзир сизде туберкулез дәрриў қозғалып кетпейди. Шеп қапталда аўырыў бар болса, бул нервлердиң исиниўинен де болыўы мүмкин. Соның ушын аймақлық шыпакериңизге көринип, оның мәсләҳәти бойынша емленгениңиз мақул.

Канал: @tb_is_curable
Қызықлы мағлыўматлар: @TB_myths_bot
Сораўлар ушын: @TB_is_curable_QA_bot
Сораў: Балаларға манту салғанда иссе нени билдиреди? Оларда туберкулез болып аўырады дегени ме? Улыўма мантудың исиўи неден болады? Оның алдын алыў ушын не ислеў керек?

Жуўап: Жер Жүзилик Денсаўлықты Сақлаў Шөлкеминиң усынысы бойынша егер балаларда манту сынамасының орны 5 мм болып иссе, онда ол «положительный» яғный балада инфекция бар дегенди билдиреди. Балада туберкулез бар я жоқлығын тек фтизопедиатрлар анықлап бере алады. Соның ушын егер манту иссе кешиктирместен фтизиопедиатрға жолығың. Себеби, балаларда инфекция қанда айланып жүрип ҳеш қандай клиникалық белгилер бермесе де бирден туб менингит формасына өтип, асқыныўлар жүзеге келиўи мүмкин.

Канал: @tb_is_curable
Қызықлы мағлыўматлар: @TB_myths_bot
Сораўлар ушын: @TB_is_curable_QA_bot
Сораў: Көкирек қәпесиниң арқа тәрепинде шаншыў болса, нени билдиреди?

Жуўап: Көкирек қәпесинде аўырыўдың болыўы бул туберкулёзден басқа кеселликлерде де жүз береди. Бирақ Сиз толық исенимге ийе болыў ушын өз шыпакериңиз бенен мәсләҳәтлесиң ҳәм қайта рентгенге түсип, көриктен өтиң.

Канал: @tb_is_curable
Қызықлы мағлыўматлар: @TB_myths_bot
Сораўлар ушын: @TB_is_curable_QA_bot
Сораў: 1-2 жыл алдын өкпемде «очаг» пайда болды ҳәм мен 6 ай регулярно дәри жедим. Кейин рентген нәтийжеси жақсы шығып, сорылып кеткен деди. Бирак ҳәзирги ўақытта арасында шаншыў болады. Салмақ қоса алмай атырман. Калай семириуге болады?

Жуўап: Семириў ушын күнине 5-6 марте дурыс рационал аўқатланыў керек. Гөш, балық өнимлери, таўықтың ақ гөши, лобия ҳәм мийўе овощь, белокқа бай аўқатлық затларды жеўиңиз керек. Сметана, қаймақ, сүтлердиң майлырақ процентке ийе болганын ишиң. Овсянка кашалар, ғоза, писте белокқа бай ҳәм пайдалы. Макарон, ири тартылған ун нанларын жең. Соның менен бирге руўхыңыз, кеўлиңиз тыныш болыўы ҳәм уйқы жақсы болыўы керек. Ҳәр күни дене шынығыўлар ислең. Суў ишиўди умытпаң. Аўқаттан, шынығыўдан алдын ҳәм кейин ярым сааттан суў ишиң.
Шыпакер көригинен өтип турыӯды мәсләҳәт етемиз. Себеби айырым кеселликлер азып кетиӯге, аӯхат жеген менен онын дурыслы сиңбей, тез шығып кетиӯине себепши болады.

Канал: @tb_is_curable
Қызықлы мағлыўматлар: @TB_myths_bot
Сораўлар ушын:@TB_is_curable_QA_bot
Жақын адамың, достың яки туўысқаның туберкулез бенен аўырып қалса не қыламыз?
- Шыпакерге көриниўин мәсләҳәт етиң
- Егер оның кеселленгени анықланса, өзиңиз шыпакер көригинен өтиң
- Жақын адамың қыйналғанда қоллап-қуўатлаң
- Емлениўин толық ақырына жеткериўи ушын көмеклесиң

Канал: @tb_is_curable
Қызықлы мағлыўматлар: @TB_myths_bot
Сораўлар ушын: @TB_is_curable_QA_bot
Сораў: Дем алыў шынығыўлары қан айланысы, өкпениң толық ислеўине пайда дейди. Мағлыўмат берсеңиз.

Жуўап: Дем алыў шынығыўларының бир қанша түри бар. Дем алыў шынығыўын тыныш отырған ҳалда ислеген мақул. Мурыннан терең дем алып (1,2,3,4 секунд) ҳәм услап тура алғаныңша демди шығармай турасыз. Кейин демди әсте ақырынлық пенен созып 8 секундқа шекем аўыздан дем шығарасыз. Буны 8-10 мәртебе қайталайсыз. Күнине 1-2 мәрте ислесеңиз болады.
Әсте ақырын 3-5 км жүриў де дем алыў системасы ушын пайдалы, бунда қан айланысы жақсыланады. Және ҳәр бир мурын тесигинен гезекпе гезек дем алыў ҳәм шығарыў пайдалы болады. Шар үплеў усылларын қоллансаңыз да болады.
Диафрагмаль дем алыў методы бар. Бунда жатқан ямаса отырған ҳалда терең дем алып қарын бослығына толтырып демди услап турасыз ҳәм тез демди бирден шығарасыз. Кейин жөтел пайда болыўы мүмкин себеби қақырықлар көшип шығып баслайды.

Канал: @tb_is_curable
Қызықлы мағлыўматлар: @TB_myths_bot
Сораўлар ушын: @TB_is_curable_QA_bot
Сораў: Плевриттиң кайталана бериўи неден болады? Ол қандай ақыбетлерге алып келеди? Дәрилерди емлениўдиң ақырына шекем қабыллап ҳәм күтинсе де ол қайталаныўы мүмкин бе?

Жуўап: Плеврит бул туберкулёз кеселлигиниң бир түри, яғный өкпеден тыс туберкулёз кеселлиги болып есапланады. Оның қайталана бериўи демек туберкулёз кеселлигинен толық емленбегенниң белгиси. Егер де шыпакерлер көрсетпелерине әмел қылып, дәрилерди ақырына шекем толық жесе плеврит қайталанбайды. Усының менен бирге наўқас рационал тәризде дурыс аўқатланыўы, ўақтында дем алыўы, аязлаўдан ҳәм грипп кеселликлеринен сақланыўы керек.

Канал: @tb_is_curable
Қызықлы мағлыўматлар: @TB_myths_bot
Сораўлар ушын: @TB_is_curable_QA_bot
Сораў: Мен сүйек туберкулёзинен 2 жыл емленип шыққанымнан соң ҳәмледар болыўға ямаса бала туўыўыма бола ма? Егер болатуғын болса, қанша ўақыттан кейин мүмкин болады?
Жуўап: Сүйек туберкулёзи менен аўырып еки жыл даўамында дәри жегенде адам организиминиң айырым органларында бир қанша өзгерислер болады. Соның менен бирге еки жыл даўамында ишкен дәрилер узақ мүддетке шекем организм тоқымаларында сақланып турады ҳәм әсте ақырын организмнен шығарылып барады. Бул процесс 2-3 жылға шекем болыўы мүмкин. Егер де ол жүкли болып, бала көриўди қәлесе оған ҳеш ким анық шеклеў бере алмайды. Наўқас шешимди өзи қабыл етеди. Бирақ соны да билиўиңиз керек: бириншиден сол ҳаял еки жыл даўамында емленди. Ол шаршады. 9 ай ҳәмлени көтериў ҳәм туўыў керек. Организимде дәрилердиң еки үш жылға шекем тәсири бар ҳәм бул дәри ҳәмлеге-балаға тәсир етиўи мүмкин.
Ең кеминде 3-4 жыл бала көтериўден сақланып турыўды мәсләҳәт берген болар едим.

Канал: @tb_is_curable
Қызықлы мағлыўматлар: @TB_myths_bot
Сораўлар ушын: @TB_is_curable_QA_bot
Сораў: Мен 6 айлық ДОТС дәрисине қосылдым ҳәм дәрилеримди қалдырмай жедим. 6 айдан соң мени дәриден шығарды. Деген менен 1 ярым айдан соң мениң анализим МЛУ ТБ БК+ болып келди. Буның себеби неден болыўы мүмкин?

Жуўап: 6 ай туберкулёз кеселлигинен емленип шыққаннан соң, қайталап көп дәриге турақлы туберкулёз формасы менен аўырыўдың себеплериниң бири көп дәриге турақлы туберкулёзи менен аўырған наўқас пенен контактта болыўы. Сиз алдын дәриге сезимтал туберкулёз бойынша ем алғансыз. Дәриге сезимтал туберкулёз көп дәриге турақлы туберкулёз формасына айланып кетпейди, тек оны ҳаўа тамшы жолы арқалы жуқтырып алған болыўыңыз керек. Шыпакериңизден толық мағлыўмат алып, емлениўиңизди мәсләҳәт етемиз.

Канал: @tb_is_curable
Қызықлы мағлыўматлар: @TB_myths_bot
Сораўлар ушын: @TB_is_curable_QA_bot
Channel name was changed to «Туберкулез даӯалы!»
Рамазан айы қутлы мүбәрек болсын!