SAWDA-SANAAT PALATASI QARAQALPAQSTAN RESPUBLIKASI BASQARMASI
531 subscribers
795 photos
78 videos
4 files
302 links
Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы

☎️+998(61) 222 15 02
☎️+998(61) 222 05 95
☎️+998(61) 222 00 58

Муражаат қылыў ушын:
Download Telegram
ҲҮРМЕТЛИ ИСБИЛЕРМЕНЛЕР!

🇺🇿Өзбекстан Саўда-санаат палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасы сизлерди усы жылдың 19-20-июль күнлери Будапешт қаласында болып өтетуғын Бизнес-форумына қатнасыўға мирәт етеди! Бул бизнес-форум Өзбекстан ҳәм Венгрия мәмлекетлери ортасындағы экономикалық шерикликти раўажландырыў мақсетинде шөлкемлестирилип атыр.

Усы мүнәсибет пенен түрли тараўларда экспорт-импорт шәртнамаларын дүзиўге ҳәм халық-аралық бирге ислесиўге қызығыўшылық билдирген жергиликли исбилерменлер усы жылдың 22-июнь сәнесине шекем Өзбекстан Саўда-санаат палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасына келип хабарласыўы ямаса төмендеги байланыс телефонларына қоңыраў етип мағлыўмат алыўына болады:

📞 +998 (93) 920-77-78

☎️ +9989 (94) 212-55-77

➡️ Өз бизнесиңизди халық-аралық бирге ислесиў менен раўажландырың!

🏢Өзбекстан Саўда-санаат палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасының мәлимлеме хызмети:

👉https://t.iss.one/sspchamberuz
МӘМЛЕКЕТИМИЗДЕГИ СЫРТҚЫ САЎДА АЙЛАНЫСЫ КӨРСЕТКИШЛЕРИ ҚАЙ ДӘРЕЖЕДЕ?

♻️ Өзбекстанның сыртқы саўда айланысы 2023-жылдың январ-май айларында 25,8 миллиард АҚШ долларын қурады.

📊 Статистика агентлиги мағлыўматларына қарағанда, 2022-жылға салыстырмалы усы жылы товар айланысы 5,2 миллиард АҚШ долларына (25,4% ке) асқан.

Өзбекстан сыртқы саўда айланысы шеңберинде бес айда экспорт 10,5 миллиард, импорт болса 15,3 миллиард АҚШ долларын қурады.

♻️ 2023-жылдың январ-май айларында Өзбекстан дүнияның 182 мәмлекети менен саўда экономикалық байланысларын беккемледи.
____

🔼Внешнеторговый оборот Узбекистана в январе-мае 2023 года составил 25,8 млрд долларов США.

По данным Агентства по статистике, товарооборот увеличился на 5,2 млрд долларов США (на 25,4%) по сравнению с аналогичным периодом 2022 года.

В объеме внешнеторгового оборота Узбекистана за пять месяцев экспорт составил 10,5 млрд, а импорт 15,3 млрд долларов США.

В январе-мае 2023 года Узбекистан вступал в торговые отношения со 182 странами мира.

🏢 Өзбекстан Саўда-санаат палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасының мәлимлеме хызмети

👉https://t.iss.one/sspchamberuz
ҲҮРМЕТЛИ ИСБИЛЕРМЕНЛЕР!

🇺🇿 Өзбекстан Саўда-санаат палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасы сизлерди усы жылдың 24-25-июнь күнлери Сырдәрья ўәлаятының Гүлистан қаласында болып өтетуғын “Өзбекстан-Қытай” бизнес форумына белсене қатнасыўға мирәт етеди!

➡️ Бул бизнес-форум Өзбекстан ҳәм Қытай мәмлекетлери ортасындағы экономикалық шерикликти раўажландырыў мақсетинде шөлкемлестирилип атыр. Илажда Қытайдың 100 ден аслам компаниясы ўәкиллери қатнасыўы режелестирилген.

Усы мүнәсибет пенен халық-аралық бирге ислесиўге, Қытай менен саўда-шериклик қатнасықларын әмелге асырыўға қызығыўшылық билдирген ири бизнес субъектлери ўәкиллери усы жылдың 2023-жыл 22-июнь күни саат 17:00 ге шекем Өзбекстан Саўда-санаат палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасына келип хабарласыўы ямаса төмендеги байланыс телефонларына қоңыраў етип мағлыўмат алыўына болады:

📞 +998 (93) 920-77-78

☎️ +9989 (94) 212-55-77

➡️ Өз бизнесиңизди халық-аралық бирге ислесиў менен раўажландырың!

🏢Өзбекстан Саўда-санаат палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасының мәлимлеме хызмети:

👉https://t.iss.one/sspchamberuz
Forwarded from Бийбисара Худайназарова
e-auksion.uz платформасы арқалы 4564 дан артық көшпели саўда жерлерин ижараға алыӊ!

🟢
Нөкис қаласы 929 (қараңыз)
🟢 Әмиўдәрья районы 306 (қараңыз)
🟢 Беруний районы 199 (қараңыз)
🟢 Бозатаў районы 132 (қараңыз)
🟢 Қараөзек районы 212 (қараңыз)
🟢 Кегейли районы 192 (қараңыз)
🟢 Қоңырат районы 336 (қараңыз)
🟢 Қаңлыкөл районы 197 (қараңыз)
🟢 Мойнақ районы 194 (қараңыз)
🟢 Нөкис районы 193 (қараңыз)
🟢 Тақыятас районы 239 (қараңыз)
🟢 Тахтакөпир районы 193 (қараңыз)
🟢 Төрткүл районы 373 (қараңыз)
🟢 Хожели районы 252 (қараңыз)
🟢 Шымбай районы 339 (қараңыз)
🟢 Шоманай районы 193 (қараңыз)
🟢 Елликқала районы 62 (қараңыз)

 🏢 Өзбекстан Саўда-санаат палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасының мәлимлеме хызмети

👉https://t.iss.one/sspchamberuz
ОНЛАЙН ОҚЫЎ СЕМИНАРЫ БОЛЫП ӨТТИ.

🌱Ҳәзирги күнде пүткил дүнья жүзи бойлап тәбият ресурсларынан үнемли пайдаланыў, азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў, суў ресурсларын тежеў актуал мәселеге айланып үлгерди. Бул бағдарда Республикамызда нәтийжели жумыслар алып барылмақта.

🇺🇿Атап өтетуғын болсақ, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 2-декабрдеги «2030-жылға шекем Өзбекстан Республикасының «жасыл» экономикаға өтиўине тийкарланған жумыслардың нәтийжелилигин асырыў бойынша ис-илажлар ҳаққында»ғы ПҚ-436-санлы қарарына муўапық усы жылдың 20-21-22-июнь күнлери «Жасыл экономикаға өтиўди режелестириў, оны әмелге асырыў нәтийжелилигин турақлы баҳалап барыў» бойынша онлайн семинар-тренинг болып өтти.

🏢 Семинарға Өзбекстан Саўда-санаат палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасының Сыртқы экономикалық искерлигине көмеклесиў бөлими баслығы А.Кутмамбетов, аймақтағы искерлик жүритип атырған исбилерменлик субьектлери қатнасты. Онлайн илажды шөлкемлестириўден тийкарғы мақсет-«жасыл» экономикаға өтиў бойынша мәмлекетлик ҳәм жеке меншик шөлкем ўәкиллериниң билим ҳәм көнликпелерин жетилистириў, олардың  технологиялық раўажланыўын беккемлеўден ибәрат.

➡️ Шөлкемлестирилген 3 күнлик онлайн оқыў курсы даўамында қатнасыўшыларға “жасыл” экономика түсиниги ҳәм абзаллық тәреплери, ана тәбиятымыз ресурсларынан үнемли пайдаланыў, мәмлекетимизде қайта тикленетуғын энергия дереклерин әмелиятқа енгизиў, “жасыл” экономиканы каржыландырыў дереклери ҳәм инструментлери, жергиликли аймақларда “жасыл” инвестицияларды қоллап қуўатлаў негизинде ислеп шығарыўдың сапасын жақсылаў бағдарында тәжирийбели тренерлердиң докладлары тыңланды.

Семинар соңында қатнасыўшы исбилерменлик субьектлери өзлериниң қызықтырған сораўларына жуўаплар алды, сондай-ақ, тәбият ресурсларынан ақылға муўапық пайдаланыўға тийкарланган әмелиятты енгизиў бойынша пикир-усынысларын айтып өтти.

🏢 Өзбекстан Саўда-санаат палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасының мәлимлеме хызмети

👉https://t.iss.one/sspchamberuz
❗️Қайтым орнына конфет ямаса саққыз қайтарыў нызамға қайшы

Саўда хызметкерлери тәрепинен қарыйдарға қайтым орнына саққыз, шырпы, чай, торақ, конфет ҳәм гигиеник салфетка сыяқлы өнимлерди, дәриханаларда болса цитрамон ҳәм басқа сол сыяқлы дәри-дармақларды бериў жағдайлары ушырасып турады. Бул нызамшылыққа тийкар саўда қағыйдаларына қарсы есапланады.

Нызамшылық бойынша бул - қарыйдарды мәжбүрлеп қосымша өним сатыў делинеди. Бундай жағдайда, исбилерменлер саўда дүканлары, супермаркетлер, улыўма аўқатланыў кәрханалары, дәриханалар, транспорт ҳәм хожалық хызмет көрсетиў кәрханаларында қарыйдарларға қайтым ушын 50, 100, 200, 500 сомлық теңге пулларды толық тәмийинлеп қойыўы шәрт. Себеби сатыўшы қарыйдарды қосымша ақша орнына қосымша товарлар сатып алыўға ямаса қосымша хызметлерден пайдаланыўға мәжбүрлеўге, соның менен бирге, көрсетилмеген хызметлер ушын ҳақы алыўға ҳақлы емес.

Усақлап сатыў саўда қағыйдаларына көре, өнимлер саўдасы менен шуғылланыў ямаса хызмет көрсетиўде сатып алынған өнимге басқа өнимлерди қосып сатыў белгиленген қағыйдаларға қарсы.

Саўда искерлиги менен шуғылланатуғын исбилерменлер усы қағыйдаларға толық әмел етиўи шәрт.

🏢 Өзбекстан Саўда-санаат палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасының мәлимлеме хызмети

👉https://t.iss.one/sspchamberuz
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
2003-жылдан 2022-жылға шекемги ең көп таркалған операцион системалар
Электромобиллерди сатып алыўшылар саны артып бармақта.

📈 Май айында жеңил электромобиллердиң сатылыўы 1,9 мың дананы қурады. Бул болса олардың сатылыў көрсеткиши  28% ке артқанлығынан дерек береди.

🏢 Өзбекстан Саўда-санаат палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасының мәлимлеме хызмети

👉https://t.iss.one/sspchamberuz
"ӨЗБЕКСТАН-ҚЫТАЙ" БИЗНЕС ФОРУМЫНДА ҚАРАҚАЛПАҚСТАНЛЫ ИСБИЛЕРМЕНЛЕР БЕЛСЕНЕ ҚАТНАСТЫ

🔹Алдын хабар бергенимиздей усы жылдың 24-25-июнь күнлери Сырдәрья ўәлаятының Гүлистан қаласында “Өзбекстан-Қытай” бизнес форумы болып өтиўи режелестирилген еди. Усы мүнәсибет пенен 25-июнь күни Гүлистан қаласының «Исбилерменлер ҳәм өнерментлер» орайында “Өзбекстан-Қытай” бизнес форумының ашылыў мәресими болып өтти.

Илажда Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары  Ж.Ходжаев, Өзбекстан Респубдикасының Сыртқы ислер министри Б.Саидов, Сырдәрья ўәлаяты ҳәкими А.Махмудалиев, бир қатар министрликтиң ўәкиллери ҳәм исбилерменлер сөзге шығып, бул өткерилип атырған илаж еки мәмлекеттиң исбилерменлик бойынша бирге ислесиўин беккемлеўине түртки болатуғынлығын айтып өтти.

➡️ “Өзбекстан-Қытай” бизнес форумында Өзбекстан Саўда-санаат палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасы Сыртқы экономикалық искерлигине көмеклесиў бөлими баслығы А.Қутмамбетов ҳәм қарақалпакстанлы бир топар исбилерменлер қатнасып, форум шеңберинде қоспа кәрханалар ҳәм жергиликли исбилерменлер тәрепинен ислеп шығарылып атырған санаат, аўыл хожалығы ҳәм де өнерментшилик бойынша шөлкемлестирилген көргизбе менен жақыннан танысып, қытайлы исбилерменлер менен бирге ислесиў бойынша бир қатар шәртнама ҳәм меморандумларға қол қойысты.

Усындай иләжлардың турақлы шөлкемлестирилиўи халық-аралық бирге ислесиўди беккемлеп, жергиликли исбилерменлердиң ислеп шығарыў бойынша искерлигин асырыўы сөзсиз.

🏢 Өзбекстан Саўда-санаат палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасының мәлимлеме хызмети

👉https://t.iss.one/sspchamberuz