Ҳүрметли исбилерменлер !!!
Сизиң жеке-меншик балалар бақшаңыз ата-аналар ушын ҳақыйқый магнитке айланыўға таярма? Дәраматты кѳбейтиўди, қызықлы жаңа хызметлерди енгизиўди ҳәм балалар бақшаңыздың абыройы асыўын қәлейсиз бе?
Онда бизиң "Success Boost: балалар бақшаларын раўажландырыў ушын тренинг"имизди өткерип жибермең-!
Бул тренинг - Сизиң балалар бақшаңызды раўажландырыў ҳәмде алдыңғы орайға айландыратуғын әжайып өзгерислердиң гилти болып есапланады. Тренингте Сиз бақшаларды басқарыў сырлары, маркетинг стратегиясын ислеп шығыў, өзине сай имидж жаратыў ҳәм инновациялық хызметлерди енгизиў арқалы өз перзентлерин бақшаңызға бермекши болған ата-аналар санын кѳбейтиў жолларын үйренесиз!
📆 Тренинг болып өтиў сәнеси: 8-июль 2023-жыл
⏰ Басланыў ўақты: саат 10:00 де
📍 Ɵткерилетуғын орын: Ɵзбекстан Саўда-санаат палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасы, 1-этаж. Мәнзил: Нѳкис қаласы, И.Каримов кѳшеси нѳмерсиз жай (бағдар: ҚР Министрлер Кеңеси имараты)
💰 Тренингте қатнасыў төлеми: 100 000 (бир жүз мың) сўм.
Тренингте қатнасыў арқалы Сиз төмендеги кѳнликпелерге ийе боласыз:
• Раўажланыў ҳәм маркетинг бойынша жетекши қәнийгелердиң усыныслары;
• Балалар бақшасының ҳәзирги жағдайын анализ етиў ҳәм жақсылаў ушын әмелий кѳнликпелер (инструменты);
• Жаңа клиентлерди тартыў, барларын сақлап қалыў ҳәмде ата-аналардың исеним дәрежесин асырыўдың тийкарғы стратегиялары;
• Бақшаңызды айрықша етип туратуғын жаңа хызметлерди енгизиў ушын илҳамлантырыўшы идеялар;
• Балалар бақшасын әўметтиң шоққысында услап турыў ушын әмелде сыналған қайта байланысты (обратная связь) басқарыў бойынша мәсләҳәтлер.
Жеке-меншик балалар бақшалары базарында жетекши болыў имканиятын қолдан жибермең! "Success Boost: балалар бақшаларын раўажландырыў бойынша тренинг"те қатнасың ҳәм балалар бақшаңызды әжайып раўажланыў пенен тәмийнлең. Ҳәзирден-ақ дизимнен өтиң ҳәм балалар бақшаңыз ушын жаңа басқыш есиклерин ашың!
Мағлыўмат ушын телефон:
📞 +998 (94) 509-26-10
Бәршеңизди тренингте қатнасыўға мирәт етемиз!
👉 https://t.iss.one/sspchamberuz

Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
ЖУМЫСҚА МИРӘТ ЕТЕМИЗ!
🇺🇿Өзбекстан Саўда-санаат палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасы Сизди төмендеги бос жумыс (вакант) орынына жумысқа мирәт етеди:
• Өзбекстан Саўда-санаат палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасы Әмиўдәрья районлық бөлими Исбилерменлик субъектлерине хызмет көрсетиў бойынша қәнийгеси (1 штат бирлигинде);
✅Талабанларға қойылатуғын талаплар: Жоқары мағлыўматлы, экономика қәнийгелиги бойынша билим ҳәм көнликпеге ийе болыўы керек (қосымша мийнет стажына ийе болыўыңыз ҳәм шет тиллерин билиўиңиз өзиңизге қосымша имкәният береди).
‼️Таңлаўда қатнасыў бойынша талабанлардың ҳүжжетлерин қабыллаў мүддети таңлаў дағаза етилген күннен баслап 15 күнди қурайды.
🏢 Мәнзил: Өзбекстан Саўда-санаат палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасы. Нѳкис қаласы, И.Каримов кѳшеси нѳмерсиз жай (бағдар: ҚР Министрлер Кеңеси имараты).
➡️ Таңлаўда қатнасыў ушын төмендеги байланыс номерлерине мурәжат етиўиңиз мүмкин;
📞 +998 (91) 380-70-77
☎️ +998 (61) 222-15-02
🏢Өзбекстан Саўда-санаат палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасының мәлимлеме хызмети;
👉https://t.iss.one/+HxApGZXKzDcwMGNi

ӘМИЎДӘРЬЯ РАЙОНЫ ИСБИЛЕРМЕНЛЕРИНИҢ МАШҚАЛАЛАРЫ ҮЙРЕНИЛДИ
🇺🇿Өзбекстан Саўда-санаат палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасы Әмиўдәрья районлық бөлими тарепинен жергиликли исбилерменлердиң машқалаларын үйрениў ҳәм оларды сапластырыў бойынша мәжилис болып өтти.
🔹Мәжилисте Әмиўдәрья районының ҳәким орынбасары Р.Салаев, Өзбекстан Саўда-санаат палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасы Әмиўдәрья районлық бөлими баслығы М.Ражабов, тийисли шөлкем ўәкиллери ҳәм исбилерменлер қатнасты.
➡️ Илаж даўамында шөлкемлестириўшилер тәрепинен жергиликли исбилерменлик искерлигин буннан былай да раўажландырыў, бизнес субъектлерин ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, исбилерменлерде ушырап атырған машқалаларды анықлаў ушын турақлы рәўиште сәўбетлер өткериў сондай-ақ, оларды өз ўақтында сапластырыў зәрүр екенлиги айтып өтилди.
✅Ушырасыўда Әмиўдәрьялық исбилерменлер өзлерин қыйнап атырган бир қанша машқалалар бойынша пикир ҳәм усыныслар билдирди. Атап айтқанда жергиликли исбилермен «Tamara textile» ЖШЖ кәрханасы директоры ҳәзирги күнде тигиўшилик пенен шуғылланып, 30 дан аслам жумыссыз ҳаял-қызларды жумыс пенен тәмийинлегенлигин, бул бағдарда исбилерменлигин және де раўажландырыў ушын субсидия алыў мәселеси бойынша әмелий жәрдем сорап мүрәжәәт етти.
➡️ Илаж шеңберинде усындай мазмундағы мүрәжәәтлер тыңланып оларға сол жердиң өзинде тийисли тараў басшылары тәрепинен мәсләҳәтлер берилди, ал айырым мазмундағы исбилерменликте ушырап атырган машқалаларды сапластырыў бойынша тийисли шөлкем басшылары тәрепинен қадағалаўға алынды.
🏢 Өзбекстан Саўда-санаат палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасының мәлимлеме хызмети
👉https://t.iss.one/sspchamberuz

Ҳүрметли исбилерменлер ҳәм бизнес тараўына қызығыўшы дослар!
Өзбекстан Саўда-санаат палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасы QR SSP Business News (👉https://t.iss.one/QR_Chamber) жаңа телеграм каналын ашты!
Елимиздеги ҳәм дүнья жүзиндеги исбилерменлик тараўындағы соңғы жаңалықларды, көргизбе ҳәм ярмаркалар, семинар-тренинглер ҳәм басқа да мағлыўматларды бақлап барыўыңыз ушын жаңа каналымызға ағза болыўыңызға мирәт етемиз!
Телеграм каналымызға төмендеги силтеме арқалы қосылыўыңыз мүмкин!
👉https://t.iss.one/QR_Chamber

Telegram
QR SSP Business News
Өзбекстан Саўда-санаат Палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасы.
Мүрәжәәт ушын телефонлар;
☎️ +998(61) 222-15-02
☎️ +998(61) 222-05-95
☎️ +998(61) 222-00-58
Мүрәжәәт ушын телефонлар;
☎️ +998(61) 222-15-02
☎️ +998(61) 222-05-95
☎️ +998(61) 222-00-58