Shimbay.uz
6.77K subscribers
32.4K photos
5.71K videos
33 files
11.7K links
Download Telegram
#Әдеп_икрамлық_қағыйдалары

✔️Жумыс ҳәм жумыстан тысқары ўақытта мәмлекетлик пуқаралық хызметшилер минез-қулықтың төмендеги улыўма қағыйдаларына әмел етиўи лазым:

🔹мәмлекетлик хызметтиң абырайына зыян жеткериўи мүмкин болған ҳәрекетлерден тыйылыў, минез-қулық нормаларына турақлы түрде әмел етиў;

🔹жуўапкершилик, кәсибине садықлық ҳәм хадаллықты күнделикли сүренине айландырыў;

🔹қурамалы ўазыйпаларды орынлаўда кәсиплеслерине жәрдемлесиў;

🔹 әлпайымлық, итибарлылық ҳәм итиятлық пенен пуқараларда мәмлекетке қарата исеним ҳәм ҳүрмет сезимин оятыў;

🔹шаңарағында саламат орталықты тәмийинлеп, шаңарақ ағзаларына турақлы түрде ғамхор болыў, перзентлеринде ўатан сүйиўшилик ҳәм басқа жоқары әдеп-икрамлық пазыйлетлерин қәлиплестириў;

🔹пуқаралардың социаллық келип шығыўы, экономикалық жағдайы ҳәм басқа тийкарларға қарамастан, олар менен бирдей, ашық, әдеп шеңберинде мүнәсибетте болыў;

🔹жәмийетте әдеп-икрамлықтың улыўма тән алынған қағыйдаларына әмел етиў.


Каналға жалғаныў 👇👇👇
@ARGOS_QR