Shimbay.uz
5.87K subscribers
28.9K photos
4.75K videos
29 files
10.7K links
Download Telegram
#Шыпакер кеңеси

Жөтел қыйнаса

Керекли өнимлер:
•250гр сүт (бир стакан)
•1 шай қасық сары май
•1 шай қасық пал
•Бир мәйек сарыўызы

Таярланыўы:
Сүтти қайнатың ҳәм быраз демге қойың. Сары май ҳәм палды қосып, араластырың.
Соң мәйек сарыўызын қосып, және
жақсылап араластырың. Бул араласпаны 5 күн ишиң.
Еслетпе: Араласпаны уйқылаўдан алдын ишиў керек.

Шымбай районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў :
https://t.iss.one/shimbayrk
#Шыпакер кеңеси

Ҳәр күни бир алма жесеңиз, "
шыпакер алдына барыўға ҳәжет жоқ"

Себеби, 1 дана алма саламат болыўыңызға үлкен жәрдем береди.

45 ккал енергияға ийе болған (100 гр) алма қурамында 45 мғ калий, 6 гр углевод, 1-2 гр клечатка, мәлим муғдарда кальций, темир, натрий, фосфор, фолат кислотасы, А, В, С, PP витаминлери, белок бар. Егер алмаға қосып 5-6 дана туқымын жесеңиз, суткалық йод муғдарына ийе боласыз.

Және бир қызық мағлыўмат 1 дана алма инсан өмирин 15 секундқа узайтады!


Шымбай районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў :
https://t.iss.one/shimbayrk
#Шыпакер_кеңеси

Аўқатланыў ушын қолай ўақыт қашан?

Таңғы ас:
Саат 07:00 - 08:00 аралығында ишиў керек. Ал, 10:00 ден кеш қалмаўы керек.

Түслик:
Саат 12:30 - 14:00 аралығында жеген мақул. Бирақ, 16:00 ден кешиктирмеў керек.

Кешки ас:
Саат 18:00 - 19:30 аралығында аўқатланың. Бирақ, 21:00 ден кеш болмасын. Кешки асты уйқылаўдан 3 саат алдын қабыл еткениңиз дурыс болады.


Шымбай районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў :
https://t.iss.one/shimbayrk
#Шыпакер_кеңеси

Ҳəптеде кеминде бир рет 5 ғоза жейтуғын адамлар орташа 7 жылға көбирек өмир көриўи тастыйықланған

Сизде азанғы шай ўақтына бул пайдалы өнимди əлбетте қосың.

Себеби мийдиң актив ислеўине де үлкен жəрдем береди.

Шымбай районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

Каналымызға ағза болың : 👉
@shimbayrk