#Билип_қойған_жақсы
❓ Наўқас болмаў ушын ыссы ҳаўада кондиционерден қалай етип дурыс пайдаланыў керек?
📍Кондиционер, әлбетте, жақсы. Бирақ бөлмеде адам көп ҳәм олардың жасы түрлише болса, онда бөлме кимдур ушын ыссы, кимгедур суўық болады.
⏫ Машқаланы шешиў ушын сиз кондиционердиң ҳаўа ағымын төбеге қаратып қойың, бунда суўық ҳаўаның жөнелистеги ағымы инсанларға зыянын тийгизбейди ҳәм температура пүтин бөлме бойлап тең тарқалады.
✅ Буннан тысқары, температураны 18 дәрежеге емес ал 21-22 дәрежеге дейин сазлаў керек, буннан пәс те емес - бул инсан денеси ушын ең жоқарғы температура. Керисинше болса ангина кеселлиги келип шығыў қәўпи пайда болады.

#Билип қойған жақсы
‒ Ҳақыйқатында да, аўқатланыў ўақтында шай ишпеўге әдетлениў керек. Себеби қара шай қурамында танин элементи бар болып, ол организм ушын керекли витаминлерди жуўып таслайды. Соның ушын да ҳаяллар арасында анемия кеселлиги көп ушырайды.
Буның алдын алыў ушын шай орнына кофе, сүтли шай, қайнаған суў, компотлар ишиң. Аўқаттан кейин бир саат өткеннен кейин, бир-еки кесе шай ишиў мүмкин. Сонда да шайдың ашшы болмаўына итибар бериң.
Соны умытпаң, шай суўыған сайын өзине тән элементлеринен айрылады. Сол себепли суўытылған шайды узағы менен 2-3 саат даўамында ишиў усыныс етиледи. Базылар, әсиресе, жаз айларында түнде шайды суўытып, ертеңине ишиў ушын таярлап қояды. Бул организм ушын зыянлы екенлигин умытпаң.
Шымбай районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
Каналымызға ағза болың : 👉 @shimbayrk

#Денсаӯлық
#Билип қойған жақсы
Писте қан уйыўына ҳәм жүрек кеселликлерине алып келиўи мүмкин.
Писте қанның қурамына тәсир етип, қанды қойыўлатыўшы қәсийетке ийе. Бул жүрек-қан тамыр системасының искерлигинде жаман ақыбетлерге алып келиўи мүмкин
Қойыў қан тромбоздың себеби болып, варикоз жағдайын сезилерли дәрежеде аўырластырыўы мүмкин.
Шымбай районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў : 👉 https://t.iss.one/shimbayrk

Кейиңги ўақытларда социаллық тармақ бетлеринде көплеген аноним профиллер арқалы рәсмий дереклерге тийкарланбастан ҳәм де тастыйықланбаған мағлыўматлар тарқатылмақта. Бундай профиль ийелерин табыў имканы дерлик жоқ есабы.
Бирақ, ийеси анық канал, группа яки жеке профиль (админ) ийелери сол мағлыўматты тарқатқаны ушын нызам шеңберинде жуўапкершилик белгиленген. Сонлықтан, шахсы тастыйықланбаған, аноним яки социаллық тармақ бетлериндеги канал, группа ҳәм гүман туўдырыўшы профильлер арқалы тарқатылып атырған мағлыўматларды блогерлер, бәрше социаллық тармақ бетлериндеги админлери ҳәм жуўапкер шахслар айрықша итибар бериўлери лазым, себеби, хабар мазмуны бойынша жуўапкершилик оларғада нызам менен жүклетилген.
Дерек: Әдиллик министрлигиниң Жәмийетшилик пенен байланыслар бөлими

Telegram | Instagram | Facebook | Twitter