#Рәўияттан
Патша айланып жүрип, өз бағманын ушыратыпты.
⸺ Айтыңшы, әдетте ислеген мийнетиңизге қанша пул аласыз? ⸺ деп сорапты оннан.
Бағман жуўап берипти:
⸺ Үш алтын теңге.
⸺ Ал, кейин бунша пулды не қыласыз?
⸺ Бир теңгени өзим ушын сарыплайман. Бир теңгени қарызыма төлеп, қалған биреўин қарыз беремен.
⸺ Түсинбедим, ⸺ деп ҳайран болды патша.
⸺ Ҳәммесин өзиңизге жумсасаңыз болмай ма? Сонша пул алар екенсиз, сизге қарыз берип, қарыз төлеўдиң не кереги бар?
⸺ Неге булай етпейин? Өйткени бул мениң миннетим ғой.
⸺ Яғный?
⸺ Яғный, мен бир алтын теңгени әкем ушын, биреўин болса балам ушын жумсаўым шәрт!
Сонда патша күлимсирепти ҳәм бағманның хызмет ҳақысын және де асырыўын буйырған екен.
Қарызларды ўақтында төлеп, ўақтында берип атырсызлар ма?
https://t.iss.one/shimbayrk