Наргиза Толыбаева Азат қызы
352 subscribers
1.66K photos
546 videos
646 links
Наргиза Толыбаева Азатовна
Download Telegram
#Ómir_sabaqlari

Өзиниң жеке өмирине ийе болмағанлар, бәрҳә басқалардиң өмирине араласады.
#Ómir_sabaqlari

Үш кисини ҳеш қашан умытпайман:

Қыйын күнимде жәрдем бергенди;

Аўыр күнде таслап кеткенди;

Сол аўыр күнди басыма салғанды!..
#Ómir_sabaqlari

Бос ыдыслар сыңғырлап сес шығарады.
Иши толы ыдыслар ондай емес!

Адамлар да сондай. Тек ақылы бос кисилер ғана шаўқым-сүрен, бақыр-шақыр қылып жүреди.

Сен олар менен тартысып, ўақтыңды зая қылма.
#Ómir_sabaqlari

Дәрўишке «Ҳәмме нәрсемнен айрылып атырғандай сезип жүрмен өзимди. Жүрегим қәтиржам емес», деди бир киси...
Дәрўиш жуўап берди:
- Тереклерге қара, ҳәр жылы жапырақларынан айрылады, лекин еле тик аяқта турыпты.
Сен сабыр ет, шүкир ет ҳәм дуўа ет...
#Ómir_sabaqlari

Турмыслық зәрүрли мәсләҳәтлер!

Өтмишиңизди тыныш қойың, бүгинги күниңиз ҳаққында ойлаң.

Өзгелер не деп ойлаўы сизди қызықтырмасын.

Ўақыт дерлик ҳәммесин емлейди. Ўақытқа азмаз ўақыт бериң

Өзиңизден басқа ҳеш ким сизиң бахтыңызға себепши бола алмайды.

Турмысыңызды басқалардың турмысы менен салыстырмаң.

Жүдә көп ойлаўды тоқтатың. Ҳәмме сораўлардың жуўабын дәрриў билиўиңиз шәрт емес.

Мыйық тартың. Сизде машқала бар дегени, бир өзиңиз дүнья уўайымларын алып жүрипсиз дегени емес ғой.

Солай емес пе...

https://t.iss.one/shimbayaydinkeleshekkeqaray
#Ómir_sabaqlari

Қызлар деп айтып атырғаныңда, әжапаң ҳәм қарындасларың бар екенин

Ҳаяллар, деп айтып атырғаныңда анаң да ҳаял екенин

Аўзыңды толтырып өсек айтып атырғаныңда еркек екениңди ҳасла умытпа!
#Ómir_sabaqlari

Ҳәр бир инсан жаўын тамшысы кибидур.

Қайсы бири ылайға, тағы қайсы бири гүл жапырағына түседи.
mir_sabaqlari

Нени дурыс деп билсең соны исле. Себеби бул тек ғана сениң өмириң. Барлық сеннен кеткен затлар негизинде ҳеш қашан саған тийисли болмаған.
Сеники болған нәрселердиң барлығы сениң менен бирге бул дүньяға келген.
Кететуғынын қойып жибер. Босат... Қасыңда қалғанды асыра.