Қарақалпақстан Республикасы прокуратурасы
1.93K subscribers
4.84K photos
472 videos
654 links
Қорақалпоғистон Республикаси прокуратураси жамоатчилик билан алоқалар ва ҳуқуқий ахборот тармоғи


👉Бош прокуратура расмий сайти: prokuratura.uz
Download Telegram
ЖАСЛАР ИСБИЛЕРМЕНЛИККЕ ОҚЫТЫЛМАҚТА

Усы жылдың 25-27-январь күнлери Нөкис қаласындағы “Жаслар орайы”нда өзиниң исбилерменлигин баслаў нийетин билдирген барлық қарақалпақстанлы жаслар ушын Қарақалпақстан Республикасы прокуратурасы басламасы менен Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы, сондай-ақ, бирге ислесиўши шөлкемлер менен биргеликте 3 күнлик оқыў-семинары шөлкемлестирилмекте.

Бундағы тийкарғы мақсет — быйылғы «Жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтың саламатлығын беккемлеў» жылында Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Өзбекстан жаслары» Форумында берген тапсырмаларын орынлаў бойынша «Жаслар: 1+1» бағдарламасы шеңберинде жаслардың бизнес басламалары, стартаплары, идеяларын жүзеге шығарыўға көмеклесиў ҳәм қоллап-қуўатлаў, бәнт болмаған жасларды мийнет базарында талап жоқары болған қәнигеликлер ҳәм бизнес жүритиў көнликпелерине оқытыўдан ибарат.

Бүгин усы оқыў-семинарының ашылыў мәресими өткерилип, онда Қарақалпақстан Республикасы прокуроры Ф.Алламбергенов ҳәм Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығы, сенатор А.Данияровлар қатнасып, жасларға семинар даўамында имканиятлардан пайдаланып, бизнес идеялар алып шығыўында табыслар тиледи.

Жасларды исбилерменликке қызықтырыў ҳәм тартыў мақсетиндеги бул 3 күнлик семинар-тренинг «Ислеп шығарыў», «Хызмет көрсетиў» ҳәм «Аўыл хожалығы» топарларына бөлинип, усы бағдарда өз бизнесин басламақшы болған жасларға бизнес режелер дүзиў, исбилерменлик субъектин мәмлекетлик дизимнен өткериў тәртиби, салық ҳәм салыққа тартыў түсиниклери сыяқлы исбилерменлик ушын әҳмийетли болған көнликпелер үйретиледи.

Семинар-тренинг жуўмағында жаслар дүзген өз бизнес режелерин презентация етеди ҳәм оларға сертификатлар берилип, өз бизнесин баслаўда кредит алыў мәселелери кепилленеди.
МУРОЖААТЛАР СТАТИСТИКАСИ

Қорақалпоғистон Республикаси прокуратураси органлари томонидан 2020 йилнинг 12 ойи давомида жисмоний ва юридик шахсларнинг мурожаатларини кўриб чиқилиши амалиёти таҳлил қилинди.

Прокуратура органларига жисмоний ва юридик шахслардан жами 15 138 та мурожаатлар келиб тушган бўлиб, уларнинг тегишлилиги бўйича 9 943 таси бевосита прокуратура органларида кўриб чиқилган.

Кўриб чиқилган мурожаатларда қайд этилган важларни 1939 таси қаноатлантирилиб, 1 863 нафар шахсларнинг бузилган ҳуқуқлари тикланиб, 7 975 таси бўйича тушунтириш берилган.

Шунингдек, прокуратура органлари ходимлари томонидан 7 825 нафар жисмоний ва юридик шахсларнинг вакиллари қабул қилиниб, ўтказилган сайёр ва оммавий қабулларда 2 160 фуқаролар қабул қилинган.

Мурожаатларни кўриб чиқиш натижасида 155 та прокурор назорати ҳужжатлари қўлланилган.

Қонунга зид ҳужжатларни бекор қилиш бўйича 48 та протест келтирилган, қонун бузилиши ҳолатларини бартараф этиш юзасидан 4 та тақдимнома киритилди, прокурорларнинг тақдимнома ва қарорлари асосида 86 нафар шахслар интизомий ва маъмурий жавобгарликка тортилди.

Судларга 192.421 млн. сўмлик зарарни ундириш бўйича 15 та даъво аризалар киритилди ва 140 млн. сўмлик етказилган моддий зарар ихтиёрий қопланган.
РӘСМИЙ МАҒЛЫЎМАТ

2021-жыл 21-январь күни саат 11:30 лар шамасында Нөкис қаласы Ишки ислер уйымлары хызметин муўапықластырыў басқармасына келип түскен хабарға көре, Нөкис қаласы 22-киши район, 8 /6-жай 27-ханасында жасаўшы пуқара Р.У.(1981 ж.т. ҳаял)дың өли денеси, адам өлтириў жынаяты белгилери менен жасаў үйинен табылған.

Усы ҳәдийсе бойынша 2021-жыл 21-январь күни Нөкис қаласы прокуратурасы тәрепинен Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 97-статьясы 1-бөлими менен жынаят иси қозғатылған.

Тергеў-оператив топары әмелге асырған кең көлемли илажлар нәтийжесинде жынаят ашылып, жынаят Нөкис қаласында жасаўшы пуқара З.М.(1979 ж.т. ҳаял) тәрепинен исленгенлиги анықланды.

Сондай-ақ, тергеў барысында анықланыўынша, пуқара З.М. мархум Р.У.дан қарызға пайыз есесине мәлим муғдарда пул алғанлығы, бирақ усы пулды өз ўақтында үстемеси менен қайтарып бере алмағанлығы, 2021-жыл 20-январь күни мархум Р.У.ның үйине келгенлиги, ҳәм ортада усы мәселеде өз-ара жәнжел келип шығып, З.М. дастурхан үстинде турған хожалық пышағы менен Р.У.ның денесиниң дус келген жерлерине урып, қасттан өлтирген.

22.01.2021-жылда пуқара З.М. Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 97-статьясы 1-бөлими менен гүманланыўшы сыпатында жынаят исине қатнастырылып, Жынаят-процессуал кодексиниң 221-статьясы тәртибинде усланды.

Жынаят ислери бойынша Нөкис қаласы судының 23.01.2021-жылғы уйғарыўына тийкар оған «қамақ» бас шарасы қолланылды.

Ҳәзирги ўақытта дәслепки тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Қорақалпоғистон Республикаси прокурори Элликқалъа туманида ёшлар билан учрашув ўтказди.
РӘСМИЙ МАҒЛЫЎМАТ

2021-жыл 27-январь күни түнги саат 01:30 ларда Ташкент ўәлаятында жасаўшы ерли-зайыплы Б.А ҳәм Ш.Ж. өз-ара жынайый тил бириктирип, Әмиўдәрья районы "Таржап" МПЖ аймағында жасаўшы Ш.Ж.ның ағайини, ерли-зайыплы Н.А. ҳәм М.Ы. ҳәм де олардың жас өспирим перзенти Д.Ҳ.ны өлтириўге қаст етип, оларға хожалық пышағы менен аўыр дене жарақатын жеткерип, ўақыя орнынан жасырынған.

Нәтийжеде, түрли дәрежедеги дене жарақатын алған жәбирлениўшилер емлеўханаға жатқызылған.

Усы ҳәдийсе бойынша Әмиўдәрья районы прокуратурасы тәрепинен Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 25, 97-статьясы 2-бөлими "а" бәнти менен жынаят иси қозғатылған.

Тергеў-оператив топары әмелге асырған кең көлемли илажлар нәтийжесинде жынаят ислеген ерли-зайыплы Б.А. ҳәм Ш.Ж. сол күни саат 16:30 ларда Қарақалпақстан Республикасы аймағынан шығып баратырған ўақтында усланған.

Жынаят ислери бойынша Әмиўдәрья районы судының 28.01.2021-жылғы уйғарыўына тийкар, ерли-зайыплы Б.А.ҳәм Ш.Ж.ға "қамақ" бас шарасы қолланылған.

Ҳәзирги ўақытта дәслепки тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Қорақалпоғистонда «1+1 дастури» лойиҳаси ижроси. 4 МБ

👉 @uzbprokuratura
ПРОКУРОР КУБОГИ УШЫН ЖАРЫС ӨТКЕРИЛДИ.

Олимпиада резервлери колледжинде гүрес бойынша 2003-2005-жыллары туўылған жаслар ҳәм қызлар арасында Нөкис қаласы прокурорының кубоги ушын жарыс болып өтти.

Нөкис қаласы прокуратурасы, Өзбекстан кураш федерациясы Қарақалпақстан Республикасы бөлими, Нөкис қалалық Денетәрбия ҳәм спорт бөлими менен биргеликте шөлкемлестирилген жарысты өткериўден мақсет, спорттың усы түрин кеңнен раўажландырыў, спортшыларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў болып табылады.

Жарыс жуўмағында улыўма командалық есапта Нөкис Олимпиада резервлери колледжиниң командасы биринши орынды жеңип алып, кубок жеңимпазы болды. Өзбекстан кураш федерациясы Қарақалпақстан Республикасы бөлиминиң командасы екинши, республикалық қәнигелестирилген Балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектеби, Өзбекстан «Ёшлик» спорт жәмийети Қарақалпақстан Республикасы бөлиминиң командалары үшинши орынды ийеледи.

Жарыс жеңимпазларын Нөкис қаласының прокуроры С.Иматов, Өзбекстан кураш федерациясы Қарақалпақстан Республикасы бөлиминиң атқарыўшы директоры С.Жүсипбеков қутлықлап, оларға диплом, медаль ҳәм баҳалы саўғалар тапсырылды.
Рәсмий мағлыўмат

Өзбекстан Республикасы Мектепке шекемги билимлендириў министрлигиниң “Инфраструктураны раўажландырыў бойынша инжиниринг компаниясы” Қарақалпақстан Республикасы филиалы – Буйыртпашы ҳәм “Max Elit Stroy” ЖШЖ – орынлаўшы ортасында 2020 жыл 11-май күни Нөкис районы “Ақманғыт” АПЖ аймағындағы 6-санлы мектепке шекемги билимлендириў мәкемеси қурылысы ушын шәртнама дүзилген.

Шәртнама шәртлериниң орынланыўы ҳәм ажыратылған бюджет пулларының мақсетли сарыпланыўы үйренилгенде, “Max Elit Stroy” ЖШЖ ҳәм Өзбекстан Республикасы Мектепке шекемги билимлендириў министрлигиниң “Инфраструктураны раўажландырыў бойынша инжиниринг компаниясы” Қарақалпақстан Республикасы филиалы лаўазымлы шахслары тәрепинен есап-фактураларға қәлбеки мағлыўмат ҳәм жазыўлар киргизиў жолы менен ҳүжжетлер қәлбекилестирилип, жәми 94 млн. сум муғдарында бюджеттен ажыратылған пуллар өзлестириў жолы талан-тараж етилгенлиги анықланды.

Усы ҳалат бойынша Қарақалпақстан Республикасы прокуратурасы тәрепинен Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң тийисли статьялары менен жынаятлы ис қозғатылды.

Ҳәзирги ўақытта дәслепки тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.
Рәсмий мағлыўмат

Төрткүл районы Халық билимлендириў бөлими менен “Жандос қурыўшы” ЖШЖ ортасында Төрткүл районы 9-санлы улыўма билим бериў мектеби имаратын ағымдағы оңлаў жумыслары ушын 12.11.2020-жылы шәртнама дүзилген.

Шәртнамаға тийкар мектеп имараты ағымдағы оңлаў жумыслары толық орынланбаған болсада, есап-фактураларға қәлбеки мағлыўмат ҳәм жазыўлар киритиў жолы менен ҳүжжетлер қәлбекилестирилип, жәми 252 млн. сум муғдарында бюджеттен ажратылған пуллар өзлестириў жолы менен талан-тараж қылынған.

Усы жағдай бойынша Департаменттиң Төрткүл районы бөлими тәрепинен Төрткүл районы Халық билимлендириў бөлими ҳәм “Жандос қурыўшы” ЖШЖ лаўазымлы шахслары қарсысына 26.01.2021-жыл Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң тийисли статьялары менен жынаятлы ис қозғатылды.

Ҳәзирги ўақытта Төрткүл районы прокуратурасы тәрепинен дәслепки тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.
Социаллық тармақларда Қанлыкөл районы 1-санлы мектепке шекемги билимлендириў мәкемесиндеги нызамбузыўшылықлар ҳаққында тарқалған видеолар бойынша РӘСМИЙ МАҒЛЫЎМАТ


Департаменттиң Қарақалпақстан Республикасы Қанлыкөл районы бөлими тәрепинен өткерилген тергеўге шекемги тексериў нәтийжелеринде Қанлыкөл районы 1-санлы мектепке шекемги билимлендириў мәкемеси лаўазымлы шахслары хызмет ўазыйпаларынан пайдаланып, мәкеме есабында болған ҳәр түрли үскенелерди талан-тараж етип, тәрбияланып атырған балалардың күнделикли тағамнамасына азық-аўқат өнимлерин қосып жазып ҳәм қәлбеки ҳүжжетлерди рәсмийлестирип жәми 64 млн. сум муғдарда бюджет пулларын растрата етиў жолы менен талан-тараж қылғанлығы анықланды.

Усы ҳалат бойынша Департаменттиң Қарақалпақстан Республикасы Қанлыкөл районы бөлими тәрепинен Қанлыкөл районы 1-санлы мектепке шекемги билимлендириў мәкемеси лаўазымлы шахслары қарсысына Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 167-статьясы 2-бөлими “г” бәнти, 209-статьясы 1-бөлими менен жынаятлы ис қозғатылды.

Ҳәзирги ўақытта Қанлыкөл районы прокуратурасы тәрепинен дәслепки тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.