MXA QARAQALPAQSTAN RESPUBLIKASÍ BASQARMASÍ
368 subscribers
4.13K photos
739 videos
28 files
2.76K links
MÁMLEKETLIK XÍZMETLER AGENTLIGI QARAQALPAQSTAN RESPUBLIKASÍ BASQARMASÍ – Управление Республики Каракалпакстан Агентства государственных услуг

☎️ 1148

📩 [email protected]

🌐 www.davxizmat.uz

📲 https://www.facebook.com/rkgosuslug/
Download Telegram
#Нызамшылықтағы_жаңалықлар
Ҳүкимет қарары (21.08.2019-ж. 704-санлы) менен Исбилерменлик субъектлерин ықтыярый сапластырыў ҳәм олардың искерлигин тоқтатыў тәртиби ҳаққындағы реже тастыйықланды.
Режеге көре, коммерциялық шөлкемлерди ықтыярый сапластырыў шөлкемлестириўшилердиң қарары менен әмелге асырылады; МХО Система жәрдеминде тийисли мағлыўматларды алады;
Сапластырылатуғын кархана финанс-хожалық искерлигиниң ең узағы менен 3 жыллық дәўири (ҳәзирде 5 жыл) тексериледи;
Дизимнен өткерилген ўақыттан баслап финанс-хожалық искерлигин әмелге асырмаған ҳәм салық қарызы болмаған кәрхананың искерлиги тексерилмейди;
Баспа сөзлерде дағазалар бериў талап етилмейди;
Коммерциялық шөлкемлер шөлкемлестириўшилери сапластырыўдың, исбилерменлик субъекти – физикалық шахс болса тоқтатыўдың қәлеген басқышында искерлигин тиклеў ҳаққында қарар қабыл етиў ҳуқықына ийе;
Усы тәртиплер 2020-жыл 1-январдан баслап күшке киреди.

Қарардың толық тексти менен lex.uz сайты арқалы танысың.

Каналға жалғаныў:
https://t.iss.one/qrmxa
#Нызамшылықтағы_жаңалықлар
Ҳүкимет қарары (21.08.2019-ж.704-санлы) менен Финанс-хожалық искерлигин әмелге асырмай атырған исбилерменлик субъектлерин мәмлекетлик реестрден шығарыў тәртиби ҳаққындағы реже тастыйықланды.
Режеге көре:
Финанс-хожалық искерлигин әмелге асырмай атырған коммерциялық шөлкемлер искерлигин ҳәрекетсиз режимге өткериў ушын төмендегилер тийкар болады:
тоғыз ай даўамында финанс-хожалық искерлиги бойынша банк есап бетлерине пул қаржыларының түспегенлиги;
тоғыз ай даўамында салық есабатлары усынылмағанлығы.
Коммерциялық шөлкемлердиң банк есап бетлерине тоғыз ай даўамында финанс-хожалық искерлиги бойынша пул қаржылары түспегенде коммерциялық банклер үш жумыс күни даўамында есапқа қойылған орындағы мәмлекетлик салық хызмети органына Система арқалы мағлыўмат усынады;
Мәмлекетлик салық хызмети органы:
коммерциялық банклерден мағлыўмат түскен ҳәм (яки) есабат тапсырыў мүддети тамамланғаннан соң үш жумыс күни даўамында тийисли мекеме ҳәм шөлкемлерди хабардар етеди;
финанс-хожалық искерлигин әмелге асырмай атырған коммерциялық шөлкемлер шөлкемлестириўшилерине ықтыярый сапластырыўды усыныс етеди. Коммерциялық шөлкемлер 10 жумыс күни даўамында ықтыярый сапластырыўға кириспеген, бас тартқан сондай-ақ, оларды анықлаў мүмкин болмаған жағдайда, Система арқалы дизимнен өткериўши органға 10 жумыс күни даўамында коммерциялық шөлкемди ҳәрекетсиз ҳалатқа өткериў ҳаққында усыныснама жибереди;
Дизимнен өткериўши орган үш жумыс күни ишинде:
Мәмлекетлик салық хызмети органларының усыныснамасына тийкар коммерциялық шөлкемди ҳәрекетсиз режимге өткереди, бул ҳаққында мәмлекетлик реестрге ҳәмде Системаға тийисли жазыў киритеди;
Коммерциялық шөлкемниң ҳәрекетсиз режимге өткерилгенлиги ҳаққында өзиниң рәсмий сайтында дағаза жайластырады;
Коммерциялық шөлкемниң шөлкемлестириўшилерине Системада коммерциялық шөлкемниң ҳәрекетсиз режимге өткерилгенлиги ҳаққында хабарнама жибереди.
Усы тәртиплер 2020-жыл 1-январдан баслап күшке киреди.

Қарардың толық тексти менен lex.uz сайты арқалы танысың.


Каналға жалғаныў:
https://t.iss.one/qrmxa