#МХО_СПОРТ
Спорт - саламатлық гиреўи!
Саламат турмыс тәризин кеӊ ен жайдырыўда дене тәрбиясы хәм спорттыӊ роли оғада әхмийетли. Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ 2020-жыл 30-октябрьдеги “Саламат турмыс тәризин кеӊнен үгит-нәсиятлаў ҳәм ғалабалық спортты буннан былайда раўажландырыў иләжлары ҳаққында”ғы Пәрманына муўапық, Нөкис қаласы Мәмлекетлик хызметлер орайында ҳәптениӊ ҳәр шемби күни спорт күни деп белгиленген. Усы мүнәсибет пенен 2021-жылдыӊ 12-июнь күни орай имаратында спорттыӊ стол тенниси хәм бадминтон түрлери бойынша орай хызметкерлерине спорт ойынлары шөлкемлестирилди.
Бундай спорт шынығыўлары жумыс ўақтында компьютер алдында узақ ўақыт отырып жумыс ислеўине туўры келетуғын хызметкерлердиӊ денсаўлығына ҳәм руўхыятына унамлы тәсир етип, жумыс нәтийжелилигин арттырыўда жәрдем береди.
Каналға ағза болыў: https://t.iss.one/qrmxa

#МХО_Спорт_Саламатлық
ДЕНЕ ТӘРБИЯСЫ ҲӘМ СПОРТ – САЛАМАТ ТУРМЫС ТӘРИЗИ ГИРЕЎИ
Спорт тек ғана инсанның емес ал путкил жәмийет кәмиллигине ерисиўде әҳмийетли фактор есапланады.
Саламат турмыс тәризин қәлиплестириў мақсетинде Спорт пенен турақлы шуғылланыўды әдетке айландырған Нөкис қаласы Мәмлекетлик хызметлер орайы 2021-жылдың 3-июль күни Тақыятас районы ҳәкимлиги командасы менен спорттың футбол түри бойынша өз-ара беллести.
Жарыс жуўмағында жеӊимпаз ҳәм сыйлы орын ийелери анықланды. Нөкис қаласының Мәмлекетлик хызметлер орайы командасы биринши орынды алыўға миясар болды.
Жарысты өткериўдеги мақсет, хызметкерлердиӊ футболға қызығыўшылығын арттырыў, саламатлығын жақсылаў менен бирге өз-ара дослық қатнасықларын беккемлеўден ибарат.