#9_май_Еслеў_ҳәм_қәдирлеў_күни
УРЫС ВЕТЕРАНЛАРЫНА ҲҮРМЕТ КӨРСЕТИЛДИ.
Мәмлекетлик хызметлер агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы ҳәм Мәмлекетлик хызметлер орайы хызметкерлери Қанлыкөл районы “Жаңа қала” АПЖ аймағында жасаўшы 97 жасты қарсы алған Наметуллаев Оразбай ата ҳәм Хожели районы Жанқоңырат МПЖ да кекселик дәўирин сүрип атырған екинши жәҳән урыс қатнасыўшысы 96 жасты қарсы алған Исаков Нурылла аталардың ҳалынан хабар алыў мақсетинде нураныйлердиң шаңарақларында болды.
Тараў қәнийгелери урыс қатнасыўшыларын қутлықлап, естелик саўғаларын тапсырды.
Сол жердиң өзинде ҳәр еки шаңараққа орай хызметкерлери тәрепинен көшпели мәмлекетлик хызметлер көрсетилди.
Кексе нураныйлер көрсетилип атырған итибар ҳәм ғамхорлық ушын миннетдаршылық билдирип, өзлериниң ақ пәтияларын берди.
Каналға ағза болыў: https://t.iss.one/qrmxa

ЕСЛЕӮ- УЛЛЫ ҚӘДИРИЯТ!
Бүгин мәмлекетимизде еслеӯ ҳәм қәдирлеӯ күни кең түрде белгиленбекте. Беккем күш-жигер ҳәм мәртлик үлгисин әмелде сәӯлелендирип, ѳз ѳмирин Ӯатанымыздың ҳәр тәреплеме раӯажланыӯы, бүгинги тыныш ҳәм пәраӯан күнлер ушын жанын пидә қылған ата-бабаларымызды еслеӯ, ең уллы инсәний пазыйлетлердиң бири.
Қоңырат районы Мәмлекетлик хызметлер орайы тәрепинен де Қоңырат районы «Қумбыз» МПЖ турғыны екинши жәҳән урысы қатнасыӯшысы 100 жасты қарсы алған Ҳожаметов Қудайберген атаның ҳалынан хабар алынды.
Тараӯ қәнигелери урыс қатнасыӯшысы менен сәӯбетте болып, оның жасларға үлги болатындай ѳмир жолы менен танысты ҳәм байрам мүнәсибети менен қутлықлап, байрам саӯғаларын тапсырды.
Кексе нураный кѳрсетилип атырған бундай итибар ҳәм ғамхорлықтан миннетдар болып, тараӯ қәнигелерине алғыслар айтты ҳәм ѳзиниң ақ пәтияларын берди.

Қараөзек районы Мәмлекетлик хызметлер орайы хызметкерлери тәрепинен «Еслеў ҳәм қәдирлеў» күни алдынан Қараөзек районы “А.Досназаров” АПЖ да жасаўшы, Екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшысы Генжемурат ата Алланиязовтың шаңарағында болып, ҳалынан хабар алынды.
Нураныйды 9-май “Еслеў ҳәм қәдирлеў күни” байрамы сондай-ақ, Екинши жер жүзилик урыста фашизм үстинен ерисилген жеңистиң 76 жыллығы менен қызғын қутлықлап, байрам саӯғаларын тапсырды.
Өз гезегинде Генжемурат ата Алланиязовта урыс қатнасыўшыларына көрсетилип атырған бундай айрықша ғамқорлығы ушын Президентимизге шексиз миннетдаршылық билдирип, турмысымыз буннан да абат, перзентлеримиздиң бахытлы болыўын тиледи. Халқымыздың бүгинги қыйыншылықларды да жеңип шығыўына беккем исеним билдирди.

Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#9_май_Еслеў_ҳәм_қәдирлеў_күни
9-май - «Еслеў ҳәм қәдирлеў» күни «ИНСАН ӘЗИЙЗ – ЕСЛЕЎ МУҚАДДЕС!»
Халқымыз Екинши жер жүзлик урыстыӊ аўыр жылларында күнди-күн, түнди-түн деместен, машақатлы мийнет етип, фронт ушын, жеӊис ушын мүнәсип үлес қосты. Олардың урыс жылларындағы машақатлы өмири, көрген қыйыншылықлары биз ушын, келешек әўлад ушын үлкен сабақ болып, бүгинги күнимиздиң қәдирине жетиўге шақырады.
Аяўсыз урыста саўаш майданларында қурбан болған ата-бабаларымыздыӊ өшпес аты, олардың мәртлиги, пидайылығы, өз ели, ата-анасы, перзентлерине болған шексиз меҳир-мухаббаты елимиз тарийхында, халқымыздың қәлбинде мәнги сақланады.
Қәдирли ҳәм ҳүрметли ўатанласлар!
9-май Еслеў ҳәм қәдирлеў күни менен шын жүректен қутлықлайман. Бәршеӊизге денсаўлық, бахыт, абаданлық, бир-биреўге мийрим-шәпәәт, ашық аспан, ислериӊизде рәўаж тилеймен!
Ҳүрмет пенен,
К.Артыков
Мәмлекетлик хызметлер агентлиги
ҚР басқармасы баслығы