Salıq xızmeti xabarları
3.21K subscribers
8.67K photos
2.16K videos
163 files
7.5K links
Tarawǵa baylanıslı múrájatlardı jollaw ushın: @saliq_murajat_bot

Instagram https://www.instagram.com/saliq_xabarlari
Facebook https://www.facebook.com/saliqxabarlari
Youtube https://www.youtube.com/channel/UCs9W8hHE


Maģlìwmat ushın tel: (61) 222-00-33
Download Telegram
#сораў_жуўап
#нызамшылықтағы_жаңалықлар

⚡️“Бала пулы”нан салық: оны қайтарыў мүмкинбе?

Хабарыңыз бар, жаңа редакциядағы (2020-жыл 1-январьдан баслап күшке кирген) Салық кодексиниң 369-статьясына муўапық социаллық қамсызландырыў атап айтқанда, ҳәмиледарлық ҳәм бала туўылғанда берилетуғын напақа ҳәм туўыў напақалары физикалық шахслардан алынатуғын дәрамат салығын есаплаўда жәми дәраматлар қурамына киритилмейди.


Нызам ҳүжжетлерине көре берилетуғын басқа түрдеги атап айтқанда, 14 жасқа шекемги балалары болған шаңарақларға сондай-ақ, бала еки жасқа толғанға шекем бала тәрбиясы бойынша аналарға берилетуғын напақалар Салық кодексине тийкар, физикалық шахслардан алынатуғын дәрамат салығын есаплаўда жәми дәраматқа киритилмеген. Президентимиздиң 2020-жыл 20-июль сәнесиндеги “Коронавирус пандемиясының унамсыз тәсирин азайтыў ушын халық, исбилерменлик субъектлери, улыўма аўқатланыў, саўда ҳәм хызметлер тараўын қоллап-қуўатлаўдың қосымша илажлары ҳаққында”ғы ПП–6029-санлы Пәрманында бул напақалар ҳәм ❗️ физикалық шахслардан алынатуғын дәрамат салығына тартылмаслығына анықлық киритилди.


Усы мүнәсибет пенен, жоқарыда көрсетилген напақалар бойынша физикалық шахслардан алдын услап қалынған ҳәм өткерилген ( сондай-ақ, 2020-жыл 1-апрельден баслап) ✔️ физикалық шахслардан алынатуғын дәрамат салығы суммалары қайта есаплап шығылыўы мүмкин ҳәм кейиншелли усы пуллар напақа алыўшыларға төлениўи шәрти менен салық агентине қайтарылады.

Азиз Хашимов,
МСК Салық салыў бойынша мәсләҳәт басқармасы баслығы.

______________________________

#савол_жавоб
#қонунчиликдаги_янгиликлар

⚡️“Бола пули”дан солиқ: уни қайтариш мумкинми?

Маълумки, янги таҳрирдаги (2020 йил 1 январдан кучга кирган) Солиқ кодексининг 369-моддасига мувофиқ ижтимоий суғурта хусусан, ҳомиладорлик ва бола туғилганда бериладиган нафақа ҳамда туғиш нафақалари жисмоний шахслардан олинадиган даромад солиғини ҳисоблашда жами даромадлар таркибига киритилмайди.


Қонун ҳужжатларига кўра бериладиган бошқа турдаги хусусан, 14 ёшгача болалари бўлган оилаларга, шунингдек, бола икки ёшга тўлгунга қадар бола парвариши бўйича оналарга бериладиган нафақалар Солиқ кодексига кўра, жисмоний шахслардан олинадиган даромад солиғини ҳисоблашда жами даромадга киритилмаган. Президентимизнинг 2020 йил 20 июлда имзоланган “Коронавирус пандемиясининг салбий таъсирини камайтириш учун аҳоли, тадбиркорлик субъектлари, умумий овқатланиш, савдо ва хизматлар соҳасини қўллаб-қувватлашнинг қўшимча чора-тадбирлари тўғрисида”ги ПФ-6029-сонли Фармонида мазкур нафақалар ҳам ❗️жисмоний шахслардан олинадиган даромад солиғига тортилмаслигига аниқлик киритилди.


Шу муносабат билан, юқорида кўрсатилган нафақалар бўйича жисмоний шахслардан илгари ушлаб қолинган ва ўтказилган (шу жумладан, 2020 йил 1 апрелдан бошлаб) ✔️ жисмоний шахслардан олинадиган даромад солиғи суммалари қайта ҳисоблаб чиқилиши мумкин ва кейинчалик ушбу пуллар нафақа олувчиларга тўланиши шарти билан солиқ агентига қайтарилади.

Азиз Хашимов,
ДСҚ Солиқ солиш бўйича маслаҳат бошқармаси бошлиғи.
Каналға ағза болыў: @qrmsb
#сораў_жуўап
#нызамшылықтағы_жаңалықлар

⚡️“Бала пулы”нан салық: оны қайтарыў мүмкинбе?

Хабарыңыз бар, жаңа редакциядағы (2020-жыл 1-январьдан баслап күшке кирген) Салық кодексиниң 369-статьясына муўапық социаллық қамсызландырыў атап айтқанда, ҳәмиледарлық ҳәм бала туўылғанда берилетуғын напақа ҳәм туўыў напақалары физикалық шахслардан алынатуғын дәрамат салығын есаплаўда жәми дәраматлар қурамына киритилмейди.


Нызам ҳүжжетлерине көре берилетуғын басқа түрдеги атап айтқанда, 14 жасқа шекемги балалары болған шаңарақларға сондай-ақ, бала еки жасқа толғанға шекем бала тәрбиясы бойынша аналарға берилетуғын напақалар Салық кодексине тийкар, физикалық шахслардан алынатуғын дәрамат салығын есаплаўда жәми дәраматқа киритилмеген. Президентимиздиң 2020-жыл 20-июль сәнесиндеги “Коронавирус пандемиясының унамсыз тәсирин азайтыў ушын халық, исбилерменлик субъектлери, улыўма аўқатланыў, саўда ҳәм хызметлер тараўын қоллап-қуўатлаўдың қосымша илажлары ҳаққында”ғы ПП–6029-санлы Пәрманында бул напақалар ҳәм ❗️ физикалық шахслардан алынатуғын дәрамат салығына тартылмаслығына анықлық киритилди.


Усы мүнәсибет пенен, жоқарыда көрсетилген напақалар бойынша физикалық шахслардан алдын услап қалынған ҳәм өткерилген ( сондай-ақ, 2020-жыл 1-апрельден баслап) ✔️ физикалық шахслардан алынатуғын дәрамат салығы суммалары қайта есаплап шығылыўы мүмкин ҳәм кейиншелли усы пуллар напақа алыўшыларға төлениўи шәрти менен салық агентине қайтарылады.
#Нызамшылықтағы_жаңалықлар

⚡️ Рухсат бериў қәсийетине ийе бир қатар ҳүжжетлер бийкар болмақта

«Лицензиялаў ҳәм рухсат бериў тәртип-қағыйдаларын түптен жетилистириў ис-илажлары ҳаққында»ғы Президент Пәрманы қабыл етилди.

🔰 Пәрманға муўапық, 2021-жыл 1-январьдан баслап:

👉 37 лицензия ҳәм 10 рухсатнама бийкар етиледи;
👉 16 лицензия ҳәм 11 рухсатнама бирлестириў жолы менен бийкар етиледи;
👉 17 лицензия ҳәм 14 рухсатнамалар хабардар етиў тәртиби енгизилиў жолы менен бийкар етиледи;
👉 14 түрдеги лицензия ҳәм рухсатнамаларды рәсмийлестириў мүддетлери еки есеге қысқартылады;
👉 115 лицензия ҳәм рухсат бериў қәсийетине ийе ҳүжжетлерди алыў тәртип-қағыйдалары еледе әпиўайыластырылады.

Пәрманға көре, хабардар етиў тәртиби енгизилген искерлик (ҳәрекет) ушын рәсмийлестирилген лицензия ямаса рухсат етиў қәсийетине ийе ҳүжжетлердиң әмел етилиўи өз күшинде қалады ҳәм усы искерлик (ҳәрекет)ти әмелге асырыў ушын ўәкилликли уйымды хабардар етиў талап етилмейди.

🔰 2021-жыл 1-январьдан баслап:

👉 туризм искерлигин лицензиялаўда туроператорлар хызметлерин сертификатлаў ықтыярий етип белгиленеди.

👉 төмендегилер бийкар етиледи:

• кредит бюролары искерлигин лицензиялаўда кеминде 10 коммерциялық банк пенен кредит алмасыўын әмелге асырыўға разылығын тастыйықлаўшы ҳүжжет бар болыў талабы;

• дәрилик затлар ҳәм медициналық буйымларды усақлап реализация етиў искерлигин лицензиялаўда усы искерлик ушын лицензияға болған юридикалық шахслар тәрепинен олардың тап сондай искерлик пенен шуғылланыўшы филиаллары шөлкемлестирилгенде ҳәр бир филиал мәнзилин тийкарғы лицензияда көрсетиў әмелиятын енгизиў арқалы филиалларға айырықша лицензия рәсмийлестириў әмелияты;

• жер асты участкаларынан пайдаланыў ҳуқықы ушын лицензия алыўда талапкерден жергиликли мәмлекетлик ҳәкимияты уйымларының кепиллик хатларын алыўды талап етиў тәртиби.
#Нызамшылықтағы_жаңалықлар

Лицензия тараўындағы нызам бузылыўлары ҳаққында хабар берген шахслар хошаметленеди

🚫 Пәрманға муўапық, ўәкилликли уйымлар тәрепинен төмендеги ҳәрекетлердиң әмелге асырылыўы қадаған етиледи:

🔻 лицензиялар бериў, олардың әмел етиў мүддетин узайтырыў ҳәм оларды қайта рәсмийлестириўде лицензия талапкериниң коммунал хызметлер ушын төлемлер бойынша қарыздарлығы себепли мәмлекетлик хызметлерин көрсетиўден бас тартыў;

🔻 лицензия ҳәм рухсат бериў қәсийетине ийе ҳүжжетлерди мәмлекетлик уйымлаы ҳәм исбилерменлер ортасында дүзилетуғын өз ара шәртнамаларға алмастырыў;

🔻 лицензия ҳәм рухсат бериўге байланыслы талап ҳәм шәртлерде нәзерде тутылмаған хақы есесине басқа түрдеги хызметлерден пайдаланыўға ямаса рухсат бериў қәсийетине ийе ҳүжжетлерди алыўға тиккелей ямаса тиккелей емес түрде мәжбүрлеў.

2020-жылда мүддети тамамланатуғын барлық лицензия ҳәм рухсат бериў қәсийетине ийе ҳүжжетлердиң әмел етиў мүддети 2021-жыл 1-январьға шекем узайтырылды.

🖥 2021-жыл 1-январьға шекем лицензиялаў, рухсат бериў ҳәм хабардар етиў тәртип-қағыйдалары менен байланыслы барлық процесслерди қамтып алған «Лицензия» мәлимлеме системасы ислеп шығылады.

🔰 Сондай-ақ, 2021-жыл 1-январьдан:

🔹 лицензиялаў, рухсат бериў ҳәм хабардар етиў тәртип-қағыйдалары басқышпа-басқыш толық электрон тәризде «Лицензия» мәлимлеме системасы арқалы әмелге асырылады;

🔹 лицензия тараўындағы нызам бузылыўлары ҳаққында хабар берген шахслар ҳуқықбузарлық өз тастыйығын тапқанда өндирилген жәрийманың 10 проценти муғдарындағы пул сыйлығы менен хошаметленеди;

🔹 лицензия ҳәм рухсат етиў қәсийетине ийе ҳүжжетлерди тамамлаў ҳәм бийкар етиў тек ғана суд тартибинде әмелге асырылады.
#нызамшылықтағы_жаңалықлар
#қонунчиликдаги_янгиликлар
#новое_в_законодательстве

"Үмитсиз” салық қарызын есаптан шығарыўда артықша төлемлер болмайды

1-сентябрь сәнесинен 🗓 өндирилиўи үмитсиз деп белгиленген салық қарызын есаптан шығарыўдың жаңа тәртиби енгизилди❗️

♻️Əмелдеги тәртип Салық кодексине 📘 муўапық жаңа редакцияда ислеп шығылған ҳәм жаңа нормалар ҳәм түсиниклерди толық өз ишине алады.

-----------------------------------------------------

"Умидсиз” солиқ қарзини ҳисобдан чиқаришда ортиқча тўловлар бўлмайди

1 сентябрдан 🗓 ундирилиши умидсиз деб эътироф этилган солиқ қарзини ҳисобдан чиқаришнинг янги тартиби жорий этилди❗️

♻️Амалдаги тартиб Солиқ кодексига📘 мувофиқ янги таҳрирда ишлаб чиқилган ва янги нормалар ва тушунчаларни тўлиқ ўз ичига олади.

Каналға ағза болыў: @qrmsb
#Нызамшылықтағы_жаңалықлар

Мийнет мигрантларына өзин-өзи бәнт еткен шахсларға белгиленген пенсия есаплаў тәртиби қолланылады

♻️ Қарарға муўапық, 2021-жыл 1-январьдан баслап шөлкемлестирилген мийнет миграциясы жолы менен сырт елде ўақтынша ислеў өзин-өзи бәнт еткен шахслар шуғылланыўы мүмкин болған искерлик (жумыслар, хызметлер) түрлерине теңлестириледи ҳәм оған өзин-өзи бант еткен шахслар ушын белгиленген салықларды төлеў ҳәмде пенсия муғдарын есаплаў тәртиби қолланылады.

🔰 2021-жыл 1-январьға шекем:

• Өзбекстанда Россия Федерациясы Ишки ислер министрлигиниң паспорт-виза хызмети ўәкилханасы ашылады ҳәм усы ўәкилханада ўақтынша мийнет искерлигин әмелге асырыўға руқсатнама (патент) таярлаў, рәсмийлестириў ҳәм бериў хызметлери көрсетиледи;

• Россия Федерациясы, Қазақстан ҳәм Туркия Республикаларында ислеп атырған Өзбекстан пуқараларына ҳуқықый жәрдем көрсетиў мақсетинде усы мәмлекетлердеги адвокатлық шөлкемлери менен питимлер дүзиледи;

• Сыртқы мийнет миграциясы агентлигиниң Екатеринбург, Новосибирск, Самара, Уфа, Шымкент ҳәм Истанбул қалаларындағы ўәкилханалары ашылады.

➡️ Шет мәмлекетлерде аўыр финанслық аўҳалға түскен ҳәм шахсын тастыйықлаўшы ҳүжжетлерсиз, қаржыларсыз қалған пуқараларға төленетуғын бир мәртелик материаллық жәрдем муғдары БЕМның 2 есесине шекем көбейтирилди (алдын БЕМның 1 есеси еди).

📲 Сондай-ақ, мийнет мигрантларына ҳуқықый жәрдем бериў бойынша онлайн платформа жаратылады ҳәмде Россия Федерациясында “Call-марказ” шөлкемлестириледи.

🗓 2021-жыл 1-январьдан “Социаллық қорғаў бирден бир реестри мәлимлеме системасы”на киргизилген кем тәмийинленген шаңарақ ағзасы сырт елде ўақтынша ислеп қайтып келгенде:

👉 БЕМның 10 есесине шекемги муғдарда субсидия төленеди;
👉 Исбилерменлик искерлигин әмелге асырыў ушын ажыратылған кредитлер бойынша пайыз ставкасының Орайлық бант тийкарғы ставкасынан асатуғын, бирақ тийкарғы ставканың 1,5 есесинен көп болмаған бөлеги компенсация етиледи.

📞 Соның менен бир қатарда, мийнет миграциясы мәселелери бойынша мүрәжатларды қабыл етиўши “1282” қысқа номерли исеним телефоны шөлкемлестириледи.
#Нызамшылықтағы_жаңалықлар

“Жаслар дәптери”не киритилген жаслар қоллап-қуўатланады

Президентимиздиң «Жаслардың исбилерменлик жумысын қоллап-қуўатлаў ҳәм бәнтлигине жәрдемлесиў, оларды социаллық қорғаў және бос ўақытын мазмунлы шөлкемлестириўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы пәрманына (ПП–6208, 20.04.2021-ж.) муўапық:
🔰 2021-жыл 1-майдан:

👉 2023-жыл 1-январьға шекем жумыс бериўшилерге (бюджет шөлкемлери, мәмлекетлик кәрханалар, устав қоры (капиталы)нда мәмлекетлик үлеси 50 процент ҳәм оннан артық болған юридикалық тәреплер буған кирмейди) олар тәрепинен 25 жастан аспаған хызметкерлер ушын төленген социаллық салық суммасы Мәмлекетлик бюджеттен толық қайтарып бериледи.
👉 «Жаслар дәптери»не киргизилген жасларға исбилерменлик жумысын баслаў ҳәм өзин-өзи бәнт етиўге зәрүр болған әсбап-үскенелер ҳәм мийнет қуралларын сатып алыў ушын базалық есаплаў муғдарының 40 есесинен көп болмаған муғдарда «Жаслар дәптери» қорлары есабынан субсидия ажыратылады;

🔰 2021-жыл 1- июннан:

🔸 «Жаслар дәптери»не киргизилген исбилерменлик жумысын баслаў ушын имарат ҳәм объектлерди ижараға алған жас исбилерменлерге бир жыллық ижара қәрежетлериниң 30 проценти, бирақ базалық есаплаў муғдарының 25 есесине шекемги муғдары «Жаслар дәптери» қорларының есабынан компенсацияланады;

🔸
профессионал билимлендириў шөлкемлеринде оқып атырған «Жаслар дәптери»не киргизилген жасларға олар өндирислик ямаса хызмет көрсетиў кәрханаларында әмелият өтеген ўақтында, бирақ алты айдан көп болмаған мүддетте профессионал билимлендириў шөлкемлери тәрепинен Мәмлекетлик бюджеттиң қаржылары есабынан базалық есаплаў муғдарының еки есеси муғдарында ҳәр айлық субсидия ажыратылады.

🔸 «Бир миллион программист» жойбары шеңберинде жасларға компьютер сатып алыўы ушын базалық есаплаў муғдарының 25 есесинен көп болмаған муғдарда тутыныў кредитлери ажыратылады;

🔸 «Жаслар дәптери»не киргизилген жаслардың шет тиллер ҳәм улыўма билимлендириў пәнлери бойынша мәмлекетлик емес билимлендириў шөлкемлеринде оқыў қәрежетлериниң 50 проценти, бирақ улыўмалық есапта базалық есаплаў муғдарының 5 есесине шекемги муғдары және олар бойынша миллий сертификатлар алыў ушын өткерилетуғын имтиханларды тапсырыў қәрежетлери компенсацияланады;

🔸 «Меҳрибанлық» үйлериниң тәрбияланыўшылары және «Жаслар дәптери»не киргизилген жаслардың айдаўшылық курсларында оқыў қәрежетлери базалық есаплаў муғдарының 4 есеси муғдарына шекем ҳәм мобилизациялық шақырыў резерви хызметиниң төлеми қаплап бериледи;

🔸Жеке меншик кәрхана ҳәм шөлкемлерге жумысқа қабыл етилген жасларды қайта таярлаў курсларында оқытыў менен байланыслы болған қәрежетлердиң базалық есаплаў муғдарының 4 есесине шекемги бөлеги компенсацияланады;

Каналға аза болыў: https://t.iss.one/qrmsb
#салықшы_кɵмекши #нызамшылықтағы_жаңалықлар

Қусшылық хожалықларына салық жеңилликлери бериледи

Усы жылдың 14-июнь күни Ɵзбекстан Республикасы Президенти «Қусшылықты раўажландырыў ҳәм тармақтың от-жем базасын беккемлеўге қаратылған қосымша илажлар ҳаққында»ғы ПҚ-5146-санлы қарарын имзалады.

Бул қарар менен:
2021-жыл 1-июньнен қосымша қун салығы тɵлеўшиси болған қусшылық хожалықларына - ɵз хожалықларында жетистирип, реализацияланған туқымның ҳар бир данасы ушын 50 сум және қус гɵшиниң ҳәр бир килограммы ушын 1 000 сум муғдарында республикалық бюджеттнен субсидия ажыратылады;

2021-жыл 1-июльден баслап 2024-жыл 1-июльге шекемги тийкарғы жумыс түри қусшылық болған исбилерменлик субъектлери ушын олардың тийкарғы жумыс түри бойынша пайда салығы (коммерциялық банклерде жайластырылған қаржылардын алынған процентлерден тысқары), мүлк салығы, жер салығы ҳәм суў ресурсларынан пайдаланғаны ушын салық ставкасы 50 процент муғдарында қолланылады.

Каналға ағза болыў: https://t.iss.one/qrmsb
#нызамшылықтағы_жаңалықлар

1-июльдан салық нызамшылығында нелер ɵзгереди?

2021-жыл 1-июльдан баслап:

🔹 орта билимлендириў медицина қәнигелерине ɵзин ɵзи бәнт етиў тийкарында «медсестралық жумысы» менен ғәрезсиз шуғылланыў ушын рухсат бериледи (ПП-6155-сан, 03.02.2021);


🔹 салық тɵлеўшиниң идентификация номерин (СТИН) бериў бийкар етилди. Салық органларында салық тɵлеўшилердиң есабын жүритиў физикалық шахстың жеке идентификация номери (ПИНФЛ - ФШЖИН) арқалы әмелге асырыўға ɵтиледи
(ПП-6191-сан, 23.03.2021);
🔹тийкарғы жумыс түри қусшылық болған исбилерменлик субъектлери ушын салық жеңилликлери қолланылады
(ПҚ-5146-сан 14.06.2021);

🔹турмыслық буйымларды санлы маркировкалаў бойынша тәжирийбе жойбары старт алады
(Министрлер Кабинетиниң 322-санлы қарары 20.05.2021);

🔹мәмлекетлик уйымлар, сондай-ақ Мәмлекетлик салық комитети ҳәр шеректе Ɵзбекстан Республикасы Ашық мағлыўматлар порталында ҳәм ɵзиниң рәсмий веб-сайтында бир қатар мағлыўматларды жайластырады.
(ПП-6247-сан, 16.06.2021)

Каналға ағза болыў: https://t.iss.one/qrmsb
#нызамшылықтағы_жаңалықлар

Транспорт қураллары ушын утилизация жыйынын есаплаў ҳәм тɵлеў тәртиби белгиленди

Министрлер Кабинети қарары менен транспорт қураллары ушын утилизация жыйынын ɵндириў, қайтарыў ҳәм оннан пайдаланыў тәртиби ҳаққындағы нызам тастыйықланды.

Транспорт қуралларының жергиликли ислеп шығарыўшысы есабат айынан кейинги айдың 20-сәнесинен кешиктирмей салық органына, тек Ɵзбекстанда сатыў ушын ислеп шағарылған транспорт қураллары бойынша утилизация жыйыны есап-китапларын электрон формада тапсырады ҳәм сатылған транспорт қураллары ушын утилизация жыйынын тɵлейди.

Экспорт базарларында сатыў ушын ислеп шығарылған автомобиллер жергиликли ислеп шығарыўшы тәрепинен ишки базарға сатылғанда ислеп шығарыўшы есабат айынан кейинги айдың 10-сәнесинен кешиктирмей утилизация жыйынын тɵлейди.

❇️Утилизация жыйыны 100% муғдарында дәраматлар бойынша ғазнашылықтағы жеке есап-бетине түседи.

Каналға ағза болыў: https://t.iss.one/qrmsb