#тайынлаў
Умирбек Алиев Қарақалпақстан Республикасы мәмлекетлик салық басқармасы баслығы орынбасары лаўазымына тайынланды
✍️Ɵзбекстан Республикасы Мәмлекетлик салық комитетиниң 2021-жыл 27-май күнги 190-шт-санлы буйрығына тийкар Алиев Умирбек Турсынбаевич Мәмлекетлик салық басқармасы баслығы орынбасары лаўазымына тайынланды.
Умирбек Алиев 1974-жыл Әмиўдәрья районында туўылған. Мағлыўматы жоқары, 2008-жылы Қарақалпақ мәмлекетлик университетин, 2010-жыл Салық академиясын финанс ҳәм кредит (салық ҳәм салыққа тартыў) қәнигелиги бойынша тамамлаған.
Ол салық органларындағы жумысын 2003-жылда Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик салық басқармасы мәмлекетлик салық аға инспекторы лаўазымынан баслаған.
У.Алиев бул лаўазымға тайынланға шекем Қоңырат районы мәмлекетлик салық инспекциясы баслығы лаўазымында иследи.
Алиев Умирбек Турсынбаевич салық хызметиниң II дәрежели мәсләҳәтшиси.
Каналға ағза болыў: https://t.iss.one/qrmsb