Salıq xızmeti xabarları
3.28K subscribers
8.64K photos
2.15K videos
158 files
7.46K links
Tarawǵa baylanıslı múrájatlardı jollaw ushın: @saliq_murajat_bot

Instagram https://www.instagram.com/saliq_xabarlari
Facebook https://www.facebook.com/saliqxabarlari
Youtube https://www.youtube.com/channel/UCs9W8hHE


Maģlìwmat ushın tel: (61) 222-00-33
Download Telegram
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Салық_жеңилликлери
#ПП_6029

🖊Салық жеңилликлери – халық ҳәм исбилерменлик субъектлерин қоллап-қуўатлаў ушын
Каналға ағза болыў: @qrmsb
#жер_салығы #салық_жеңилликлери #15_апрель

Физикалық шахслардан алынатуғын жер салығынан кимлер азат етиледи

⚡️ Салық кодексиниң 436-статьясына муўапық физикалық шахслардан алынатуғын жер салығынан төмендегилер азат етиледи 👉👉👉

«Өзбекстан Қаҳарманы» , Бурынғы Аўқам Қаҳарманы, Мийнет Қаҳарманы атақларын алған, III дәрежедеги Шуҳрат ордени менен сыйлықланған пуқаралар;

Урыс нәгиранлалары ҳәм қатнасыўшылары, сондай-ақ нызам ҳүжжетлери менен белгиленетуғын оларға теңлестирилген шахслар;

I ҳәм II топар нәгиранлығы болған шахслар;

Жалғыз пенсионерлер. Жалғыз ямаса ер жетпеген балалары менен ямаса нәгиран баласы менен бирге бөлек үйде жасаўшы пенсионерлер жалғыз пенсионерлер деп түсиниледи;

Бағыўшысын жойтқан көп балалы шаңарақлар. Ата-анасынан бири ямаса ата-анасы дүньядан өткен ҳәм шаңарақта он алты жасқа толмаған бес ҳәм оннан артық балалары болған шаңарақлар салық салыў мақсетинде бағыўшысын жойтқан көп балалы шаңарақлар болып есапланады;

Чернобиль АЭСдағы авария ақыбетлерин сапластырыўда қатнасқанлық ушын жеңилликлер алатуғын пуқаралар (сондай-ақ, ўақытша жиберилген ямаса хызмет сапарына жиберилген) пуқаралар;

энергия ресурсларының әмелдеги тармақларынан толық үзип қойылған турақ жайларда қайта тикленетуғын энергия дереклеринен пайдаланыўшы шахслар – қайта тикленетуғын энергия дереклери орнатылган айдан баслап үш жыл мүддетке.

Каналға ағза болыў: https://t.iss.one/qrmsb
#салық_жеңилликлери
#солиқ_имтиёзлари
#льготы

1-июннан айырым исбилерменлик субъектлери салықларды бɵлип-бɵлип тɵлеўи мүмкин

2021-жыл 1-июннан салық қарызын тɵлеў имканы болмаған исбилерменлик субъектлерине салықларды бɵлип-бɵлип тɵлеў ҳуқықы бериледи.

Бул жеңиллик жумысын үш жылдан аслам ўақыттан берли даўам еттирип киятырған ҳәм салықларды мүддетинде тɵлеп келген хожалық субъектлерине қолланылады. (ПҚ-5087. 21.04.2021-жыл.)
Каналға ағза болыў: https://t.iss.one/qrmsb