Salıq xızmeti xabarları
3.22K subscribers
8.66K photos
2.16K videos
161 files
7.5K links
Tarawǵa baylanıslı múrájatlardı jollaw ushın: @saliq_murajat_bot

Instagram https://www.instagram.com/saliq_xabarlari
Facebook https://www.facebook.com/saliqxabarlari
Youtube https://www.youtube.com/channel/UCs9W8hHE


Maģlìwmat ushın tel: (61) 222-00-33
Download Telegram
#салық_кодекси
#нызамшылықтағы_жаӊалықлар

Пандемия дәўиринде берилген жеӊилликлер Салық кодексинде де белгиленди

✍️2020-жыл 1-декабрдеги Өзбекстан Республикасыныӊ 652-санлы (https://lex.uz/docs/5134809) Нызамы менен

📘Салық кодексине үш статьядан ибарат болған жаӊа “Айрықша шараятларда салық миннетлемелерин орынларыў” атамасындағы 72-бап киритилди.

🟣 Жаӊа статьялар:
🔹 Айрықша шараятларда қосымша ўәкилликлер бериў;
🔹 Салықларды, салықлар бойынша аванс төлемлерин төлеў бойынша процентсиз төлеўди кешиктириўдиӊ ямаса бөлип-бөлип төлеўди қоллаўдыӊ ҳәм айрықша шараятларда салық миннетлемелерин орынлаўдыӊ ўақытшалық тәртиби;
🔹 Ўақытшалық салық жеӊилликлери.
Каналға ағза болыў: https://t.iss.one/qrmsb
#Салық_кодекси #ҚҚС

Салық Кодексиниӊ 461-статьясына өзгерис киритилди
(Өзбекстан Республикасыныӊ 659-санлы Нызамы). Оған көре:

🆕 Айырым түрдеги салық төлеўшилер ушын мәжбүрий тәртипте ҚҚС төлениўи белгиленгенлигин инабатқа алған ҳалда айланыстан алынатуғын салық қолланылмайтуғын шахслар дизими толтырылды.

👉Ендиликте алкоголь өнимлери, сондай-ақ, пивоны усақлап сатыў бойынша турғын саўда шақапшалары ҳәм базар ҳәм саўда комплекслери қосымша қун салығы ҳәм пайда салығын төлеўшиси болып есапланады.

❗️ҚҚС төлеўшиси сыпатында мәжбүрий тәртипте дизимнен өтиў ҳәм гүўалық алыў ушын салық төлеўшилер 👩🏻💻 өзиниӊ жеке кабинети арқалы салық төлеўге өтиўи керек болған айдыӊ 5-сәнесинен кешиктирмей электрон арза жибериўи лазым.

Каналға ағза болыў: https://t.iss.one/qrmsb
#салық_кодекси #салық_ставкалары

Хабардар болыӊ! Салық ставкалары МСК инфографикаларында

Каналға ағза болыў: https://t.iss.one/qrmsb
#салықшы_кɵмекши #салық_кодекси

🔴 Ɵзин ɵзи бәнт еткенлер бул жыл ушын қанша салық тɵлейди
Мен мийнет шәртнамасы тийкарында шет елде ислеймен. Салық тɵлеў маған мәжбүрийме ямаса ықтыярлыма

🔵Мийнет стажы есапланыўы ушын ɵзин ɵзи бәнт еткен шахслар, мийнет шәртнамасы тийкарында шет елде ислеп атырған Ɵзбекстан Республикасы пуқаралары тәрепинен социаллық салықты жылына базалық есаплаў муғдарының кеминде бир есеси муғдарында ықтыярлы тәртипте есабат жылының 1-декабрь сәнесине шекем тɵлейди (Салық кодекси, 408-статья).

Бунда салықтың муғдары тɵлем күнинде белгиленген базалық есаплаў муғдарынан (январь айында 223000 сўм, 1-февралдан 245000 сўм) келип шыққан ҳалда есаплап шығарылады.
Каналға ағза болыӯ: https://t.iss.one/qrmsb