Salıq xızmeti xabarları
3.27K subscribers
8.65K photos
2.15K videos
160 files
7.48K links
Tarawǵa baylanıslı múrájatlardı jollaw ushın: @saliq_murajat_bot

Instagram https://www.instagram.com/saliq_xabarlari
Facebook https://www.facebook.com/saliqxabarlari
Youtube https://www.youtube.com/channel/UCs9W8hHE


Maģlìwmat ushın tel: (61) 222-00-33
Download Telegram
#нызамшылықтағы_жаӊалықлар

❇️ 2021-жылдан улыўма аўқатланыў тараўындағы киши бизнес субъектлериниӊ банк карталары арқалы физикалық шахслардан алынған дәраматлары улыўма дәраматқа киритилмейди.

✍️ Бул Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ «Жасырын экономиканы қысқартыў ҳәм салық уйымларыныӊ жумыс нәтийжелилигин арттырыў бойынша шөлкемлестириў илажлары ҳаққында»ғы Пәрманында белгиленди.

❗️ Пәрманда «2021-жыл 1-январдан 2022-жыл 1-январға шекем болған мүддетке, улыўма аўқатланыў тараўындағы киши бизнес субъектлериниӊ банк карталары ҳәм контактсиз төлемлерден пайдаланған ҳалда физикалық шахслардан алынған дәраматлары улыўмабелгиленген салықларды төлеўге мәжбүрий тәртипте өтиў мақсетинде улыўма дәраматқа киритилмеслиги тәртиби енгизиледи» деп атап өтилген.

Каналға ағза болыў: https://t.iss.one/qrmsb
#салық_кодекси
#нызамшылықтағы_жаӊалықлар

Пандемия дәўиринде берилген жеӊилликлер Салық кодексинде де белгиленди

✍️2020-жыл 1-декабрдеги Өзбекстан Республикасыныӊ 652-санлы (https://lex.uz/docs/5134809) Нызамы менен

📘Салық кодексине үш статьядан ибарат болған жаӊа “Айрықша шараятларда салық миннетлемелерин орынларыў” атамасындағы 72-бап киритилди.

🟣 Жаӊа статьялар:
🔹 Айрықша шараятларда қосымша ўәкилликлер бериў;
🔹 Салықларды, салықлар бойынша аванс төлемлерин төлеў бойынша процентсиз төлеўди кешиктириўдиӊ ямаса бөлип-бөлип төлеўди қоллаўдыӊ ҳәм айрықша шараятларда салық миннетлемелерин орынлаўдыӊ ўақытшалық тәртиби;
🔹 Ўақытшалық салық жеӊилликлери.
Каналға ағза болыў: https://t.iss.one/qrmsb