Salıq xızmeti xabarları
3.28K subscribers
8.64K photos
2.15K videos
158 files
7.47K links
Tarawǵa baylanıslı múrájatlardı jollaw ushın: @saliq_murajat_bot

Instagram https://www.instagram.com/saliq_xabarlari
Facebook https://www.facebook.com/saliqxabarlari
Youtube https://www.youtube.com/channel/UCs9W8hHE


Maģlìwmat ushın tel: (61) 222-00-33
Download Telegram
#Сораў_бериң_жуўап_беремиз
#Өзин_өзи_бәнт_етиў
🔴 Өзин өзи бәнт еткен пуқаралар бойынша нызам ҳүжжетлери шықты. Егер мениң шаштәрезханамда ислеп атырған шаштәрез усталар өзин өзи бәнт еткен пуқаралар сыпатында дизимнен өтсе салықларды өзлери төлейме
Оларды қалай рәсмийлестиремен ҳәм оларға айлық ис ҳақыларын есаплайманба ямаса жумыс орнын ижараға беременбе
🔵 Өзин өзи бәнт еткен пуқаралар — мийнет дәраматы алыўға жөнелтирилген физикалық ҳәм юридикалық шахсларға хызметлер көрсетиў, жумысларды ислеўде жеке мийнети менен қатнасыўға тийкарланған жумысын ғәрезсиз түрде әмелге асыратуғын, жеке тәртиптеги исбилерменлер сыпатында дизимге алынбаған ҳәм өз жумысында жалланба хызметкерлер мийнетинен пайдаланбайтуғын физикалық шахслар есапланады ( 566-санлы МК қарары 08.06.2020-ж.).
👉 Физикалық шахсларға шаштәрезлик жумысын ғәрезсиз рәўиште өзин өзи бәнт еткен шахс сыпатында әмелге асырыўға рухсат берилди.
Сондай-ақ, өзин өзи бәнт еткен шахслар жалланба жумысшыларды ислете алмаслығы ҳәм жумыс бериўшиге ийе бола алмаслығы ҳаққындағы талап сақланып қалды (08.06.2020-жыл ПҚ-4742).
👉 Бир неше физикалық шахслар Сизге тийисли объектте шаштәрезлик жумысын әмелге асырған жағдайда, оларды жеке тәртиптеги исбилерменге (3 хызметкерге шекем) ямаса юридикалық шахсқа жумысшы (жалланба хызметкер) сыпатында рәсмийлестириўиңиз ҳәм оларға есапланған ис ҳақы суммасынан белгиленген тәртипте салық агенти сыпатында салықларды бюджетке төлеп бериўиңиз лазым болады.
#сораў_бериң_жуўап_беремиз

🔴 Ҳәзирде карантин мүнәсибети менен кәрханамыз нықаплар, антибактериал қураллар, хлор ҳәм басқада затларды сатып алмақта. Пайда салығы бойынша бул қәрежетлер шегириле ме сол ҳаққында мағлыўмат берсеңиз…

🔵 Салық кодексиниң 317-статьясының 18-бәнтине муўапық, дәрамат алыўға қаратылған жумыс пенен байланыслы болмаған қәрежетлер, егер нызам ҳүжжетлерине муўапық бундай қәрежетлерди әмелге асырыў мәжбүрияты салық төлеўшиге жүклетилмеген болса, бул қәрежетлер шегирилмейтуғын қәрежетлер есапланады.
Ҳүкимет қарарына көре, пандемия шараятында кәрхана ҳәм шөлкемлерде карантин талапларына сай шараятлар жаратыў белгиленген. Сол себепли хызметкерлер ушын нықаплар, антибактериал ҳәм басқа дезинфекция қураллары сатып алыў бойынша қәрежетлер пайда салығы есап-китап қылынғанда салық базасынан шегириледи.

—————————————

#савол_беринг_жавоб_берамиз

🔴 Айни вақтда карантин муносабати билан бизнинг корхона ниқоблар, антибактериал воситалар, хлор ва бошқалар сотиб олмоқда. Айтинг-чи, фойда солиғи бўйича ушбу харажатлар чегириладиган ҳисобланадими

🔵 Солиқ кодексининг 317-моддасининг 18-бандига мувофиқ, даромад олишга қаратилган фаолият билан боғлиқ бўлмаган харажатлар, агар қонун ҳужжатларига мувофиқ бундай харажатларни амалга ошириш мажбурияти солиқ тўловчининг зиммасига юклатилмаган бўлса, ушбу харажатлар чегирилмайдиган харажатлар ҳисобланади.
Ҳукумат қарорига кўра, пандемия шароитида корхона ва ташкилотларда карантин талабларига мос шароитлар яратиш белгиланган. Шу сабабли ҳодимлар учун ниқоблар, антибактериал ва бошқа дезинфекция воситалари сотиб олиш бўйича харажатлар фойда солиғи ҳисоб-китоб қилинганда солиқ базасидан чегирилади.

—————————————
#вопросы_ответы

🔴 В настоящее время из-за карантина наше предприятие закупает маски, антибактериальные средства, хлор и другое. Скажите, а данные расходы считаются вычитаемыми по налогу на прибыль

🔵 В соответствии с пунктом 18 статьи 317 Налогового кодекса, расходы, не связанные с деятельностью, направленной на получение дохода, если на налогоплательщика законодательством не возложена обязанность по осуществлению таких расходов, считаются невычитаемыми.
Согласно решению правительства, в период пандемии для предприятий и организаций предусмотрено создание соответствующих карантинных условий. По этой причине расходы, связанные с закупом медицинских масок, антибактериальных и других дезинфицирующих средств для сотрудников, подлежат вычету из налоговой базы при расчете налога на прибыль.
#сораў_бериң_жуўап_беремиз
#савол_беринг_жавоб_берамиз
#онлайн_семинар

🔴 Мен дәриханама "Semurg" деген онлайн қадағалаў касса машинасын алып едим. Усы касса аппаратын алған фирмаға 50 000 сум ҳәр ай абонент төлеми өткериўим керек екен. Бул өткерилетуғын төлем не ушынлығын түсиндирип бере алмай атыр. Усы ҳаққында түсиник бере аласызба

🔵Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл 23-ноябрь күнги 943-санлы қарарына муўапық онлайн ҚКМ ҳәм (ямаса) виртуал кассаға кепилликли үзликсиз техникалық хызмет көрсетиў ТХКҚ менен исбилерменлик субъекти ортасында дүзилген шәртнама тийкарында әмелге асырылады.

Яғный шәртнама тийкарында ТХКҚ сизге тийисли онлайн ҚКМ ямаса виртуал кассанының үзликсиз ислеўин тәмийинлеўи лазым. Бул қарар талаплары тийкарында онлайн ҚКМ ямаса виртуал касса насаз ҳалға келген жағдайда, ТХКҚ бир күн ишинде резервтеги онлайн-ҚКМ ямаса виртуал кассаны орнатып ямаса оны оңлап бериўи белгиленген. ТХКҚ хызмет баҳалары, исбилерменлик субъекти менен дүзилген өз-ара шәртнама тийкарында белгиленеди.
_____________________________

🔴 Мен дорихонамга "Semurg" номли онлайн назорат касса машинасини олганман. Шу касса аппаратни олган фирмага 50 000 сўм ҳар ой абонент тўлови ўтказишим керак экан. Бу ўтказиладиган тўлов нима учунлигини тушинтириб бера олишмаяпти. Шу ҳакида тушунча бера оласизми

🔵 Вазирлар Маҳкамасининг 2019 йил 23 ноябрдаги 943-сонли қарорига мувофиқ онлайн НКМ ва (ёки) виртуал кассага кафолатли узлуксиз техник хизмат кўрсатиш ТХКМ билан тадбиркорлик субъекти ўртасида тўзилган шартнома асосида амалга оширилади.

Яъни шартнома асосида ТХКМ сизга қарашли онлайн НКМ ёки виртуал кассани узлуксиз ишлашини таъминлаши лозим. Мазкур қарор талаблари асосида онлайн НКМ ёки виртуал касса носоз ҳолга келган тақдирда, ТХКМ бир кун ичида захирадаги онлайн-НКМ ёки виртуал кассани ўрнатиб ёки уни созлаб бериши белгиланган. ТХКМ хизмат нархлари, тадбиркорлик субъекти билан тузилган ўзаро шартнома асосида белгиланади.

Каналға ағза болыў: @qrmsb
#сораў_бериң_жуўап_беремиз
#савол_беринг_жавоб_берамиз

🔴 Егер мен өзин өзи бәнт еткен пуқара болсам қандай абзаллықларға ийе боламан
🔵 Өзин өзи бәнт еткен пуқаралардың дәраматы Салық кодексиниң 369-статьясына муўапық физикалық шахслардан алынатуғын дәрамат салығына тартылмайды. ⚡️Өзин өзи бәнт еткен пуқаралар 2020-жыл ушын кеминде базалық есаплаў муғдарының 50 проценти, яғный 🔊111 500 сум муғдарында социаллық салық төлейди.
☝️Сондай-ақ, социаллық салық төленген жыл бир жыллық мийнет стажына киритиледи.
____________________

🔴 Агарда мен ўзини ўзи банд қилувчи фуқаро бўлсам қандай афзалликларга эга бўламан

🔵 Ўзини ўзи банд қилган фуқароларнинг даромади Солиқ кодексининг 369-моддасига мувофиқ жисмоний шахслардан олинадиган даромад солиғига тортилмайди. ⚡️Ўзини ўзи банд қилган фуқаролар 2020 йил учун камида базавий ҳисоблаш миқдорининг 50 фоизи, яъни 🔊 111 500 сўм миқдорида ижтимоий солиқ тўлайдилар.
☝️Шунингдек, ижтимоий солиқ тўланган йил бир йиллик меҳнат стажига киритилади.
#сораў_бериң_жуўап_беремиз

🔴Физикалық шахслардан 👨🏻‍💼 🧑🏻‍💼 алынатуғын ⚡️ дәрамат салығы бойынша жеңилликти қалай қоллаў мүмкин 📃 ҳәм не ушын ижәра төлеминиң ең кем ставкасы бийкар қылынды

🔵Президентимиздиң ПП-6029-санлы пәрманына муўапық, ☝️ 2020-жыл 1-июль сәнесинен 2020-жыл 31-декабрь сәнесине шекем физикалық шахслар көшпес мүлкин 🏡 🚙 ижәраға бериўден алынған дәраматлар бойынша физикалық шасхалардан алынатуғын дәрамат салығы төлеўден азат етиледи.


👉Каналға ағза болыў: @qrmsb
#сораў_бериң_жуўап_беремиз #ҚҚС #ЭЕФ

🔴 2020-жыл ушын ҚҚС есабатының 5-қосымшасы жиберилген есап-фактуралардан 🗓 автоматикалық рәўиште қәлиплеседи. 2020-жыл апрель-декабрь айларына туристлик жыйым есаплаў ҳәм өндириў тоқтатылды, бирақ январь -*март айлары ушын жиберилген есап-фактураларда туристлик жыйым бар. Демек, 5-қосымша автоматикалық рәўиште жиберилген есап-фактуралардан жүзеге келсе туристлик жыйым да дәрамат есабына кирип қалыўы қәўипи барлығы есапқа алынғанба


🔵 Мийманхана хызметлерин көрсетиўде юридикалық ҳәм физикалық шахсларға төлем ушын есап (инвойс, квитанция, есап-фактура) ҳәм мийманхана хызметлери қуны ҳәм жасаған күнлери ушын өндирилген туристлик (мийманхана) жыйымның улыўма муғдарын көрсеткен ҳалда мийманхана хызметлери көрсетилгенлигин тастыйықлаўшы ҳүжжетлер (есап-фактура, исленген жумыслар ҳәм (ямаса) көрсетилген хызметлер акти) тапсырылыўы белгиленген ( “Өзбекстан Республикасы аймағында туристлик (мийманхана) жыйымды өндириў тәртиби ҳаққында”ғы Нызам).

👉 Есап-фактурада көрсетилген туристлик (мийманхана) жыйымы хызмет көрсетиўшиниң дәраматы (түсими) есапланбайды, керисинше қапланатуғын қәрежет сыпатында тутыныўшыдан (қарыйдардан) өндириледи.


👉 Қосылған қун салығы (ҚҚС) есап-китабының 4 ҳәм 5-қосымшалары электрон есап-фактуралар тийкарында автоматикалық тәризде қәлиплестирилгенде туристлик (мийманхана) жыйымы шегирип тасланбайды.


👉 Салық төлеўши туристлик (мийманхана) жыйымын улыўма түсимнен шығарып таслаў ушын ҚҚС есап-китабының 5-қосымшасы 9-үстининде туристлик (мийманхана) жыйым суммасын көрсетиўи лазым болады.


👉 Сондай-ақ, ҚҚС есап-китабының 1-қосымшасы 102- "Товарларды (хызметлерди) реализация қылыўдан сап түсим қатары"нда көрсетилген хызметлердиң қуны туристлик (мийманхана) жыйымы киритилмеген ҳалда белгиленеди.


Каналға ағза болыў: @qrmsb
#сораў_бериң_жуўап_беремиз

🔴 “Giveaway” – социаллық тармақлардағы жумыс пенен шуғылланыўшы шахслар қандай салық төлейди

📲 Физикалық шахслар 🎊🎁 социаллық тармақларда реклама қылыў (Giveaway) жумысынан алған дәраматларынан 12 процент муғдарындағы ставкада дәрамат салығы төлеўлери лазым (2020-жыл 1-июль сәнесине шекем алған дәраматлары бойынша).


Каналға ағза болыў: @qrmsb
#сораў_бериң_жуўап_беремиз


🔴 “Giveaway” шылар ушын салық қалай есапланады?



🔵Əмелдеги нызамшылыққа муўапық, салық салынатуғын дәраматларға физикалық шахслардың 🏚🚕мүлкий дәраматлары, 📚 илим-пән, 🗞📖 әдебият ҳәм көркем өнер шығармаларын жаратқанлық ҳәм олардан 📝 пайдаланғанлығы ушын авторлық ҳақы тәризинде алынған дәраматлары, материаллық пайда тәризиндеги дәраматлары, Өзбекстан Республикасы аймағынан тысқарыдағы дереклерден алынған дәраматлары ҳәм салық агентлери болмаған дереклерден алынған басқа дәраматлары киреди. (СКниң 393-статьясы)
❗️ Егер физикалық шахслар алған дәраматлары салық агентлери болмаған дереклерден алынған басқа дәраматлары болса, усы дәраматлары жәми жыллық дәрамат ҳаққындағы ⚠️ декларация тийкарында салыққа тартылады (нызамшылықтағы жеңилликлери инабатқа алынған ҳалда).
⚡️ Бул ҳаққында турақлы жасаў орнындағы салық органына есабат жылынан кейинги жылдың 1-апрель сәнесинен кешиктирмей жәми жыллық дәрамат ҳаққындағы 📃 декларацияны тапсырыўы лазым.
☝️Жоқарыдағылардан келип шығып, физикалық шахслар 🎊🎁 социаллық тармақларда реклама қылыў (Giveaway) жумысынан алған дәраматларынан 👉 12 процент муғдарындағы ставкада дәрамат салығы төлеўлери лазым (2020-жыл 1-июль сәнесине шекем алған дәраматлары бойынша).


Каналға ағза болыў: @qrmsb
#сораў_бериң_жуўап_беремиз
🔴 “Giveaway”шылар қандай тәртипте дәрамат салығынан азат етиледи?

🔵Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 8-июньдағы ПҚ-4742-санлы қарарына тийкар, 👨🏻‍💼🧑🏻‍💼өзин өзи бәнт қылатуғын шахслар шуғылланыўы мүмкин болған жумыс түрлери дизими кеңейтирилди. Усы жумыс түрлери дизимине ⚡️ ИКТ тараўында хызмет көрсетиў – “Социаллық тармақлардағы жумыс” (социаллық тармақларда хызметлерди илгери сүриў ҳәм реклама қылыў (SMM), социаллық тармақ бетлери администраторы) түри киритилди.
Усыған көре, Өзбекстан Республикасы Салық кодексиниң 369-статьясына муўапық нызам ҳүжжетлеринде белгиленетуғын тәртипте өзин өзи бәнт еткен шахслардың мийнет жумысы нәтийжесинде алынған дәраматлары жәми дәраматлары қурамына киритилмеслиги ушын ❗️ дәрамат салығынан азат етиледи.
☝️Усы жылдың 1-июль сәнесинен баслап социаллық тармақлардағы 💻📲📹 жумыс, яғный социаллық тармақларда хызметлерди илгери сүриў ҳәм реклама қылыў ҳәм социаллық тармақ бетлери администраторы өзин өзи бәнт еткен шахс сыпатында дизимнен өткен болса алған дәраматлары бойынша физикалық шахслардан алынатуғын дәрамат салығынан азат етиледи.
⚠️Бунда мийнет стажына ийе болыў ушын 2020-жылда базалық есаплаў муғдарының кеминде 50 проценти (111,5 мың сум) муғдарында социаллық салық төлеў лазым болады.

👉 Каналға ағза болыў: @qrmsb
#сораў_бериң_жуўап_беремиз

🔴 Жеке тәртиптеги исбилермен сыпатында дизимнен өткен физикалық шахс көтере саўда менен шуғылланыў ҳуқықына ийеме

🔵 Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2002-жыл 26-ноябрь сәнесиндеги 407-санлы қарары менен тастыйықланған “Көтере ҳәм усақлап сатыў жумысын әмелге асырыў тәртиби ҳаққында”ғы Режениң 3-бәнтине көре, жеке тәртиптеги исбилерменлер көтере саўда менен шуғылланыўы мүмкин емес.

Каналға ағза болыў: @qrmsb