Salıq xızmeti xabarları
3.17K subscribers
8.72K photos
2.17K videos
167 files
7.52K links
Tarawǵa baylanıslı múrájatlardı jollaw ushın: @saliq_murajat_bot

Instagram https://www.instagram.com/saliq_xabarlari
Facebook https://www.facebook.com/saliqxabarlari
Youtube https://www.youtube.com/channel/UCs9W8hHE

Maģlìwmat ushın tel: (61) 222-00-33
Download Telegram
#сораў_бериӊ_жуўап_беремиз

🔴Әкем өзиниӊ атындағы үйди маған мийрас етип қалдырған. Буннан салық төленеме

🔵 Салық кодексиниӊ 378-статьясына тийкар, физикалық шахслардан мийрас ямаса саўға тәртибинде, сондай-ақ, тегин алынған пул ҳәм натура көринисиндеги дәраматларға салық салынбайды.

👉 Жақын туўысқан болмаған шахслар ортасындағы көшпес мүлк, автотранспорт қураллары, қымбат баҳалы қағазлар, юридикалық шахслардыӊ устав фондларындағы (устав капиталларындағы) үлеслерге болса бул тәртип қолланылмайды ҳәм белгиленген ставкада салық төлейди.

Каналға ағза болыў: https://t.iss.one/qrmsb
#салықшы_көмекши #сораў_бериӊ_жуўап_беремиз

🔴 Онлайн ҚКМ болмаса да термо принтер болса ofd.uz сайтында онлайн кабинетке кирип чек басыўға болады екен бул туўрыма

🔵ҚКМ ямаса виртуал касса болмаған жағдайларда термопринтер арқалы чек басыў мүмкин емес.

📧Сиз нәзерде тутқан қурылма виртуал касса дәстүрий өними болыўы мүмкин.

✔️Бундай жағдайда да виртуал касса белгиленген тәртипте Техникалық хызмет корсетиў орайы арқалы МСИнан дизимнен өткерилип, кейиншелли пуқаралар менен пуллы есап-китапларды әмелге асырыўда қолланылады.

Каналға ағза болыў: https://t.iss.one/qrmsb
#салықшы_көмекши #сораў_бериӊ_жуўап_беремиз

🔴 Көшемиздеги киши саўда дүкәнында онлайн ҚКМ орнатылған. Бирақ, саўда қылғанымда чек бермеди. Мен онлайн касса чегин сорағанымда, сатыўшы нызам бойынша биз еле онлайн касса системасына өтпедик, соныӊ ушын онлайн касса чегин бериўге мәжбүр емеспиз, деп жуўап берди. Сатыўшыныӊ бул жуўабы туўрыма

🔵 Онлайн-ҚКМ ямаса виртуал касса системасына өткен исбилерменлик субъектлери бул қурылмалардан белгиленген талапларға муўапық болған сатып алған өними ушын чегин қарыйдарларға бериўлери шәрт.
🧾 Онлайн-ҚКМ ямаса виртуал касса системасына өткерилген исбилерменлик субъектлери тәрепинен берилген чекте :

✔️ товарлар аты;
✔️муғдары;
✔️баҳасы;
✔️суммасы;

✔️сондай-ақ QR-код ҳәм фискал белги мәжбүрий тәртипте көрсетиледи.

Бул мағлыўматлар көрсетилмеген чеклер ҳақыйқый есапланбайды.

‼️Төлем терминали арқалы қабыл етилген төлемлер ушын қарыйдарларға төлем терминалы чеги менен бирге онлайн-ҚКМ ямаса виртуал касса чеги де берилиўи шәрт.

Онлайн-ҚКМ ямаса виртуал касса системасына өткерилген исбилерменлик субъектлери тәрепинен фискал ядлы ҚКМлар тийисли МСИларынан дизимнен шығарылады.

Каналға ағза болыў: https://t.iss.one/qrmsb
#сораў_бериӊ_жуўап_беремиз
#Өзин_өзи_бәнт_етиў

🔴 Социаллық тармақ арқалы хабарыӊызда өзин өзи бәнт еткен шахс дәрамат салығын төлемейди дейилген буған тийкар барма

🔵 Аўа, Өзбекстан Республикасы Салық кодексиниӊ 369-статьясы 9-бәнтине муўапық 🧑🏻🔧👨🏻💻 өзин өзи бәнт еткен шахслардыӊ (https://soliq.uz/press-services/news/show/ozini-ozi-band-qilish-qulay-qonuniy-va-havfsiz) мийнет искерлиги нәтийжесинде алынған дәраматлары физикалық шахслар жәми дәраматлары қурамына киритилмейди.

Демек, өзин өзи бәнт еткен шахс сыпатында дизимнен өткенлер дәрамат салығын төлемейди.

Каналға ағза болыў: https://t.iss.one/qrmsb
#салықшы_көмекши #сораў_бериӊ_жуўап_беремиз

🔴 Көшемиздеги киши саўда дүкәнында онлайн ҚКМ орнатылған. Бирақ, саўда қылғанымда чек бермеди. Мен онлайн касса чегин сорағанымда, сатыўшы нызам бойынша биз еле онлайн касса системасына өтпедик, соныӊ ушын онлайн касса чегин бериўге мәжбүр емеспиз, деп жуўап берди. Сатыўшыныӊ бул жуўабы туўрыма

🔵 Онлайн-ҚКМ ямаса виртуал касса системасына өткен исбилерменлик субъектлери бул қурылмалардан белгиленген талапларға муўапық болған сатып алған өними ушын чегин қарыйдарларға бериўлери шәрт.
🧾 Онлайн-ҚКМ ямаса виртуал касса системасына өткерилген исбилерменлик субъектлери тәрепинен берилген чекте :

✔️ товарлар аты;
✔️муғдары;
✔️баҳасы;
✔️суммасы;

✔️сондай-ақ QR-код ҳәм фискал белги мәжбүрий тәртипте көрсетиледи.

Бул мағлыўматлар көрсетилмеген чеклер ҳақыйқый есапланбайды.

‼️Төлем терминали арқалы қабыл етилген төлемлер ушын қарыйдарларға төлем терминалы чеги менен бирге онлайн-ҚКМ ямаса виртуал касса чеги де берилиўи шәрт.

Онлайн-ҚКМ ямаса виртуал касса системасына өткерилген исбилерменлик субъектлери тәрепинен фискал ядлы ҚКМлар тийисли МСИларынан дизимнен шығарылады.

Каналға ағза болыў: https://t.iss.one/qrmsb
#сораў_бериӊ_жуўап_беремиз
#өзин_өзи_бәнт_етиў

🔴 Социаллық тармақлар арқалы хабарыӊызда өзин өзи бәнт еткен шахслар дәрамат салығын төлемейди деп келтирилген. Буған тийкар барма