QARAQALPAQSTAN KADASTR
2.57K subscribers
8.06K photos
962 videos
2 files
4.88K links
Bul kanalda Kadastr agentligi hám Mámleketlik kadastrlar palatası Qaraqalpaqstan Respublikası basqarmaları jańalıqlarınan xabardar bolıp barasız
Download Telegram
​​#ankarrupsiya

Алдаўшыларға алданбаң

📑Хабарыңыз бар Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2021-жыл 19-апрель күни «2021-2022-жылларда Қарақалпақстан Республикасының Нөкис қаласындағы шараяты аўыр аймақларда социаллық-економикалық, турмыслық ҳәм инфрасистема жағдайы менен байланыслы машқалаларды сапластырыў ис-илажлары ҳаққында»ғы 223-санлы қарары қабыл етилди.

Усы қарарда көрсетилген Нөкис қаласындағы «Қоскөл -1, -2, -3-, 4», «Шымбай гузары», «Боз аўыл», «Қызыл қум», «Әмиўдәря», «Қутлы мәкан», «Саманбай», «Ақ жағыс», «Айдын жол», «Телеорай» мәкан пуқаралар жыйынларында өзбасымшалық пенен тәртипсиз қурылған турақ жайларды үйренип шығыў ушын исши топар дүзилип, Мәмлекетлик кадастрлар палатасы Карақалпақстан Республикасы басқармасы Нөкис қаласы филиалы қәнигелери тәрепинен хатлаў жумыслары әмелге асырылды.
Мәкан пуқаралар жыйынларында өзбасымшалық пенен, тәртипсиз қурылған турақ жайлар бойынша топланған мағлыўматлар исши топар тарепинен көрип шығылып, турақ жайларға исши топардың тийисли жуўмағына тийкар, тийисли тәртипте кадастр ҳүжжетлери рәсмийлестириледи.

🚫Бирақ бүгинги күнде усы қарарда көрсетилген аймақларда тәртиписз қурылған турақ жайларға «кадастр ҳүжжети рәсмийлетирип беремен, мәмлекетлик дизимнен өткерип беремен» деген жалған ўәделер менен пуқараларды алдап жүргенлер бар.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 223-санлы қарарына тийкар бүгинги күнде бир неше мәкемелерден дүзилген исши топардың жумслары даўам етпекте.

❗️Ҳүрметли пуқаралар!
Еслетип өтемиз кадастр хызметин көрсетиў тек ғана Мәмлекетлик хызметлер орайы ҳәм https://my.gov.uz бирден-бир мәмлекетлик хызметлер порталы арқалы әмелге асырылады.


📲
Qaraqalpaqstan kadastr
instagram | facebook | youtube