Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги
3.74K subscribers
9.28K photos
1.64K videos
21 files
2.99K links
ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң рәсмий телеграм каналы — t.iss.one/qrdssm
Министрликтиң мурәжатлерди қабыллаў рәсмий телеграм бот каналы
(телеграм бот @qrdsmbot ) 24/7

Ютуб каналымыз: https://youtube.com/channel/UCps0pNq_35e1bRZuGHKsJGg
Download Telegram
#социаллық_қоллап_қуўатлаў

Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министри М.И. Қурбанов халықтың социаллық жағдайын ҳәм оларға көрсетилип атырған медициналық хызмет сапасын үйрениў мақсетинде Төрткул районындағы шетки ҳәм алыс аймақларға барды.

Министр райондағы Жамбасқала, Көкше, Пахтаабат, Қумбасқан ҳәм Ата-журт аўыл пуқаралар жыйынында жатақ режиминдеги наўқаслардың үйлерине барып, ҳалынан хабар алды ҳәм керекли дәри-дәрмақлар менен тәмийинледи.

Сондай-ақ, усы АПЖлар аймағындағы шаңарақлық шыпакерлик пунктлердиң искерлиги үйренилип, оларға тийисли көрсетпе ҳәм усыныслар берилди.

👉👉👉 @qrdssm
#Социаллық_қоллап_қуўатлаў

Ташкент қаласындағы Республикалық қәнигелестирилген онкология ҳәм радиология илимий-әмелий медицина орайы директоры, профессор Мирзоғолиб Нигматович Тилляшайхов халық арасында кем тәмийинленген ҳәм жәрдемге мүтәж адамлардың аўҳалын үйрениў ҳәм оларда ушырасатуғын онкологиялық кеселликлер бойынша машқалаларды сапластырыў бойынша Нөкис қаласына келди.

Ол ҚР Денсаўлықты сақлаў министри Мурад Исмаилович Қурбанов ҳәм орайдың Нөкис филиалы директоры Мухамет-Али Махмутов қатнасында Нөкис қаласы «Шығыс» мәкан пуқаралар жыйыны халқының жағдайын ҳәм онкологиялық кеселликлер бойынша машқалаларын үйренип шықты. «Темир дәптер»ге киргизилген шаңарақлардан хабар алынды.

Сондай-ақ, «Шығыс» МПЖ пуқаралары менен ушырасыў өткерилип, олардың машқалалары тыңланды. Профессор М.Тилляшайхов онкологиялық кеселликлерди емлеўде наўқасларға жәрдем берилиўин айрықша атап өтип, бул бойынша өзиниң мәсләҳәт ҳәм усынысларын берди.

👉👉👉 @qrdssm