Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги
3.53K subscribers
11.6K photos
2.27K videos
21 files
4.15K links
ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң рәсмий телеграм каналы — t.iss.one/qrdssm
Министрликтиң мурәжатлерди қабыллаў рәсмий телеграм бот каналы
(телеграм бот @qrdsmbot ) 24/7

YouTube www.youtube.com/@qrdssm
Download Telegram
#Шымбай_районы

«Ашық сәўбетлесиў» де белгиленген ўазыйпалар әмелге асырылмақта

«Ашық сәўбетлесиў»де белгиленген ўазыйпаларды нәтийжели әмелге асырыў, медицина тараўын раўажландырыў бойынша Шымбай районы медицина бирлеспеси баслығы Қ.Сатуллаев халық депутатлары Шымбай районы кеңесиниң сессиясында, районда медицина тараўында алып барылып атырған жумыслар ҳәм алдағы ўазыйпалары бойынша депутатларға есабат берип өтти.

ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги
Мәлимлеме хызмети

@qrdssm
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Шымбай_районы
#Акция_даўам_етип_атыр

Шымбай районы медицина бирлеспесине қараслы барлық шаңарақ поликлиникалар тәрепинен “Аўыл хожалығы қәнигелериниң саламатлық айлығы” акциясы жоқары дәрежеде шөлкемлестирилип келинбекте.
Әсиресе фермерлер, дийқанлар, бағбанлар ҳәм аўыл хожалық қәнигелери хызметкерлери, олардың шаңарақ ағзалары толық түрде бийпул медициналық көриктен өтип, өз саламатлықларын беккемлемекте.

ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги
Мәлимлеме хызмети

@qrdssm
👍6
#Шымбай_районы

Шымбай районында балалар ҳәм жас өспиримлер саламатлығы Ташкентли шыпакерлер тәрепинен медициналық көриктен өткерилди...

https://qrdsm.uz/779.html

ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги
Мәлимлеме хызмети

@qrdssm
👍5
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Хабар_бағдарламасы
#Саламатлық_айлыгы
#Шымбай_районы

Усы жыл 7-июньнен 7-июльге шекем жәрияланған «Саламатлық айлығы» шеңберинде, Ташкент қаласынан келген бир топар тәжирийбели шыпакерлер, Шымбай районы медициналық бирлеспесинде диспансерлик қадағалаўда турған ҳәм майыплығы болған балаларды медициналық тексериўден өткермекте.

Балаларды тереңлестирилген медициналық тексериўден өткериў ҳәм саламатластырыў илажларына, Республикалық қәнигелестирилген педиатрия илимий-әмелий медицина орайының директоры профессор Д.Ахмедованың басшылығында орайдың 9 жетекши қәнигелери бириктирилген.

Бүгинги күнге шекем кардиоревматолог, педиатр, невропатолог, хирург-уролог, лор, гастроэнтеролог, гепатолог, пульмонолог, кардиолог шыпакерлер республикамыздағы бир қатар районларында болып наўқаслығы бар болған балалар ҳәм жас өспиримлерди медициналық тексериўден өткермекте…

ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги
Мәлимлеме хызмети

@qrdssm
👍7
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Шымбай_районы
#Саламатлық_айлығы

Шымбай районы медицина бирлеспесинде, халықты медициналық тексериўлерден өткерилди.

Медициналық тексериўлерге тәжирийбели шыпакерлер, медициналық автотранспортлар қатнасты.

ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги
Мәлимлеме хызмети

@qrdssm
👍2
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Шымбай_районы

Енди "Тез жәрдем" хызмети тезлик пенен жетип барады...

Шымбай районы медицина бирлеспесиниң,тез жәрдем бөлимине жаңадан тез жәрдем автотранспортлары тапсырылды.

Бул Шымбай районы пуқараларының ҳәр тәреплеме, сапалы медицина хызметлерден пайдаланыўының және бир көриниси болып табылды.

ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги
Мәлимлеме хызмети

@qrdssm
👍8
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#Шымбай_районы

Шымбай районы медицина бирлеспеси бүгинги күнде жаңа көриниске ийе болып,барлық медициналық имканиятлар жаратылған.Әсиресе соңғы технологиялар менен тәмийинленген емлеўханада,қурамалы операциялардың әмелге асырылыўының өзи үлкен нәтийже болып есапланады.

ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги
Мәлимлеме хызмети

@qrdssm
👍5
#Шембилик
#Шымбай_районы

📌 Шембилик илажлары даўам етпекте.

Жойбар шеӊберинде Шымбай районлық медицина бирлеспеси хызметкерлери де бүгинги шембиликке белсенди қатнасып абаданластырыў илажлары әмелге асырылмақта, тереклердиң түплери жумсатылып, оларға қайта ислеў берилмекте.

ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги
Мәлимлеме хызмети

@qrdssm
👍2