Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги
3.53K subscribers
11.6K photos
2.27K videos
21 files
4.15K links
ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң рәсмий телеграм каналы — t.iss.one/qrdssm
Министрликтиң мурәжатлерди қабыллаў рәсмий телеграм бот каналы
(телеграм бот @qrdsmbot ) 24/7

YouTube www.youtube.com/@qrdssm
Download Telegram
#Рәсмий_мағлыўмат

Социал тармақлардың бири "https://t.iss.one/antikorruz" телеграм каналы арқалы жәрияланған (https://t.iss.one/antikorruz/27631) мүрәжат бойынша - ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги төмендегилерди мәлим етип билдиремиз.

Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң тийисли қәнийгелери тәрепинен үйрениў жумыслары алып барылды.

Үйрениўлер барысында Республикалық тез медициналық жәрдем орайы, Қарақалпақстан филиалына жиберилген Амиўдәрья районы медицина бирлеспеси баслығыныӊ 2024-жыл 9-июль күнги 1460-санлы шығыс хаты менен бирлеспениӊ реанимация бөлиминен аўыр жағдайдағы бийтапты «Шодибек» жеке меншик клиникасына жеткериў мақсетинде, Амиўдәрья тез медицина бөлиминен арнаўлы автомашина ажыратып берилиўин сораған. Усы шығыс хатқа тийкар Республикалық тез медициналық жәрдем орайы, Қарақалпақстан филиалыныӊ 2024-жыл 9-июль сәнесиндеги №02-07/05-санлы жуўап хаты менен Амиўдәрья тез медицина бөлимине тийисли 95.620 ВВА Дамас маркалы арнаўлы хызмет автомашинасы ажыратылғанлығы мәлим болды.

ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги
Мәлимлеме хызмети


@qrdssm
👍2
#Рәсмий_мағлыўмат

Социал тармақлардың бири "https://t.iss.one/antikorruz" телеграм каналы арқалы жәрияланған (https://t.iss.one/antikorruz/28496) мүрәжат бойынша - ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги төмендегилерди мәлим етип билдиреди.

Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң тийисли қәнийгелери тәрепинен үйрениў жумыслары алып барылды.
Үйрениўлер барысында мүрәжатта айтып өтилген Республикалық тез медициналық жәрдем орайы, Қарақалпақстан филиалына 2019-жыл май айында алып келинген 61.291.800 сумлық 2x монитор 3D функциялары менен камераны тегислеў үскенеси орнатылып, автотранспортларды оӊлаў жумысларында пайдаланылған.

Лекин 2022-жылы бул үскене орнатылған имәрат бузылып, Республикалық тез медициналық жәрдем орайы, Қарақалпақстан филиалы ушын таза имәрат бой тиклениўи себепли ҳәм бул үскенени орнатып пайдаланыўға басқа имәрат болмағанлығы себепли ҳәзирше пайдаланылмай тур.

Бул үскенени орнатып пайдаланыў ушын «Опен бюджет» тийкарында қаржы утып алып арнаўлы имәрат қурылыўы режелестирилген.

Үйрениў ўақтында автотранспорт басқарыўшылары менен өткерилген сәўбетте мүражатта айтып өтилген «филиалдыӊ бөлим баслығы Ф.Расуловтың өз хызмет ўазыйпасына жуўапкершиликсиз қарағанлығы себепли транспорт бөлиминдеги барлық автотранспортлардың ўақтында майлары алмастырылмағанлығы, техникалық хызмет (тех.обслуживания) көрсетилмегенлиги, аўысық бөлеклер (қосып жазып) толық берилмегенлиги мәмлекет мүлкин талан-тараж болыўына яғный көплеген автомашиналардың бүгинги күни жарамсыз ҳалға келип қалыўына себеп болмақта» деген сөзлери тастыйықланбады, автотранспорт басқарыўшылары бул гәптиӊ бийкар екенлиги, усы күнге шекем техникалық хызметке өз қәрежетинен ҳеш қандай қаржы сарыпламағанларын келтирип өтти.

Сондай-ақ, мүрәжатте атап өтилген Қытай мәмлекетинде ислеп шығарылған, баҳасы 600 миллион сўмлық арнаўлы м/б 95/042 CBA болған, «ФОТОН» маркалы тез жәрдем автотранспорт ҳәм ҳәзирги ўақыттағы баҳасы 590 миллион сўмлық Японияның «ISUZI D MAX» маркалы, м/б 95/405 болған автотранспоттыӊ керекли үскенелериниӊ таўылмай атырғанлығы себепли, ҳәзирги ўақытта пайдаланылмай турғанлығы, лекин тез арада бул автотранспортлар оӊланып иске түсирилиўи тийисли тараў қәнигелери тәрепинен айтып өтилди.

Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги бул мүрәжатте атап өтилген кемшиликлерди ўақтында сапластырылыўын өз қадағалаўына алды.


ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги
Мәлимлеме хызмети


@qrdssm
👍6
#Рәсмий_мағлыўмат

"Жәмийетлик қадағалаў ҳаққында"ғы Өзбекстан Республикасы Нызамына муўапық Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигине қараслы медицина бирлеспеслеринде
жәмийетлик қадағалаўды әмелге асырыў мақсетинде дүзилген исши топар тәрепинен медициналық хызметтиң сапасын үйрениўлер ўақтында анықланған кемшиликлер бойынша тез арада Қарақалпақстан телеканалы «Мүнәсибет» көрсетиўи арқалы тийисли тараў қәнигелердиӊ қатнасыўында бәршесине анықлық киритилиўин мәлим етип билдиремиз.

ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги
Мәлимлеме хызмети


@qrdssm
👍1
#Рәсмий_мағлыўмат

Социал тармақлардың бири "https://t.iss.one/antikorruz" телеграм каналы арқалы жәрияланған (https://t.iss.one/antikorruz/28459?single) мүрәжат бойынша - ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги төмендегилерди мәлим етип билдиремиз.

Пуқара К.Мадрахимовтың мүрәжатынде айтып өтилген Республика тез медициналық жәрдем Орайы, Қарақалпақстан филиалындағы бетон плита ҳеш ким тәрепинен алып кетилмегенлиги, филиал есабында бар екенлигин, ал темирден исленген ферма мақсетли жумсалғанлығын мәлим етип билдиремиз.

Усы орында пуқараларға дәлилленбеген жалған мағлыўмат тарқатқаны ушын Нызамда жаза шарасы бар екенлигин ескертпекшимиз.

ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги
Мәлимлеме хызмети


@qrdssm
👍4
#Рәсмий_мағлыўмат

Социал тармақлардың бири "https://t.iss.one/Kar24Uz" телеграм каналы арқалы жәрияланған (https://t.iss.one/Kar24Uz/37066) мүрәжат бойынша -ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги мүрәжатты тезлик пенен үйренип, Хожели районы медицина бирлеспесиниӊ туўыў үйиндеги жағдай бойынша төмендегилерди мәлим етип билдиремиз.

Хожели районы медицина бирлеспесиниӊ туўыў үйи бөлиминде киши оӊлаў жумыслары алып барылыўы себепли ишимлик суўы ўақтынша тармақтан үзилип қойылған. Лекин ишимлик суўы жетерлише тәмийинленип турылған, бирақ пуқара тек бос ыдысларды ғана видеода көрсетип өткен.

Ҳәзир түн болыўына қарамастан, оӊлаў жумыслары даўам еттирилип ишимлик суўы тармаққа жалғанғанлығын мәлим етип билдиремиз.
Сондай-ақ, Хожели районы медицина бирлеспесиниӊ туўыў үйи 10-августтан дезинфекция илажлары ҳәм киши оӊлаў жумыслары өткериў ушын жабылыўы мүнәсибети менен Хожели районыныӊ ҳәмледарлық мүддети 22 ҳәптеге шекемги ҳәмледарларына қыстаўлы көрсетпелер болған жағдайда гинекологик хызмет көрсетилиўи белгиленгенлигин, аўыр аҳўалдағы ҳәмледар ҳәм босаныўшы ҳаялларды Республикалық қәнигелестирилген ана ҳәм бала саламатлығы илимий-әмелий медицина орайы, Қарақалпақстан филиалына үзликсиз тез жәрдем машинасы менен алып барылыўы белгиленгенлигин қосымша мәлим етип билдиремиз.

ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги
Мәлимлеме хызмети


@qrdssm
👍10
#Рәсмий_мағлыўмат

Социал тармақлардың бири «https://t.iss.one/kruzuz» телеграм каналы арқалы жәрияланған (https://t.iss.one/kruzuz/34690) мүрәжат бойынша -ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги төмендегилерди мәлим етип билдиремиз.

Тез медициналық жәрдем бригадасына бийтапқа анық диагноз қойыў, бийтаптыӊ жағдайын жақсылаў ҳәм турақластырыўға имкан бериўши ис-илажларды әмелге асырыў ўазыйпалары жүклетилген.

Сонлықтан, Амиўдәрья районы медицина бирлеспениӊ реанимация бөлиминдеги аўыр жағдайда болған наўқасты кеселликтиӊ  асқыныўларыныӊ алдын алыў, анық ҳәм толық диагностикалық  мағлыўмат алыў мақсетинде  заманагөй аппаратлары бар «Шодибек» жеке меншик клиникасында тексериўден өткерилген.

ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги
Мәлимлеме хызмети


@qrdssm
👍2
#Рәсмий_мағлыўмат

Социал тармақлардың бири "https://t.iss.one/antikorruz" телеграм каналы арқалы жәрияланған (https://t.iss.one/antikorruz/29178) мүрәжат бойынша -ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги тәрепинен қадағалаўға алынды ҳәм бул жағдай бойынша тез арада рәсмий мағлыўмат бериледи.

ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги
Мәлимлеме хызмети


@qrdssm
#Рәсмий_мағлыўмат

Социал тармақлардың бири "https://t.iss.one/antikorruz" телеграм каналы арқалы жәрияланған (https://t.iss.one/antikorruz/29178) мүрәжат бойынша -ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги төмендегилерди мәлим етип билдиреди.

Пуқара өзиниң 5 жаслы перзенти Н.Сны Төрткул районлық медицина бирлеспесиниң Районлараралық политравма ҳәм өткир қан тамыр кеселликлер орайына алып келген ҳәм нәўбетши шыпакерге көрсетип, керекли дәри дармақлар жаздырып алған ҳәм мийирбийке Т.Зға шыпакер жазған дәри-дармақларды алып келип, салыўын соранған. Мийирбийке Т.З "Егер пул берсе ғана керекли инекцияларды әмелге асырыўын" айтып өткен. Пуқара өзиниң өмирлик жолдасына бул бойынша хабарландырып, пул алып келиўин айтады ҳәм өмирлик жолдасы пул алып келип мийирбийкеге берген.

Халыққа медициналық хызмет көрсетиў, бирлемши медициналық-санитариялық жәрдем бериў бийпул болып, мийирбийке Т.Зның нызамсыз бул ис-ҳәрекетлери ушын, оған Өзбекстан Республикасы Мийнет кодексиниң 312-статьясы, 2-бәнтине тийкар орташа ис ҳақысынан 10 пайыз муғдарында жәрима жазасы қолланылды.

Ҳүрметли пуқаралар ҳәр бир инсан саламатлығы биз ушын әҳмийетли ҳәм жуўапкершиликти талап ететуғын мәселе, сонлықтан денсаўлығыӊыздан ямаса медициналық хызмет көрсетиўлерден кеўлиӊиз толмай атырған болса тиккелей аймағыңыздағы медицина бирлеспеси администрациясына хабарлаўыңызды яки Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниӊ исеним телефонына (+998612260048) қоңыраў етиўиңизди сораймыз!

ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги
Мәлимлеме хызмети


@qrdssm
👍5
#Рәсмий_мағлыўмат

Социал тармақлардың бири "https://t.iss.one/antikorruz" телеграм каналы арқалы жәрияланған (https://t.iss.one/antikorruz/29171) мүрәжат бойынша - ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги төмендегилерди мәлим етип билдиреди.

Төрткул районлық медицина бирлеспеси аймағындағы егин майданларына гүз-қыс, бәҳар мәўсимлеринде егилген нәллердиң айырымлары көгермей қуўрап қалғанлығы, абаданластырыў илажлары алып барылмағанлығы мәлим болды.

Жол қойылған қәте кемшиликлер сапластырылып, абаданластырыў жумыслары алып барылды.

ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги
Мәлимлеме хызмети


@qrdssm
👍2🔥1
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Рәсмий_мағлыўмат

Социал тармақлардың бири "https://t.iss.one/Kar24Uz" телеграм каналы арқалы жәрияланған (https://t.iss.one/Kar24Uz/37329) мүрәжат бойынша -ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги төмендегилерди мәлим етип билдиреди.

Шоманай районы турғыны, I топар майыбы, пуқара Мийригүл Отепова өз мүрәжатинде Шоманай районлық медицина бирлеспесиниң терапия бөлиминде емленип атырғаны ҳәм керекли дәри-дармақлардың жетерли дәрежеде берилмей атырғаны бойынша айтып өткен.

Бул мүрәжат Денсаўлықты сақлаў министрлиги ҳәм Шоманай районы ҳәкимлигиниң тийисли қәнигелери тәрепинен үйренилип, қәўендерлик есабынан әмелий жәрдем көрсетилди.

ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги
Мәлимлеме хызмети


@qrdssm
👍5
#Рәсмий_мағлыўмат

Социал тармақлардың бири "https://t.iss.one/Hoja_uz" телеграм каналы арқалы жәрияланған (https://t.iss.one/Hoja_uz/12883) мүрәжат бойынша - ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги төмендегилерди мәлим етип билдиремиз.

Өзбекстан Республикасыныӊ “Мийнетти қорғаў ҳаққында”ғы Нызамыныӊ 24-статьясы, Мийнет кодексиниӊ 166, 214-статьялары ҳәм “Хызметкерлерди медициналық тексериўден өткериў тәртиби ҳаққында”ғы қағыйда (дизим номери 2387, 29.08.2012-ж.)ға тийкарланып, ис бериўши 18 жасқа толмаған шахслардыӊ ҳәм улыўма белгиленген пенсия жасына жеткен шахслардыӊ, майыплардыӊ, улыўма билимлендириў мектеплери, мектепке шекемги тәрбия ҳәм басқа мәкемелердиӊ тиккелей балаларға билим яки тәрбия бериў менен бәнт болған педагог ҳәм басқа тармақлардағы хызметкерлердиӊ Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги тәрепинен белгиленген тәртипте дәслепки тәризде (жумысқа алынғанда) ҳәм дәўирлик (мийнет жолы даўамында) мәжбүрий медициналық тексериўлерден өткерилиўин шөлкемлестириўи шәрт.

Медициналық тексериўлерди өткериў ўақтында хызметкердиӊ жумыс орны (лаўазымы) ҳәм орташа айлық ис хақысы сақланады. Медициналық тексериўден өтиў мүнәсибети менен байланыслы қаржыларды компенсация етиў жумыс бериўшиниӊ есабынан әмелге асырылады, хызметкерлер шығымдар болмайды.

ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги
Мәлимлеме хызмети


@qrdssm
👍7
#Рәсмий_мағлыўмат

Социал тармақлардың бири " https://t.iss.one/Kar24Uz" телеграм каналы арқалы жәрияланған (https://t.iss.one/Kar24Uz/37493) мүрәжат бойынша - ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги төмендегилерди мәлим етип билдиремиз.

Өзбекстан Республикасыныӊ 2004-жыл 6-майдағы “Пуқаралардыӊ мүрәжатлары ҳаққында”ғы жаӊа редакциядағы Нызамыныӊ 6-статьясы 3-бөлиминде “Пуқараныӊ фамилиясы (аты, әкесиниӊ аты), жасаў орны ҳаққындағы мағлыўматлар көрсетилмеген, яки ол ҳаққында қәлбеки мағлыўматлар көрсетилген, сондай-ақ, қол қойылмаған жазба мүрәжатлар аноним деп есапланады ҳәм көрип шығылмайды” деп көрсетилген.

Усы нызам талабынан келип шыгып, бул аноним мүрәжат ҳеш қандай ҳуқықый әҳмийетке ийе емес ҳәм олар үйренип шығылмайды.

ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги
Мәлимлеме хызмети


@qrdssm
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Рәсмий_мағлыўмат

«Маймыл шешеги» Қарақалпақстанға кирип келгени распа?!

Республикалық балалар көп тармақлы медицина орайыныӊ мәсләҳат поликлиника бөлиминиӊ шыпакери, «Биолаб - ЛОР» клиникасы баслығы Ақжарқын Ешимбетова телеграм топары арқалы өзиниӊ клиника жәмәәтине «Маймыл шешеги» ҳаққында тастыйықланбаған, жалған видеохабар жоллаған ҳәм бул видеохабар усы топардағы медицина хызметкерлери тәрепинен тарқалып кетиўине себепши болған. 

👉Толық оқыў ушын:https://qrdsm.uz/1342.html

ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги
Мәлимлеме хызмети


@qrdssm
👍2
#Рәсмий_мағлыўмат

Социал тармақлардың бири «https://t.iss.one/KARAKALPAK24» телеграм каналы арқалы жәрияланған (https://t.iss.one/KARAKALPAK24/35561) мүрәжат бойынша -ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги төмендегилерди мәлим етип билдиремиз.

Нөкис қалалық медицина бирлеспесине қараслы 5-санлы шаңарақ поликлиникасында жүз берген жағдай тийисли тараў қәнигелери тәрепинен тезлик пенен үйренип шығылып, унамлы шешилди.

ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги
Мәлимлеме хызмети


@qrdssm
👍3
#Рәсмий_мағлыўмат

Социал тармақлардың бири «https://t.iss.one/Kar24Uz» телеграм каналы арқалы жәрияланған (https://t.iss.one/Kar24Uz/38181) мүрәжат бойынша – Нөкис қалалық медицина бирлеспеси төмендегилерди мәлим етип билдиремиз.

Нөкис қалалық медицина бирлеспесиниң неврология бөлиминде емленип атырған Е.Г исмли пуқарадан жолланған видеомүрәжат тийисли тараў қәнигелери тәрепинен үйренип шығылды (тийкарынан ыссы суў сол күни ўақтынша үзилиске түскен, лекин сол күнниң өзинде ыссы суў жеткерип бериў қайта тикленген, ҳәжетхана унитазына киши оңлаў жумыслары алып барылды, бөлимдеги зыянкеслерге (таракан) қарсы тез арада дәрилеў жумыслары алып барылады) ҳәм кемшиликлер сапластырылды. Алдағы ўақытларда бундай кемшиликлер болдырмаўға ҳәрекет етемиз.

Нөкис қалалық медицина бирлеспеси

@ngmouz
👍1
Forwarded from NGMO.UZ
#Рәсмий_мағлыўмат

Социал тармақлардың бири "https://t.iss.one/Hoja_uz" телеграм каналы арқалы жәрияланған (https://t.iss.one/Hoja_uz/13479) мүрәжат бойынша - Нөкис қалалық медицина бирлеспеси төмендегилерди мәлим етип билдиремиз.

“Қарақалпақстан Республикасы Конституциясының 4-статьясында Қарақалпақ тили ҳәм өзбек тили Қарақалпақстан Республикасының мәмлекетлик тили болып табылады”,- деп көрсетилген.

Усы нызам талабынан келип шыгып, Нөкис қалалық 2-санлы шаңарақ поликлиникасында көрсетилген “муолажа” сөзи өзбек тилинде жазылған болып, бул ханада тек ғана қан анализлери (биохимия анализлери, АИВге, РВга, гепатитлерге) алынып қоймастан, шаншыў илажлары (тери асты, булшық ет арасы, вена ишине инъекциялар исленеди) алып барылады.

Сонлықтан, бул ханаға "шаншыў" мәнисин билдириўши "муолажа" сөзи жазылған.

Нөкис қалалық медицина бирлеспеси

@ngmouz
👍4
#Рәсмий_мағлыўмат

Социал тармақлардың бири "https://t.iss.one/Kar24Uz" телеграм каналы арқалы жәрияланған (https://t.iss.one/Kar24Uz/38396) мүрәжат бойынша - ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги төмендегилерди мәлим етип билдиремиз.

Хожели районлық медицина бирлеспесиниӊ туўыў үйи бөлиминде 9-август күни киши оӊлаў жумыслары алып барылыўы себепли ишимлик суўы ўақтынша тармақтан үзилип қойылғанлығы, лекин сол күни түн болыўына қарамастан, оӊлаў жумыслары даўам еттирилип, ишимлик суўы тармаққа жалғанғанлығы бойынша Хожели районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети тәрепинен видеомағлыўмат таярланып социал тармаққа жайластырылған.

Видеомағлыўматта Хожели районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети баслығы С.Хурметуллаева ҳәм Хожели районы медицина бирлеспесиниң хызметкерлери пуқаралық кийимде жүргенлиги ҳеш бир санитариялық нормалардың бузылыўына себеп болмаған. Себеби олар өз жумыс ўақтынан тысқары ўақытта ҳәм туўыў бөлиминиң дәлизинде (коридорында) ғана жүргенлиги, мүрәжатшы мененде тек ғана дәлизде (коридорда) сәўбетлескенлиги сәўлеленген.

ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги
Мәлимлеме хызмети

@qrdssm
👍3
#Рәсмий_мағлыўмат

Социал тармақлардың биринде жәрияланған мүрәжат бойынша - ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги төмендегилерди мәлим етип билдиремиз.

Республикалық тез медициналық жәрдем орайы Қарақалпақстан филиалы Қоңырат районы тез медициналық жәрдем бөлими меңгериўшиси Ж.Шанимов (сол күнги нәўбетши шыпакер) Тез медициналық жәрдем бригадасы менен бирге нәўбетшилиги ўақтында халықтан келген шақырыўларға бармастан, жумыс орнында спиртли ишимлик ишкен мәс ҳалатында екенлиги анықланды. Сондай-ақ, Қоңырат районы тез медициналық жәрдем бөлиминиң нәўбетши диспетчери Джолдасова Гулсара усы жағдай ҳаққында САLL орайының жуўапкер шыпакерлерин өз ўақтында хабардар қылмағанлығы ушын ҳәм нәўбетши фельдшер Абдуллаева Насиба шыпакерлерге жүкленген ўазыйпаны орынлап шақырыўларға өзи барғанлығы ушын Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң 328-санлы буйрық талапларын бузғанлығы себепли ҳәм Өзбекстан Республикасы Мийнет Кодексиниң 312-статьясы 1-бәнтине муўапық “СӨГИС” интизамый жаза шарасы қолланылды.

Ал, Қоңырат районы тез медициналық жәрдем бөлими меңгериўшиси Ж.Шанимов Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң 328-санлы буйрығы, 131-санлы буйрығы ҳәм филиал ишки тәртип қағыйдаларын қопал түрде бузғанлығы себепли Өзбекстан Республикасы Мийнет Кодексиниң 161-статьясы 5-бәнтине муўапық, Қоңырат районы тез медициналық жәрдем бөлими меңгериўшиси Ж.Шанимов пенен дүзилген Мийнет шәртнамасы тоқтатылғанлығын мәлим етемиз.

ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги
Мәлимлеме хызмети

@qrdssm
👍6
#Рәсмий_мағлыўмат

Социал тармақлардың биринде жәрияланған видео бойынша - ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги төмендегилерди мәлим етип билдиремиз.

Республикалық тез медициналық жәрдем орайы Қарақалпақстан филиалы Әмиўдәрья районы тез медициналық жәрдем бөлиминиң 15-бригадасына саат 19:40та Әмиўдәрья районы Қылышбай АПЖ Баҳовиддин Нақшбандий көшеси турғынынан сол үйде жасаўшы пуқара 1997-жыл туўылған К.Р исмли пуқараның бийтаплығы бойынша шақырық келип түскен.

Шақырыққа сол күни нәўбетшиликте болған тез медициналық жәрдем хызметкерлери шыпакер С.П, фельдшер Б.Ж, шофёр М.Ҳ шақырық мәнзилине 8 минут 30 секундта яғный, саат 19:48де жетип барған.

Бийтапты тексериўден өткерип, оған "Алиментар гастрит" диагнозын қойған ҳәм бийтапқа керекли медициналық жәрдем көрсетилип турған ўақтында бийтаптың қасында ханада қайин атасы, қайин енеси, қайин сиңлиси болған. Бийтапқа медициналық жәрдем көрсетилип атырғанында, бийтап қайин атасына ханадан шығып турыўын илтимас еткенинде, оның қайин атасы мәс жағдайда(спиртли ишимлик ишкен) болып, ханадан агрессив жағдайда сөгинип шығып кеткен.

Тез медициналық жәрдем хызметкерлери бийтапқа керекли жәрдемди көрсетип сыртқа шығып атырған ўақтында, бийтаптың Т исмли қайин атасы шыпакер ҳәм фельдшерге ҳүжим етип, денесиниң жүз ҳәм мойынына жеңил дене жарақатын жеткизген ҳәм оларды кемситип, сөгис гәплерди айтқан.

Бул жағдай бойынша "102" районлық ИИБне хабар берилген. Тез медициналық жәрдем хызметкерлерине зулымлық еткен шахс ИИБ хызметкерлери тәрепинен алып кетилген.

Дене жарақатын алған тез медициналық жәрдем хызметкерлери Әмиўдәрья районлық медицина бирлеспесиниң травматологиялық пунктинде шыпакер тексериўинен өткерилген.

Бул жағдайдан кейин тез медициналық жәрдем фельдшери Б.Ж нәўбетшилигин жуўмақлап үйине қайтқан. Ал шыпакер С.П денесине жеткерилген жарақатқа қарамастан жумыс орнында искерлигин даўам еттире алыўын айтып тил хат берген ҳәм өз жумыс орнында қалдырылған.

Усы орында пуқараларға медицина хызметкерлериниң жумысына кесент етиўши ис-ҳәрекетлер ушын Нызамда жуўапкершилик бар екенлигин ескертпекшимиз.

ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги
Мәлимлеме хызмети

@qrdssm
👍12
#Рәсмий_мағлыўмат

Социал тармақлардың биринде  жәрияланған мүрәжат бойынша - ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги төмендегилерди мәлим етип билдиремиз.

Бүгин Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министр орынбасары Гауҳар Абдисаметова Республикалық балалар көп тармақлы медицина орайы гемотология бөлиминде емленип атырған наўқаслар ҳалынан хабар алып, оларға жаратылған шәраятлар менен танысқан.

Бул Ташкенттен келген яки министрликтен дүзилген исши топары емес екенлигин мәлим етип билдиремиз.

Гемотология бөлиминиң басқа жерге көшириў мәселеси тийисли тәртипте үйренилип шығылады. Бул бойынша қосымша хабар бериледи.

ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги
Мәлимлеме хызмети

Telegram | Instagram | Facebook | YouTube
👍6