Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги
3.71K subscribers
9.44K photos
1.68K videos
21 files
3.04K links
ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң рәсмий телеграм каналы — t.iss.one/qrdssm
Министрликтиң мурәжатлерди қабыллаў рәсмий телеграм бот каналы
(телеграм бот @qrdsmbot ) 24/7

Ютуб каналымыз: https://youtube.com/channel/UCps0pNq_35e1bRZuGHKsJGg
Download Telegram
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Хабар_бағдарламасы
#Саламатлық_айлыгы
#Шымбай_районы

Усы жыл 7-июньнен 7-июльге шекем жәрияланған «Саламатлық айлығы» шеңберинде, Ташкент қаласынан келген бир топар тәжирийбели шыпакерлер, Шымбай районы медициналық бирлеспесинде диспансерлик қадағалаўда турған ҳәм майыплығы болған балаларды медициналық тексериўден өткермекте.

Балаларды тереңлестирилген медициналық тексериўден өткериў ҳәм саламатластырыў илажларына, Республикалық қәнигелестирилген педиатрия илимий-әмелий медицина орайының директоры профессор Д.Ахмедованың басшылығында орайдың 9 жетекши қәнигелери бириктирилген.

Бүгинги күнге шекем кардиоревматолог, педиатр, невропатолог, хирург-уролог, лор, гастроэнтеролог, гепатолог, пульмонолог, кардиолог шыпакерлер республикамыздағы бир қатар районларында болып наўқаслығы бар болған балалар ҳәм жас өспиримлерди медициналық тексериўден өткермекте…

ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги
Мәлимлеме хызмети

@qrdssm