Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги
3.72K subscribers
9.42K photos
1.67K videos
21 files
3.03K links
ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң рәсмий телеграм каналы — t.iss.one/qrdssm
Министрликтиң мурәжатлерди қабыллаў рәсмий телеграм бот каналы
(телеграм бот @qrdsmbot ) 24/7

Ютуб каналымыз: https://youtube.com/channel/UCps0pNq_35e1bRZuGHKsJGg
Download Telegram
#Социаллық_қорғаў

Елимизде имканияты шекленген шахслардың мәплерин қорғаў, оларды жәмийетимиздиң толық ағзасы екенлигин көрсетиў мақсетинде Бозатаў районлық медицина бирлеспеси баслығы Р.Утемисова ҳәм сектор басшылары биргеликте райондағы имканияты шекленген инсанлардың ҳалынан хабар алды.

Пуқаралар Б.Сейлбаев, Ж.Баймуханова, Ж.Аймуратов, Н.Кдырбекова, К.Абылов, Т.Ниетов, Т.Утениязов ҳәм А.Утепбергеновалардың шараятлары үйренилип, олар арбаша, еситиў аппараты ҳәм ҳасса таяқлар менен тәмийинленди.

Орынларда усындай социаллық қоллап-қуўатлаў жумысларының еле де даўам еттирилиўи көзде тутылған.

👉👉👉 @qrdssm
Аграр тараўда мийнет етип атырған ҳаял-қызлар медициналық тексериўден өткерилди

Әмиўдәрья районында
кескин ықлым шараятында тынбай мийнет етип киятырған фермер ҳәм мөлдек жер ийелери болған 11 ҳаял-қыздың денсаўлығын сақлаў ҳам тиклеў мақсетинде районлық медицина бирлеспесиниң көп тармақлы орайлық поликлиникасында бийпул медициналық көрик шөлкемлестирилди.

ЭКГ, УДТ, лаборатор инструментал тексериўлер ҳәм тар шеңбердеги тараў қәнигелеринен онколог – М.Халимбетов, кардиолог – Н.Базарбаева, эндокринолог – М.Нурымбетова, терапевт – Р.Матякубова, стоматолог – Г.Абдуллаева ҳәм акушер-гинеколог – М.Ахмедовалар алып барған медициналық тексериў нәтийжелерине көре 11 фермер ҳәм мөлдек жер ийелери болған ҳаял-қыздан 4 и саламат, ал 7 инде ҳәрқыйлы созылмалы кеселликлер анықланды. Оларға керекли емлеў усыллары ҳәм саламатластырыў бойынша усыныслар берилди.
Сондай-ақ, профилактикалық медициналық көрик даўамында дурыс ҳәм саламат аўқатланыў, физикалық белсендилик, үйдиң тазалығы, жеке гигиенаға әмел етиўдиң пайдасы ҳәм оған әмел етилмегенде келип шығатуғын кеселликлер туўралы толық түсиник жумыслары алып барылды ҳәм олардың қызыққан сораўларына дурыс ҳәм анық мысаллар менен жуўап берилди.

Ф.Абдуллаев,
Әмиўдәрья районлық медицина бирлеспеси баслығы

👉👉👉 @qrdssm
#социаллық_қоллап_қуўатлаў

Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министри М.И. Қурбанов халықтың социаллық жағдайын ҳәм оларға көрсетилип атырған медициналық хызмет сапасын үйрениў мақсетинде Төрткул районындағы шетки ҳәм алыс аймақларға барды.

Министр райондағы Жамбасқала, Көкше, Пахтаабат, Қумбасқан ҳәм Ата-журт аўыл пуқаралар жыйынында жатақ режиминдеги наўқаслардың үйлерине барып, ҳалынан хабар алды ҳәм керекли дәри-дәрмақлар менен тәмийинледи.

Сондай-ақ, усы АПЖлар аймағындағы шаңарақлық шыпакерлик пунктлердиң искерлиги үйренилип, оларға тийисли көрсетпе ҳәм усыныслар берилди.

👉👉👉 @qrdssm
#социаллық_қорғаў

Халықтың, соның ишинде имканияты шекленген шахслардың мәплерин қорғаў ҳәм социал турмыс шараятын үйрениў мақсетинде ҚР Денсаўлықты сақлаў министри М.И. Қурбанов Қанлыкөл районында болды.

Жаңа қала АПЖ аймағында жасаўшы диагнозы «Ревмотоидлы полиартрит» ҳәм «Созылмалы холецистит» болған наўқас Крамов Абатбай (1973-жылы туўылған), диагнозы «Мийде қан айланыўының өткир бузылыўының асқыныўы» болған Айтжанов Марат (1954-жылы туўылған), диагнозы «Ревматоидлы полиартрит» болған Дәўлетмуратова Гүлпаршынлардың (1964-жылы туўылған) ҳалынан хабар алынып, емлениўи бойынша керекли дәри-дәрмақлардан жәрдем берилди.

👉👉👉 @qrdssm
Төрткул районлық медицина бирлеспесинде тәбийий ҳәм техноген түстеги айрықша жағдайларда дурыс ҳәрекет етиў ҳәм ақыбетлерин сапластырыў мақсетинде Айрықша жағдайлар басқармасы хызметлери менен биргеликте көргизбели-тактик оқыў шынығыўлары өткерилди.

Тактик оқыў шынығыўында медицина хызметкерлери ҳәм айрықша жағдайлар басқармасы хызметкерлери тәбийий ҳәм техноген апатларда қалай ҳәрекет етиў бойынша өзлериниң билим ҳәм көнликпелерин еле де беккемлеп алды.

👉👉👉 @qrdssm
“Ҳешким меҳир ҳәм итибардан шетте қалмасын!”

Арқа-батыс әскерий округи Орайлық әскерий клиникалық госпиталы ҳәм Нөкис әскерий госпиталы медицина хызметкерлери
тәрепинен “Ҳешким меҳир ҳәм итибардан шетте қалмасын!” ураны шеңберинде Тахтакөпир районы Жаңадәрья аўыл пуқаралар жыйынында медициналық көрик шөлкемлестирилди.

Жаңадәрья АПЖ Тахтакөпир районы орайынан 18 км узақлықта жайласқан болып, улыўма халқының саны 709, соннан 18 жасқа дейинги балалар – 274, 18 жастан үлкенлер – 435, туўыў жасындағы ҳаяллар – 170, имканияты шекленген шахслар – 24.

Аўылда Арқа-батыс әскерий округи Орайлық әскерий клиникалық госпиталы ҳәм Нөкис әскерий госпиталы (хирург, невропатолог, терапевт, травматолог, лаборант шыпакери, окулист) қәнигелери ҳәм районлық медицина бирлеспесинен (акушер-гинеколог, педиатр, УДТ шыпакери) қәнигелер биргеликте медициналық көрик ҳәм инструментал тексериўлерден (ЭКГ, УДТ) 378 пуқара тереңлестирилген медициналық көриктен өткерилди.

Тексериў нәтийжелер нәтийжесинде 78 пуқарада ҳәрқыйлы кеселликлер анықланып, 5 пуқараға Республикалық емлеў-профилактикалық мәкемелерине, 15 пуқараға районлық медицина бирлеспесине стационар шараятта емлениўи ушын жолламалар ҳәм 55 пуқараға болса амбулатор шараятта емлениўи ушын медициналық усыныслар берилди. Сондай-ақ, халыққа бийпул дәри-дәрмақлар тарқатылды.

Ы.Д. Палўанов,
Тахтакөпир РМБ баслығы

👉👉👉 @qrdssm