Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Операция
Ағасы өз инисине бүйрегин берди
Бүгин У.Халмуратов атындағы республикалық емлеўхананың хирургия бөлиминде, Беруний районынан аға-инили
Кенжаев Шавкат өз инисине бүйрегин берди.
Иниси Кенжаев Алишерге ағасының бүйреги, тәжирийбели хирург шыпакерлер тәрепинен көширип өткерилди.
Ҳәзирде операция жақсы жуўмақланып,Кенжаевлардың денсаўлығы жақсы жағдайда.
Олар тәжирийбели шыпакерлер тәрепинен,операциядан соң бақлаўда болып турады.
ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги
Мәлимлеме хызмети
✅ @qrdssm

У.Халмуратов атындағы республикалық көп тармақлы емлеўханада “Бүйрек көширип өткериў” операциясы тәжрийбели шыпакерлер тәрепинен әмелге асырылып,табыслы жуўмақланды.
Қоӊырат районында жасаўшы, пуқара А.Матмуратов нешше жыллардан берли“Даўамлы гломерулонефрит аралас формасы.Бүйрек жетиспеўшилиги режели гемодиализ”наўқаслығы менен емленип киятырган еди.
Наўқастыӊ доноры,
Р.Жаббарбергенова өз қәлеўи менен бир бүйрегин өмирлик жолдасына беретуғын болды.
“Бүйрек көширип өткериў” операциясы ушын бул еки пуқара, Акедемик В.Вахидов атындағы республикалық қәнигелестирилген илимий хирургия орайында,операция ушын барлық медициналық тексериўлерден өткерилген ҳәм операция ушын жуўмақ берилген.
Операцияны жергиликли ҳәм Ташкент қаласынан келген хирург шыпакерлер әмелге асырды ҳәм нәтийжели жуўмақланды.
Ҳәзирде еки пуқараныӊ да, денсаўлығы жақсы.
Бул операцияныӊ барлық ғарежетлери, “Мәмлекетлик қамсызландырыў қоры” тәрепинен қаплап берилди.

Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#онлайн
#операция
Ҳәзирги ўақытта алыс аймақлардың бири Қазақстан Республикасына қоңсылас болған Қоңырат районлық медицина бирлеспесинде биринши мәрте "Бүйрек көширип өткериў" операциясы болып атыр.
Бираздан соң толық мағлыўматлар менен бөлисемиз...