Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги
3.71K subscribers
9.43K photos
1.68K videos
21 files
3.04K links
ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң рәсмий телеграм каналы — t.iss.one/qrdssm
Министрликтиң мурәжатлерди қабыллаў рәсмий телеграм бот каналы
(телеграм бот @qrdsmbot ) 24/7

Ютуб каналымыз: https://youtube.com/channel/UCps0pNq_35e1bRZuGHKsJGg
Download Telegram
Forwarded from Joqarǵi keńes.uz
Нөкис қаласындағы Республикалық қыстаўлы медициналық жәрдем илимий орайы Қарақалпақстан филиалы жаңа имаратының ашылыў салтанаты болып өтти

Ашылыў салтанатында Жоқарғы Кеңес Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, жаңа имараттың пайдаланыўға тапсырылыўы менен тараў хызметкерлерин қутлықлады ҳәм ҳүрметли Президентимиздиң айрықша итибары менен бундай медициналық орай Өзбекстан көлеминде биринши болып, Қарақалпақстанда бой тиклегенин атап өтти.

Айтып өтиў орынлы елимизде барлық тараўлар қатарында денсаўлықты сақлаў тараўында да үлкен өзгерислер менен жаңаланыўлар жүз бермекте. Тараўды раўажландырыў бойынша қабыл етилип атырған пәрман ҳәм қарарлар, белгилеп берилген ўазыйпалар кең көлемли жумысларға беккем тийкар болып хызмет етпекте.

Усындай ийгиликли ислердиң даўамы сыпатында бүгин Республикалық қыстаўлы медициналық жәрдем орайының жаңа имараты пайдаланыўға тапсырылды.

Ҳүрметли Президентимиздиң арнаўлы қарары менен ажыратылған 61 млрд. сум қаржы тийкарында 4 қабатлы етип қурып питкерилген жаңа имарат заманагөй медициналық әсбап-үскенелер ҳәм зәрүрли инвентарьлар менен тǝмийинленди.

Жаратылған мүмкиншиликлер нәтийжесинде усы күнге шекем Ташкент қаласында өткерилип келинген айырым қурамалы операцияларды Орайда өткериў имканияты жаратылды. Имарат 130 орынға мѳлшерленген болып, буннан тысқары, қосымша 50 орын шөлкемлестирилиўи режелестирилмекте.

Сондай-ақ, сырт елдиң тәжирийбели шыпакерлери емлеўханаға келиўи ҳәм айырым қурамалы операциялардың жасалма интелект жәрдеминде әмелге асырылыўы, Орай шыпакерлериниң Европа ҳәм басқа да дүнья еллерине тәжирийбесин арттырыў мақсетинде жиберилиўи ҳәм усы тийкарда Орайдың өзинде шет елден келген тәжирийбели шыпакерлерден мастер-класслар шөлкемлестирилиўи күтилмекте.

Ашылыў мәресими даўамында Жоқарғы Кеңес Баслығы Орайда жаратылған имканиятлар менен жақыннан танысты.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Нөкис қалалық медицина бирлеспесине қараслы 8-санлы Шаңарақлық Поликлиникасының жаңа имараты салтанатлы түрде тапсырылды.

Нукус шаҳар тиббиёт бирлашмасига қарашли 8-сонли Оилавий Поликлиникасининг янги иморати тантанали равишда топширилди
.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Республика тез жәрдем орайы аймақлық филиалының ашылыў мәресими болып өтти

Республика тез ёрдам маркази ҳудудий филиалининг очилиш маросими бўлиб ўтди


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
#Дыққат_Дағаза

Ҳүрметли ҒХҚ ўәкиллери ҳәм блогерлер,мәлимлеме хызмети қәнигелери, сизлерди ҚР АИЖС ке қарсы гүресиў орайында болып өтетуғын “Баспасөз конференциясына” мирәт етемиз.

Баспасөз конференциясында орайдың 2023 жыл әмелге асырған жумыслары ҳәм жаңа 2024 жыл даўамында әмелге асырылатуғын жумыслар ҳаққында тийисли тараў қәнигелеринен жуўаплар алсаңыз болады.

Болып өтетуғын ўақты: 13.02.2024
Мәнзил: Нөкис қаласы/ А.Досназаров көшеси/ 15 жай
Телефон:
+998612238423
#Саат_11_00

ҚР Денсаўлықты сақлаў минстрлиги
Мәлимлеме хызмети


@qrdssm
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Онлайн

Ҳаялы өз өмир жолдасына бүйрегин берди


Ҳәзирде У.Халмуратов атындағы Республикалық емлеўхананың, хирургия бөлиминде "Бүйрек көширип өткизиў" операциясы болып атыр.

Операцияны жергиликли ҳәм Ташкент қаласынан келген хирург шыпакерлер әмелге асырмақта.

Операция бойынша бираздан толығырақ мағлыўмат беремиз...

ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги
Мәлимлеме хызмети

@qrdssm
#Онлайн

Ҳүрметли  ҒХҚ ўәкиллери ҳәм блогерлер,мәлимлеме хызмети қәнигелери,ҚР АИЖС ке қарсы гүресиў орайында “Баспасөз конференциясы” басланды.

Егерде сораўларыңыз болса
@qrdssm1_bot телеграм тармағына жолласаңыз болады.

ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги
Мәлимлеме хызмети

@qrdssm
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
“Tepki kasalligi bepushtlikka olib kelishi mumkin” — Sanepidqo‘mita bosh mutaxassisi Xursanoy Jamalova

Tepki (epidemiyali parotit) kasalligi o‘tkir yuqumli kasallik bo‘lib, uni qo‘zg‘atuvchi viruslar havo tomchilari orqali yuqadi.

@daryo_live
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Ахборот 24 | Нукусда учта тиббиёт объекти фойдаланишга топширилди
#13feb #uzbekiston24

mtrk.uz | Youtube | Facebook | Telegram | uztv.tv | TV-dastur
#Тайынлаў

Асқаров Акмал Алишерович

Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң буйрығына тийкар, Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министриниң “Медициналық хызметти шөлкемлестириў” бойынша биринши орынбасары етип тайынланды.



Ол усы күнге шекем министрликтиң “Аналық ҳәм балалықты қорғаў,репродуктив саламатлық” бойынша министрдиң орынбасары лаўазымында жумыс ислеп келген.

ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги
Мәлимлеме
хызмети

@qrdssm
#Операция
У.Халмуратов атындағы республикалық көп тармақлы емлеўханада “Бүйрек көширип өткериў” операциясы тәжрийбели шыпакерлер тәрепинен әмелге асырылып,табыслы жуўмақланды.

Қоӊырат районында жасаўшы, пуқара А.Матмуратов нешше жыллардан берли“Даўамлы гломерулонефрит аралас формасы.Бүйрек жетиспеўшилиги режели гемодиализ”наўқаслығы менен емленип киятырган еди.
Наўқастыӊ доноры,
Р.Жаббарбергенова өз қәлеўи менен бир бүйрегин өмирлик жолдасына беретуғын болды.
“Бүйрек көширип өткериў” операциясы ушын бул еки пуқара, Акедемик В.Вахидов атындағы республикалық қәнигелестирилген илимий хирургия орайында,операция ушын барлық медициналық тексериўлерден өткерилген ҳәм операция ушын жуўмақ берилген.
Операцияны жергиликли ҳәм Ташкент қаласынан келген хирург шыпакерлер әмелге асырды ҳәм нәтийжели жуўмақланды.
Ҳәзирде еки пуқараныӊ да, денсаўлығы жақсы.

Бул операцияныӊ барлық ғарежетлери, “Мәмлекетлик қамсызландырыў қоры” тәрепинен қаплап берилди.

ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги
Мәлимлеме хызмети


@qrdssm