Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги
3.82K subscribers
9.86K photos
1.87K videos
21 files
3.35K links
ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң рәсмий телеграм каналы — t.iss.one/qrdssm
Министрликтиң мурәжатлерди қабыллаў рәсмий телеграм бот каналы
(телеграм бот @qrdsmbot ) 24/7

YouTube www.youtube.com/@qrdssm
Download Telegram
#Мойнақ_районы
#Акция_даўам_етип_атыр

Мойнақ районы медицина бирлеспесине қараслы барлық шаңарақ поликлиникалар тәрепинен “Аўыл хожалығы қәнигелериниң саламатлық айлығы” акциясы жоқары дәрежеде шөлкемлестирилип келинбекте.
Әсиресе фермерлер, дийқанлар, бағбанлар ҳәм аўыл хожалық қәнигелери хызметкерлери, олардың шаңарақ ағзалары толық түрде бийпул медициналық көриктен өтип, өз саламатлықларын беккемлемекте.

ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги
Мәлимлеме хызмети

@qrdssm
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#Мойнақ_районы

Халықаралық шөлкем ағзалары Мойнақ районы медицина бирлеспесинде болды.

ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги
Мәлимлеме хызмети

@qrdssm
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Медицина_жаңалықлары
#Мойнақ_районы

Бүгинги күнде медицина тараўында әмелге асырылып атырылған нәтийжели жумыслар айтарлықтай болмақта...

Әсиресе, алыс Мойнақ районына ўәлаятлардан тәжирийбели шыпакерлердиң келип,жумыс ислеўи тараў қәнигелериниң өз кәсибине пидайы екенлигинен дерек береди.

Бүгинги күнде Мойнақ районына ўәлаятлардан келип,жумыс ислеп атырған шыпакерлердиң жумыс барысы қандай болып атыр ?...


ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги
Мәлимлеме хызмети

@qrdssm
#Дыққат_хабарландырыў

Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги тәрепинен “Наўқаслығы бойынша диспансер қадағалаўында турған ҳәмде нәгиранлығы болған балалардың денсаўлығын беккемлеў” айлығы шөлкемлестирилген.

📌 Усы акция, 10 июнь күни-Қоңырат районы көп тармақлы медицина бирлеспесинде болып өтеди.

Акция даўамында наўқаслығы бойынша кадағалаўда турған ҳәм нәгиранлығы бар болған балалар ҳәм жас өспиримлер медициналық көриктен өткериледи.

Медициналық көрик даўамында, Республика қәнигелестирилген илимий әмелий педиатрия медицина орайынан ҳәм республика балалар медицина орайынан тәжрийбели шыпакерлерден қуралған медицина топары балаларды ҳәм жас өспиримлерди медициналық көриктен өткереди.

Қоңырат районы көп тармақлы медицина бирлеспесинде болып өтетуғын акцияда төмендеги район турғынларынан болған,
18 жасқа шекемги балалар ҳәм жас өспиримлери қатнасса болады.

#Мойнақ_районы
#Қанлыкөл_районы
#Шоманай_районы

#Басланы_ўакты: 10 июнь/ саат 10-00
#Байланыс_ушын_телефон / +998613122447

ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги
Мәлимлеме хызмети

@qrdssm
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Мойнақ_районы
#Жаңалықлар_бағдарламасы

Мойнақ районы медицина бирлеспесинде, пуқаралар медициналық тексериўлерден өткерилди.

ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги
Мәлимлеме хызмети

@qrdssm
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#Мойнақ_районы
#Саламатлық_акциясы

Мойнақ районы медицина бирлеспесинде “Оқытыўшылар ҳәм тәрбияшылар саламатлығы айлығы” шеӊберинде райондағы 615 оқытыўшы ҳәм 354 тәрбияшы медициналық тексериўлерден өткериў белгиленген.

Медициналық тексериўлер даўамында бийпул дәри-дармақлар ҳәм медициналық мәсләҳәтлер менен бирге,республикалық емлеўханаларға жолламалар бериў шөлкемлестирилген.

Районда билимлендириў тараўында жемисли мийнет етип,бүгинги күнде ҳүрметли дем алыста болып атырған оқытыўшылар менен тәрбияшылар да, медициналық тексериўлерден бийпул өткерилмекте.

Медициналық тексериўлер районда даўам етпекте…

ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги
Мәлимлеме хызмети


@qrdssm
#Мойнақ_районы

Мәҳәллелерде "Саламат шаңарақ - саламат жәмийет" атамасында семинар өткерилмекте

Мойнақ районы ҳәкимлиги ҳәм районлық Медицина бирлеспеси менен биргеликте мәҳәллердеги ҳаял-қызлар белсендилериниң шөлкемлестириўинде "Саламат шаңарақ - саламат жәмийет" атамасында ҳаял-қызлар ушын семинарлар өткерилди. Онда шыпакер қәнигелер тәрепинен туўры аўқатланыў нормалары, турақлы түрде спорт пенен шуғылланыўдың әҳмийети, бала күтими ҳәм басқа да саламатлықты беккемлеўге байланыслы мағлыўматлар берилди. Соның менен бирге илаж қатнасыўшылары болған ҳаял-қызлардың қызықтырған сораўларына жуўаплар қайтарылды.

ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги
Мәлимлеме хызмети


@qrdssm
#Мойнақ_районы

Тез жәрдем бөлими хызметкерлери жаңа имәратқа көшти

Президенттиң 2022-жыл 23-24-февраль күнлери Қарақалпақстан Республикасына сапарында Мойнақ районына Ташкент ўәлаятын қәўендер етип бириктирип берген еди. Усының нәтийжесинде бәрше аўыл ҳәм мәкан пуқаралар жыйынлары аймақларындағы социаллық тараў объектлеринде капитал оңлаў жумыслары менен бирге жаңа балалар бақшалары, билимлендириў ҳәм медицина мәкемелери имәратлары, киши футбол майданшалары қурып берилди. Сондай-ақ, тез жәрдем бөлими имәраты авариялық жағдайға келип қалғанлығы себепли жаңа имәрат салынып, жаңа мебель ҳәм үскенелер менен тәмийинленди. Тез жәрдем бөлими хызметкерлери жаратылған бул шараятлар ушын ҳүкиметимизден миннетдар.

Мойнақ районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
https://t.iss.one/pressa_moynaq
#Кекселер_саламатлығы_айлығы
#Мойнақ_районы

Нураныйлердиӊ шыпакерлерге алғысы шексиз

“Кекселер саламатлығы айлығы” шеӊберинде әмелге асырылып атырылған медициналық тексериўлер ҳәр бир районда турақлы түрде өткерилмекте…
Мойнақ районы медицина бирлеспеси тәрепинен, районда жасаўшы пенсия жасындағы жасы үлкен пуқаралардыӊ денсаўлығы медициналық тексериўлерден өткерилип,оларға ҳәр тәреплеме жәрдем көрсетилди.
Медициналық тексериўлер даўамында айырым наўқаслықлардыӊ алды ерте анықланған болса, айырым наўқаслығы бар болған нураныйлерге арнаўлы медициналық мәсләҳәтлер шыпакерлер тәрепинен берилди.

Ҳәзирде районныӊ басқада орынларында, “Кекселер саламатлығы айлығы” даўам етпекте…

ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги
Мәлимлеме хызмети


@qrdssm
#Кекселер_саламатлығы_айлығы
#Мойнақ_районы

Мойнақ районы медицина бирлеспесинде “Кекселер саламатлығы айлығы” өткерилип атыр.
Атап айтқанда нуранийлердиӊ саламатлығы бойынша, шыпакерлер тәрепинен медициналық тексериўлер шөлкемлестирилип, нураныйлердиӊ саламатлығы ҳәр тәреплеме қадағалаўға алынды.
Медицина бирлеспеси тәрепинен пенсия жасындағы ҳәм наўқаслығы бар нуранийлерге бийпул дәри-дармақлар тарқатылып,медициналық мәсләҳәтлер берилди. Үй-шәраятында өзгениӊ күтимине мүтәж болған, жасы үлкен пуқаралардыӊ шаӊарақларына шыпакерлер барып,олардыӊ денсаўлығы медициналық тексериўлерден өткерилди.

ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги
Мәлимлеме хызмети


@qrdssm