Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги
3.72K subscribers
9.42K photos
1.67K videos
21 files
3.03K links
ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң рәсмий телеграм каналы — t.iss.one/qrdssm
Министрликтиң мурәжатлерди қабыллаў рәсмий телеграм бот каналы
(телеграм бот @qrdsmbot ) 24/7

Ютуб каналымыз: https://youtube.com/channel/UCps0pNq_35e1bRZuGHKsJGg
Download Telegram
#вакцинация

Бүгин 2021-жыл 4-апрель күни У.Халмуратов атындағы Республикалық көп тармақлы медицина орайының 70 медицина хызметкери короновирус инфекциясына қарсы емленди.

Медицина хызметкерлери AstraZeneca вакцинасын қабыл етти. Вакцинация алдынан тийисли тәртипте медициналық көриктен өткерилди.

👉👉👉 @qrdssm
#вакцинация

Бүгин 2-санлы Республика фтизиатрия емлеуханасында вакцинация әмелге асырылып, оған көре медициналық көриктен өткерилген емлеўхананың бас шыпакери Зинаида Николаевна Тигай ҳәм 70 медицина хызметкери короновирус инфекциясына қарсы емленди. Вакцинациядан кейин медицина хызметкерлеринде кери тәсирлер сезилмеди ҳәм өзлерин жақсы сезбекте.

👉👉👉 @qrdssm
#вакцинация

Вакцинация процеси Қарақалпақ Лепрозориясында да болып өтип, медицина хызметкерлери коронавирус инфекциясына қарсы шаншылды. Вирусқа қарсы емлеў алдынан тийисли тәртипте медициналық көрик өткерилди.

👉👉👉 @qrdssm
#вакцинация

Төрткул районында коронавирус инфекциясына қарсы емлеў басланды. Дәслепки басқышта 65 жастан үлкенлер, медицина ҳәм билимлендириў тараўы хызметкерлери, ҳуқық қорғаў уйымлары ҳәм созылмалы кеселликлерге шатылған пуқаралар емлениўи көзде тутылған. Тийисли вакциналар жеткерип берилген.

👉👉👉 @qrdssm
#Вакцинация

Вакцинация процеси Қараөзек районында да басланды. Оған көре, пуқаралар алдын ала медициналық тексериўден өткерилди. Сондай-ақ, вакцина алған пуқаралар медицина хызметкерлери тәрепинен қадағалаўға алынған.

👉👉👉 @qrdssm
#вакцинация

Қанлыкөл районлық медицина бирлеспесинде коронавирусқа қарсы шаншыў илажлары басланды. Биринши гезекте 65 жастан жоқары ҳәм медицина хызметкерлери емленеди. Районлық медицина бирлеспесине қараслы көп тармақлы поликлиника, 4 шаңарақлық поликлиника, 1 шаңарақлық шыпакерлик пунктинде вакцинация процеси алып барылады. Бириншилерден болып, районлық медицина бирлеспеси баслығы Д.А.Нурымбетова коронавирусқа қарсы вакцина қабыл етти. Вакцина алыў ушын келген пуқаралар тийисли тәртипте медициналық көриктен өткериледи ҳәм вакцинациядан кейин шыпакерлер бақлаўында болады.

👉👉👉 @qrdssm
#вакцинация

Мойнақ районлық медицина бирлеспесинде коронавирусқа қарсы шаншыу илажлары басланды. Районлық медицина бирлеспесине қараслы көп тармақлы поликлиника, 3 шаңарақлық поликлиника, 2 шаңарақлық шыпакерлик пунктинде вакцинация процеси алып барылады.

Бириншилерден болып районлық медицина бирлеспеси баслығы Т.Ж.Далымбетов коронавирусқа қарсы вакцина қабыл етти. Вакцина алыў ушын келген пуқаралар тийисли тәртипте медициналық көриктен өткериледи хәм вакцинациядан кейин шыпакерлер бақлаўында болады.

👉👉👉 @qrdssm
#вакцинация

Әмиўдәрья районлық медицина бирлеспесинде коронавирусқа қарсы шаншыў илажлары басланды. Бириншилерден болып районлық медицина бирлеспеси баслығының емлеў ислери бойынша орынбасары З.Уразбаев, иммунолог Д.Алламбергенова, эпидемиолог Х.Сабиров, 3-санлы шаңарақлық поликлиника меңгериўшиси Ж.Прманов, КТШП шыпакери Б.Алламбаев, балалар реанимация бөлими меңгериўшиси Э.Хидировлар вирусқа қарсы вакцина қабыл етти.

Вакцина алыў ушын келген пуқаралар тийисли медициналық көриктен өткерилип, паспорт мағлыўматлары ҳәм телефон номерлери дизимге киргизиледи. Емлеўден кейин болса 30 минут шыпакерлердиң бақлаўында болады.

Ж.Явкашев,
Әмиўдәрья РМБ Саламатлық орайы шыпакери

👉👉👉 @qrdssm
#вакцинация

Қарақалпақстан Республикасына усы күнге шекем эпидемиологиялық көрсетпеге муўапық коронавирус инфекциясына қарсы шаншыў ушын жәми 1 713 360 доза, соннан:

87 910 дозаАstraZeneca (Ҳиндстан);
1 223 600 дозаZF-UZ-VAC2001 (Өзбекстан-Қытай);
37 200 дозаSputnik-V (Россия);
141 120 дозаModerna (АҚШ);
92 430 дозаPfizer (АҚШ);
131 100 дозаSinovac (Туркия) вакцинасы алып келинип, режедеги контингентлерди емлеў ушын орынларға жеткерип берилди.

Тийкарынан, режеге салыстырғанда:

▪️50% – 65 ҳәм оннан жоқары жастағылар,
▪️99,8% – медицина хызметкерлери,
▪️84,8% – мектеп оқытыўшылары,
▪️92,9% – мектепке шекемги билимлендириў хызметкерлери,
▪️95,9% – созылмалы кеселликлери бар пуқаралар,
▪️96,5% – қураллы күшлер ҳәм ҳуқықты қорғаў уйымлары хызметкерлери шаншылды.

ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги Мәлимлеме хызмети

▶️@qrdssm
#вакцинация

⚡️Қарақалпақстанда вакцинация процеси (аймақлар кесиминде)

▶️
@qrdssm