Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги
3.72K subscribers
9.42K photos
1.67K videos
21 files
3.03K links
ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң рәсмий телеграм каналы — t.iss.one/qrdssm
Министрликтиң мурәжатлерди қабыллаў рәсмий телеграм бот каналы
(телеграм бот @qrdsmbot ) 24/7

Ютуб каналымыз: https://youtube.com/channel/UCps0pNq_35e1bRZuGHKsJGg
Download Telegram
#профилактика

ҚР АИЖСке қарсы гүресиў орайы қәнигелери тәрепинен ТИТУ Нөкис филиалы студентлерине "Туберкулёз ҳәм ОИВ инфекциясы профилактикасы" темасында презентация өткерилди, сондай-ақ, илаж барысында студентлерге плакат ҳәм буклетлер тарқатылды.

👉👉👉 @qrdssm
Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министриниң орынбасары Баситханова Эльмира Иркиновна реже тийкарында Қоңырат районында Қанлыкөл, Мойнақ, Қоңырат, Шоманай, ал Нөкис районында Тахтакөпир, Шымбай, Қараөзек районлары медицина бирлеспелери баслықларының "Аналық ҳәм балалықты қорғаў" бойынша орынбасарларына мастер класс өткерди.

Аты аталған районлардағы «Ҳаяллар мәсләҳәтханасы» ҳәм «Қызлар саламатлығы орайы» бөлимлериниң искерлиги мониторинг етилди ҳәм бул орайларда медициналық хызмет сапасын және де жақсылаў бойынша тийисли көрсетпе-усыныслар берилди.

👉👉👉 @qrdssm
Кеча 124 кишида коронавирус аниқланди

​​🔺2021 йил 18 март ҳолатига кўра, Ўзбекистонда коронавирус инфекцияси қайд этилганлар сони 81095 (+124) нафарни ташкил этмоқда.


🔴Янги касалланиш ҳолатларининг:
📌2 нафари Қорақалпоғистон Республикасида,
📌1 нафари Андижон вилоятида,
📌5 нафари Бухоро вилоятида,
📌1 нафари Сирдарё вилоятида,
📌1 нафари Сурхондарё вилоятида,
📌2 нафари Хоразм вилоятида,
📌13 нафари Тошкент вилоятида,
📌99 нафари Тошкент шаҳрида коронавирусга чалинган беморлар билан мулоқотда бўлганлиги сабабли намуна олинган фуқаролар орасида аниқланган.

♻️Кеча кун давомида:
📌Андижон вилоятида 7 нафар,
📌Сурхондарё вилоятида 1 нафар,
📌Хоразм вилоятида 5 нафар,
📌Тошкент вилоятида 7 нафар,
📌 Тошкент шаҳрида 78 нафар бемор тузалиб, касалликдан соғайганлар жами 79631(+98) нафарга етди ва соғайиш кўрсаткичи 99 фоизни ташкил қилмоқда.

❗️Айни пайтда тиббиёт муассасаларида даволанаётган 842 нафар бемордан 141 нафари оғир, 23 нафари эса ўта оғир аҳволда.

Соғлиқни сақлаш вазирлиги
Жамоатчилик билан алоқалар бўлими.

▶️
@ssvuz
▶️@ssvmatbuotkotibi
Forwarded from Karakalpakstan.uz
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Қарақалпақстанда биринши гезекте кимлер коронавирусқа қарсы шаншылады?

Каналға ағза болыў: @QResMinistrlerKenesi
#Социаллық_қоллап_қуўатлаў

Ташкент қаласындағы Республикалық қәнигелестирилген онкология ҳәм радиология илимий-әмелий медицина орайы директоры, профессор Мирзоғолиб Нигматович Тилляшайхов халық арасында кем тәмийинленген ҳәм жәрдемге мүтәж адамлардың аўҳалын үйрениў ҳәм оларда ушырасатуғын онкологиялық кеселликлер бойынша машқалаларды сапластырыў бойынша Нөкис қаласына келди.

Ол ҚР Денсаўлықты сақлаў министри Мурад Исмаилович Қурбанов ҳәм орайдың Нөкис филиалы директоры Мухамет-Али Махмутов қатнасында Нөкис қаласы «Шығыс» мәкан пуқаралар жыйыны халқының жағдайын ҳәм онкологиялық кеселликлер бойынша машқалаларын үйренип шықты. «Темир дәптер»ге киргизилген шаңарақлардан хабар алынды.

Сондай-ақ, «Шығыс» МПЖ пуқаралары менен ушырасыў өткерилип, олардың машқалалары тыңланды. Профессор М.Тилляшайхов онкологиялық кеселликлерди емлеўде наўқасларға жәрдем берилиўин айрықша атап өтип, бул бойынша өзиниң мәсләҳәт ҳәм усынысларын берди.

👉👉👉 @qrdssm
#бирге_ислесиў

У.Халмуратов атындағы Республикалық көп тармақлы медицина орайында Ташкент қаласындағы Республикалық қәнигелестирилген нейрохирургия илимий-әмелий медицина орайының қәнигелери медицина илимлери докторы Асадуллаев Улуғбек Махсудович, омыртқа нейрохирургиясы бойынша медицина илимлери кандидаты Жуманов Камаллиддин Нурутдинович ҳәм балалар нейрохирургы Тулаев Надирбек Бекмурадовичлер мастер класс операцияларын өткерди.

Оған көре, жәми алты жоқары технологиялы операция әмелге асырылып, жергиликли шыпакерлер бул процесслерде өзиниң билим ҳәм тәжирийбелерин еле де байытты. Сондай-ақ, қәнигелер орайда емленип атырған наўқасларға диагнозы бойынша мәсләҳәтлер берди.

👉👉👉 @qrdssm
#онлайн_ушырасыў

ҚР Денсаўлықты сақлаў министри М. Қурбанов ҳәм министрликтиң жуўапкер қәнигелери медициналық мәкемелерди заманагөй әсбап-үскенелер менен тәмийинлеў бойынша Америка Қурама Штатларының арнаўлы гранты жөнинде ӨзР Сыртқы ислер министрлиги қатнасында онлайн сәўбетлесиў өткерди.

Оған көре, Қарақалпақстандағы 24 емлеў-профилактикалық мәкемелерин жәҳән стандартларына сай медициналық әсбап-үскенелер менен тәмийинлеў, олардың қандай тәртипте берилиўи, жеткерип берилиўи, қабыл етип алыў, дүзилетуғын ҳүжжетлер, көрип шығылыўы керек болған мәселелер додаланды.

👉👉👉 @qrdssm
ҚР ДЕНСАЎЛЫҚТЫ САҚЛАЎ МИНИСТРИНИҢ БАЙРАМ ҚУТЛЫҚЛАЎЫ
Ҳүрметли медицина хызметкерлери,
Азиз ўатанласлар!

Сизлерди жасарыў ҳәм жаңаланыў, меҳир-муҳаббат, тынышлық ҳәм жақсылық нышаны – Халықаралық Наўрыз байрамы менен шын жүректен қутлықлайман.

Наўрыз, ең дәслеп, жақсылық елшиси! Байрам қарсаңында ҳәм байрам күнлери жети жастан жетпис жасқа дейин бир-биримизге меҳир-мүриўбет көрсетиўимиз, дийқанларымыз жақсы нийет пенен жерге туқым таслаўы, аталарымыз ақлықлары, перзентлери менен нәл тигиўи, мәканларда бағ жаратыў, абаданластырыў жумыслары ҳәўиж алыўы да жақсылыққа қаратылған.

Буннан бир жыл бурын елимизге кирип келген коронавирус инфекциясы әйне Наўрыз байрамы қарсаңында кирип келиўи көпшилигимизди муңайтқан еди. Бирақ та мәмлекетимиздиң инфекцияға қарсы гүресте дурыс бағдарды таңлағаны ҳәм усыған муўапық медицина хызметкерлериниң пидайы жумыс алып барыўы нәтийжесинде елимизде эпидемиологиялық жағдай турақлы болып турыпты. Журт асыға күткен Наўрыз байрамы да кең көлемде нышанланбақта.

Сонлықтан, инфекцияға қарсы гүресиўде, белгилеп қойылған тәртип-қағыйдаларға әмел етиўде бир болайық! Елимизге байрамлар жарасады, усы байрамларды кеўилдегидей өткериўде, әлбетте, эпидемиологиялық жағдай ҳәм халық саламатлығы биринши орында турыўын умытпайық!

Пурсаттан пайдаланып, жанкүйер медицина хызметкерлерин, гүллән халқымызды Улыстың уллы күни болған – Наўрыз байрамы менен және бир мәрте қутлықлайман. Ҳәммеңизге беккем денсаўлық, шаңарақларыңызға аманлық, машаққатлы жумысларыңызда табыслар тилеймен! Елимизде тынышлық ҳәм бәрқулла байрам кейпияты ҳүким сүрсин!

Мурад Исмаилович ҚУРБАНОВ,
Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министри