Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги
3.72K subscribers
9.42K photos
1.67K videos
21 files
3.03K links
ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң рәсмий телеграм каналы — t.iss.one/qrdssm
Министрликтиң мурәжатлерди қабыллаў рәсмий телеграм бот каналы
(телеграм бот @qrdsmbot ) 24/7

Ютуб каналымыз: https://youtube.com/channel/UCps0pNq_35e1bRZuGHKsJGg
Download Telegram
#АИВ_профилактикасы

АИВ инфекциясы тарқалыўына қарсы гүрес илажлары шеңберинде ҚР АИЖСке қарсы гүресиў орайы қәнигелери тәрепинен Әмиўдәрья районының бир қатар аўыл ҳәм мәкан пуқаралар жыйынларындағы мийнет мигрантларының АИВке тексерилиўи бойынша пуқаралар менен ушырасыўлар өткерилип, плакатлар, буклетлер ҳәм еслетпелер тарқатылды. Медицина хызметкерлерине болса методикалық жәрдем көрсетилди.

Сондай-ақ, ҚР АИЖСке қарсы гүресиў орайы қәнигеси тәрепинен ҚМУ Архитектура ҳәм санаат технологиясы факультетинде, Ташкент мәмлекетлик аграр университети Нөкис филиалында ҳәм Арқа-батыс әскерий округи әскерий бөлиминде «АИВ инфекциясы профилактикасы» темасында презентация өтилди ҳәм илаж қатнасыўшыларына буклет ҳәм листовкалар тарқатылды.

👉👉👉 @qrdssm
#АИВ_профилактикасы

Қарақалпақстан Республикасы АИЖСке қарсы гүресиў орайы ҳәм Республикалық туберкулёзге қарсы гүресиў диспансери қәнигелери Нөкис қаласы «Берекет» мәкан пуқаралар жыйынында ҳаял-қызлар бойынша сектор баслығы қатнасыўында туберкулёз кеселлигиниң ҳәм АИВ инфекциясы тарқалыўына қарсы гүресиў илажлары шеңберинде мәкан ҳаял-қызлары менен ушырасыў өткерди. Сондай-ақ, Нөкис қалалық 36-санлы мектепте де бул илаж даўам еттирилип, онда оқытыўшыларға АИВ инфекциясы профилактикасы бойынша түсиниклер берилди. Ушырасыўларда презентация, видеороликлер қойылып, буклет ҳәм еслетпелер тарқатылды.

👉👉👉 @qrdssm
#АИВ_профилактикасы

Қарақалпақстан Республикасы АИЖСке қарсы гүресиў орайы қәнигелери тәрепинен «АИВ инфекциясы бойынша шыпакерлер, орта ҳәм киши медицина хызметкерлерин қайта таярлаў» бағдарламасы бойынша Академик В.Вахидов атындағы Республикалық қәнигелестирилген хирургия илимий-әмелий медицина орайы Нөкис филиалының медицина хызметкерлери менен ушырасыў өткерилди.

Ушырасыўда АИВ инфекциясы бойынша кең түрде мағлыўматлар ҳәм түсиниклер берилип, қатнасыўшылар өзлериниң қызықтырған сораўларына жуўаплар алды.

👉👉👉 @qrdssm
#нәшебентликке_қарсы_гүрес
#АИВ_профилактикасы

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде ҚР ИИМ ҳәм Республикалық наркология диспансериниң медицина хызметкерлери тәрепинен «Жаслар арасында гиябентликке қарсы гүрес» атамасында профилактика илажы болып өтти.

Сондай-ақ, илажда ҚР АИЖСке қарсы гүресиў орайы қәнигеси Г.Гаипова «АИВ инфекциясы этиологиясы, эпидемиологиясы ҳәм профилактикасы» темасында түсиндириў жумысларын алып барды. Илаж барысында студент жаслар өзлериниң қызықтырған сораўларына жуўаплар алды.

👉👉👉 @qrdssm