Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги
3.72K subscribers
9.41K photos
1.67K videos
21 files
3.03K links
ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң рәсмий телеграм каналы — t.iss.one/qrdssm
Министрликтиң мурәжатлерди қабыллаў рәсмий телеграм бот каналы
(телеграм бот @qrdsmbot ) 24/7

Ютуб каналымыз: https://youtube.com/channel/UCps0pNq_35e1bRZuGHKsJGg
Download Telegram
Медициналық тексериўлерден көринислер

👉👉👉 @qrdssm
#АИЖС_профилактикасы

Жаслар арасында АИЖС кеселлигиниң алдын алыў ҳәм профилактикасын күшейтиў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы АИЖСке қарсы гүресиў орайы қәнигеси Г.Хабипова тәрепинен ТИТУ Нөкис филиалында ушырасыў өткерилди.

Ушырасыўда қәниге «АИВ инфекциясы профилактикасы» туўралы кең түсиниклер берди, сондай-ақ, қатнасыўшыларға буклет ҳәм плакатлар тарқатылды.

👉👉👉 @qrdssm
#социаллық_қорғаў

Бозатаў районлық медицина бирлеспеси қәнигелери район аймағындағы имканияты шекленген ҳәм аўыр аўҳалдағы наўқаслардың ҳалынан хабар алды. Оларға реабилитациялық буйымлардан арбаша ҳәм дәри-дәрмақлар тарқатылды.

👉👉👉 @qrdssm
Халықтыӊ денсаўлығы ҳәмме нәрседен үстин

Бүгин Нөкис районы “Саманбай” АПЖ аймағында “Абат аўыл” бағдарламасы тийкарында 35-санлы шаңарақ поликлиникасында тәжирийбели шыпакерлер тәрепинен 250 пуқара тереӊлестирилген медициналық көриктен өткерилди.

Бул көриктен өткериўден мақсет халықтыӊ саламатлығын тәмийинлеў, кеселликти өз ўақтында анықлап ҳәм емлеўден ибарат.

Нөкис районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

👉👉👉 @qrdssm
#Халық_саламатлығын_үйрениў

Мәканларда медициналық хызмет сапасын қадағалаў мақсетинде Төрткул районлық медицина бирлеспеси баслығы З.Худайберганов райондағы Ибн Сина, Беруний ҳәм Шадлық мәкан пуқаралар жыйынларындағы шаңарақларға барып, пуқаралар менен сәўбет өткерди.

Сәўбетлер барысында пуқаралардың медициналық жағдайлары үйренилип, оларға үй тазалығы, жеке гигиена қағыйдалары, саламат турмыс тәризине әмел етиў ҳәм грипптиң алдын алыў бойынша кең түсиниклер берилди.

👉👉👉 @qrdssm
#Шетки_аймақларда_медициналық_көриклер

Халықтың саламатлығын үйрениў ҳәм жақсылаў мақсетинде Республикалық емлеў-профилактикалық мәкемелери ҳәм Шымбай районлық медицина бирлеспеси қәнигелери реже тийкарында райондағы «Қызыл-өзек» аўыл пуқаралар жыйыны турғынларын тереңлестирилген медициналық көриктен өткерди.

Тар тараў қәнигелери (окулист, кардиолог, эндокринолог, хирург, онколог, оториноларинголог, терапевт, педиатр, акушер-гинеколог ҳ.т.б.) ҳәм инструментал тексериўлер (ЭКГ, УДТ) өткерген тереңлестирилген медициналық көриклер нәтийжелерине қарап, кеселлик анықланған наўқасларға стационар ҳәм амбулатор шараятта емлениўи ушын тийисли көрсетпе ҳәм усыныслар берилди.

👉👉👉 @qrdssm