Қарақалпақстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясы Баспасөз орайы
527 subscribers
1.62K photos
310 videos
392 links
Қарақалпақстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясы Баспасөз орайының рәсмий Телеграм каналы

Telegram 👇
https://t.iss.one/qr_saylaw2024

Телефон 551085913
Download Telegram
#Сайлаў_2021

Сораў: Сайлаўшылар дизиминде қәте ямаса анық емес мағлыўматлар анықланса қандай ҳәрекет әмелге асырылады?

❗️Жуўап: Ҳәр бир пуқара сайлаўшылардың дизимлериндеги қәте ямаса анық емес мағлыўматлар ҳаққында участкалық сайлаў комиссиясына шағым етиўи мүмкин. Участкалық сайлаў комиссиясы 24 саат ишинде мүрәжатты тексериўи ҳәм қәтени ямаса анық емес мағлыўматты сапластырыўы яки болмаса мүрәжат етиўшиге оның мүрәжаты бийкар етилгени ҳаққында тийкарланған жуўап бериўи шәрт.

Каналымызға ағза болың 👉 @saylaw_2021
#Сайлаў_2021

Сайлаўға байланыслы сораўларыңыз бар ма? Олай болса Орайлық сайлаў комиссиясының 12-00 қысқа номерине қоңыраў етиң.

Шет еллердеги пуқаралар ушын: (55) 500-12-00

—————

Сайловга оид саволларингиз борми? Ундай бўлса Марказий сайлов комиссиясининг 12-00 қисқа рақамига қўнғироқ қилинг.

Хориждаги фуқаролар учун: (55) 500-12-00

—————

У вас есть вопросы, связанные с выборами? Тогда позвоните на короткий номер Центральной избирательной комиссии 12-00.

Для граждан, пребывающих за рубежом: (55) 500-12-00

Каналымызға ағза болың 👉 @saylaw_2021
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Сайлаў_2021

«Халық ўәкили» жойбарының екинши санын усы видео арқалы толық тамашалаўыңыз мүмкин.

Каналымызға ағза болың
👉 @saylaw_2021
#Сайлаў_2021

Ҳүрметли Түркияда турақлы ҳәм ўақтынша жасап атырған Ўатанласлар‼️

⚡️2021-жыл 24-октябрь күни Бас консулхана имаратында Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўларына даўыс бериў ушын 44-сайлаў участкасы шөлкемлестирилди. Мәнзил: Стамбул қаласы, Бешикташ районы, Левент мәҳәллеси, Лале көшеси 8-жай.

⚡️⚡️Сондай-ақ, пуқараларымыздың өз конституциялық ҳуқықларынан пайдаланыўына қолайлы шараят жаратыў мақсетинде Бас консулхана тәрепинен төмендеги көрсетилген мәнзиллерде мүддетинен алдын даўыс бериў шөлкемлестирилмекте:

- 16-октябрь күни Бурса қаласындағы Өзбекстанның консульлығының офиси. Мәнзил: Altinova mah. Istanbul cad/N398 Akyildiz орайы;

- 17-октябрь күни Стамбул қаласы Фатиҳ районындағы «Блу Мармарай мийманханасы» («Blue Marmaray Hotel»). Мәнзил: Katip Kasim mah/Guvenlik cad. №43 Yenikapı/Istanbul;

- 20-октябрь күни Стамбул қаласы Кадикой районындағы «Turkpermit» фирмасының офиси. Мәнзил: Osmanaga mah/Kirtasiyeci sk 36-жай.

⚡️⚡️Сайлаўда қатнасыўшы пуқаралар www.saylov.mfa.uz сайты арқалы дизимнен өтиўи керек❗️

Каналымызға ағза болың
👉 @saylaw_2021
#Сайлаў_2021

🔹 Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўында сиясий партияларды қаржыландырыў

🔹 Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўында қатнасатуғын сиясий партиялардың сайлаў алды қәрежетлериниң бөлистирилиўи

Каналымызға ағза болың 👉 @saylaw_2021
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#Сайлаў_2021

Өзбекстан Республикасының Сайлаў кодекси: Сайлаўшылардың дизимлери

Каналымызға ағза болың
👉 @saylaw_2021
#Сайлаў_2021

Өз сайлаў участкаңызды қалай анықлаўыңыз мүмкин?

Каналымызға ағза болың
👉 @saylaw_2021
#Сайлаў_2021

Сораў: Сырт еллерде болып турған пуқаралар сайлаўшылар дизимлерине қалай киргизиледи?

❗️Жуўап: Өзбекстан Республикасының сырт еллердеги дипломатиялық ҳәм басқа ўәкилханалары жанында дүзилген сайлаў участкаларында сайлаўшылардың дизимлери усы мәкемелердиң басшылары тәрепинен усынылған мағлыўматлар тийкарында дүзиледи.

Каналымызға ағза болың 👉 @saylaw_2021
#Сайлаў_2021

Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўында мүддетинен алдын даўыс бериў күнлери

Өзбекстан Республикасының Россия Федерациясындағы елшиханасы.

Каналымызға ағза болың 👉 @saylaw_2021
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#Сайлаў_2021

Дипломатиялық ўәкилхана имаратынан тысқары мүддетинен алдын даўыс бериў 14-20-октябрь күнлери сайлаўшылар тығыз ҳалда жасайтуғын орынларда көшпели сайлаў қутылары ҳәм кабиналарынан пайдаланылған ҳалда өткериледи.

Каналымызға ағза болың 👉 @saylaw_2021
#Сайлаў_2021

Сораў: Сайлаў бюллетенин ғәрезсиз түрде толтырыў имканиятына ийе болмаған сайлаўшыға басқа адам тәрепинен жәрдем берилиўи мүмкин бе?

❗️Жуўап: Сайлаў бюллетенин ғәрезсиз түрде толтырыў имканиятына ийе болмаған сайлаўшы өз қәлеўине қарай жасырын даўыс бериў кабинасына ямаса бөлмесине басқа адамды шақырыўға ҳақылы. Мирәт етилип атырған адам сайлаў комиссиясының ағзалары, бақлаўшылар ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери болыўы мүмкин емес.

Каналымызға ағза болың 👉 @saylaw_2021
#Сайлаў_2021

🔰 Айырым сайлаўшылар денсаўлығының жағдайына ямаса басқа себеплерге байланыслы даўыс бериў имаратына келе алмаған жағдайларда, тийисли участкалық сайлаў комиссиясы даўыс бериўди усы сайлаўшылардың өтинишине бола олар турған орында шөлкемлестиреди.

❗️ Тийисли комиссияның кеминде 2 ағзасы көшпели сайлаў қутысы менен сайлаўшының турған жерине жибериледи, олар сайлаўшының ерк-ықрары сыр сақланыўына әмел етилген ҳалда даўыс бериў әмелге асырылыўын тәмийинлейди.

Бунда бақлаўшылар ҳәм ҒХҚ ўәкиллери қатнасыўы мүмкин.

Каналымызға ағза болың 👉 @saylaw_2021
#Сайлаў_2021

Сораў: Сайланған талабан қалай анықланады?

❗️Жуўап: Сайлаўда даўыс бериўге қатнасқан сайлаўшылардың ярымынан көбисиниң даўысын алған талабан сайланған деп табылады.

Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўында еки талабан қатнасқан жағдайда, даўыс бериўге қатнасқан сайлаўшылардың басқа талабанға салыстырғанда көпшиликтиң даўысын алған талабан сайланған деп табылады.

Каналымызға ағза болың 👉 @saylaw_2021
#Сайлаў_2021

Сораў: Сайлаў нәтийжелери қанша мүддетте жәрияланады?

❗️Жуўап: Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўы жуўмақларына муўапық Орайлық сайлаў комиссиясының қарары сайлаўдан кейин он күннен кешиктирмей, яғный 2021-жыл 3-ноябрьге шекем қабыл етиледи және Орайлық сайлаў комиссиясының рәсмий веб-сайтында ҳәм басқа дәреклерде жәрияланады.

Каналымызға ағза болың 👉 @saylaw_2021
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#Сайлаў_2021

24-октябрь – Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўы күни

Каналымызға ағза болың
👉 @saylaw_2021
#Сайлаў_2021

Сораў: Пуқаралар ямаса блогерлер даўыс бериў процесин сүўретке алыўы, онлайн трансляция етиўи мүмкин бе?

❗️Жуўап: Сайлаў процесин бақлаў ҳуқықын беретуғын ҳүжжетке (мандат) ийе болған адамлар ҳәм аккредитациядан өткен ғалаба хабар қураллары ўәкиллери даўыс бериўдиң жасырынлығын бузбастан фото, видео, аудио жазыўларды әмелге асырыўы мүмкин. Қамақта сақлаў ҳәм еркинен айырыў орынлары, әскерий бөлимлер, емлеў мәкемелери буған кирмейди.

Каналымызға ағза болың 👉 @saylaw_2021
#Сайлаў_2021

Участкалық сайлаў комиссиялары жайласқан имаратлар тийисли тәризде үскенелениўи керек.

➡️ Даўыс бериў бөлмелери жақты ҳәм кең болыўы, өз алдына кириў ҳәм шығыў орны болыўы, сондай-ақ, оларда физикалық имканияты шекленген адамлар ушын арнаўлы жоллар нәзерде тутылған болыўы керек.

Каналымызға ағза болың 👉 @saylaw_2021
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Сайлаў_2021

24-октябрь – Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўы күни

Видеоролик ҚР Әдиллик министрлиги каналынан алынды.

Каналымызға ағза болың 👉 @saylaw_2021
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#Сайлаў_2021

Сайлаў күни талабанға берилген даўыслар қалай есапланады?

Сайлаў нәтийжелери неше күнде жәрияланады?

Қандай жағдайда сайлаў нәтийжелери ҳақыйқый деп есапланады?

Усы ҳәм усы сыяқлы сораўларға жуўапты усы видеороликтен алыўыңыз мүмкин.

Каналымызға ағза болың 👉 @saylaw_2021