QOŃÍRAT JASLARÍ| RÁSMIY KANALÍ
1.53K subscribers
12.5K photos
983 videos
49 files
2.12K links
Jaslar keleshek qurıwshısı
Download Telegram
#Лирикалық_шегиниў

ЖОЛЛЫДАН СӘЛЕМ

Адамлар не деген бийәдеп болған,
Кеўлимде ескендей ызғырық самал.
Hеге "кетемен" деп айтпадың маған?
Қалай - қалай қызсаң өзиң, Айжамал?

Сен кеткенде сыртта жүрип те едим,
Бүйтип кетериңди билип пе едим.
«Қайда барасаң?» деп үрип те едим,
Даўысымды еситпедиң, Айжамал.

Баҳрам әкелгенде мен күшик едим,
Қолыңнан сонша ма сүт ишип едим.
Қабаған ийт болар деп күтип едиң,
Биреўди қаптымба сирә, Айжамал?

Бәрҳә сени қорғап жаман көзлерден,
Оқыўға қатнадым ерип излерден.
Hе жаманлық көрдиң өйтип бизлерден?
Ийттиң кеўлин түсинбеген Айжамал.

Қулағымды шымшып өткениңде де,
«Патассаң» деп тергеп, сөккениңде де,
Есикти илместен кеткениңде де,
Үйди бағып жатпадым ба Айжамал?

Уйықлап жатсам мен дәлизде пырылдап.
Үй сыпырдың пылесосың дырылдап,
Қарсыластым ба мен сонда ырылдап?
Әсте шығып кетер едим, Айжамал.

Сени ойлап жулдыз қараўлап шықтым,
Көшеде ийт қоймай сорағлап шықтым.
Қоңсылардың бәрин аралап шықтым,
«Это не хорошо!» билсең, Айжамал.

Адамлардай, ийт те ийтке тең болмас,
Жақсы ийтлер жаман достан кем болмас,
Ҳәр ийт өзи болар, бирақ мен болмас,
Енди мендей ийт жоқ саған, Айжамал.

Мен қосық жаздырдым шайырға айтып,
Көрсем, шалғайыңнан ойнарман тартып,
Мейли, келмей - ақ қой бул үйге қайтып,
Барған жерде бахытлы бол, Айжамал.

Ибрайым Юсупов
1998-жыл.