QOŃÍRAT HÁKIMLIGI |Rásmiy kanal|
8.06K subscribers
45.9K photos
4.81K videos
27 files
13.9K links
Download Telegram
#Нызамшылықтағы жаңалықлар

2021-жылдан баслап ғәллениң баҳасы мәмлекет тәрепинен белгиленбейди

@huqiqiymalimleme
Forwarded from Huqıqıy málimleme QR
#Нызамшылықтағы_жаңалықлар

Өзгелер күтимине мүтәж шахсларға пулсыз берилетуғын товарлар дизими жаңаланды

⚠️ Ҳүкиметтиң айырым қарарларына өзгертиўлер киргизилди (307-сан, 20.05.2020 ж.).

🚫 атап айтқанда, Кем тәмийинленген шаңарақларға социаллық напақалар ҳәм материаллық жәрдем тайынлаў ҳәм төлеў тәртиби ҳаққындағы режеге (https://lex.uz/docs/2134701#2134736) киргизилген өзгерислерге көре, ендигиден былай напақалар ҳам материаллық жәрдем алыў ушын шаңарақ қурамына төмендегилер киргизилмейди:

👉 балалардың олар менен биргеликте жасайтуғын апалары ҳәм аталары;

👉 балалардың ата-аналары (перзентликке алыўшылар) менен биргеликте хожалық жүритиўши басқа шахслар.

💰 Сондай-ақ, ендигиден былай жеке жәрдемши (дийқан) хожалығын жүритиўден алынатуғын норматив дәрамат усы хожалықты жүритиў ушын пайдаланылатуғын сотихлер санын мийнетке хақ төлеўдиң ең кем муғдарынын 0,035 муғдарына көбейтириў жолы менен анықланады.

Алдын мийнетке хақ төлеўдин ең кем муғдарынын 0,071 муғдарына кобейтирип анықланған.

📄 Буннан тысқары, Өзгелер күтимине мүтәж болған жалғыз кекселер ҳәм майыпларды пулсыз тәмийинлеў ушын тийкарғы азық-аўқат өнимлери ҳәм гигиена товарларынын дизими жаңаланды.

Дизимге карантин илажлары әмел етиў дәўиринде қосымша рәўиште пулсыз берилетуғын өнимлер қосылды:

🔹 бир мәрте ислетилетуғын стерил ниқап;
🔹 бир мәрте ислетилетуғын стерил қолқаплар;
🔹 суйық ямаса гуль ҳалатындағы антисептик;
🔹 антибактериал сабын.
Еслетип отемиз, дизимде (https://www.lex.uz/acts/2718856#2719021) ҳәзирге шекем 15 түрдеги өним бар еди.

Каналға жалғаныў👇👇👇
@huqiqiymalimleme
#Нызамшылықтағы_жаңалықлар

⚡️ Жаслар ислери агентлиги шөлкемлестирилди

“Өзбекстан Республикасында жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясатын түп-тийкарынан реформалаў ҳәм жаңа басқышқа алып шығыў ис-илажлары ҳаққында”ғы Президент Пәрманы қабыл етилди.

🏢 Пәрманға муўапық, Өзбекстан Республикасы Жаслар ислери агентлиги (Агентлик) ҳәмде оның Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар, Ташкент қалалық басқармалары ҳәм район (қала) бөлимлери шөлкемлестирилди.

Агентликтиң тийкарғы ўазыйпа ҳәм искерлик бағдарлары белгиленди.

☑️ Агентлик, атап айтқанда, жаслар менен байланыслы тараў ҳәм бағдарларда бирден бир мәмлекетлик сиясат, стратегиялық бағдарлар ҳәм мәмлекетлик бағдарламаларын ислеп шығады ҳәмде әмелге асырады.

🔎 Сондай-ақ, Агентлик жаслар сиясаты тараўындағы нызам ҳүжжетлерине әмел етилиўи үстинен мәмлекетлик қадағалаўды әмелге асырады.

📋 Пәрман менен Өзбекстанда жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясатын жәнеде раўажландырыўға байланыслы қосымша ис-илажлар бағдарламасы тастыйықланды.
🌐 Бағдарламада, атап айтқанда, Өзбекстан жаслары порталын шөлкемлестириў ҳәм онда жаслар сиясатын баҳалаў миллий индекслери ҳәмде жасларға байланыслы нызам ҳүжжетлери базасын қәлиплестириў белгиленген.
♻️ Бағдарламада нәзерде тутылған илажлар Агентлик тәрепинен туўрыдан-туўры ямаса мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерине социяллық буйыртпа формасында ажыратылауғын мәмлекетлик грантлар ҳәм субсидиялар бөлистириў арқалы финансластырылады.

Дерек@huqiqiymalimleme

Каналымызға ағза болың
👇👇👇
@qongiratrkuz
#Нызамшылықтағы_жаңалықлар

Өзбекстанда дизимнен өткерместен, мәжбүрий сертификатластырыӯ шәрти менен импорт етилетуғын, COVID-19 инфекциясы менен аӯырған наӯқасларды емлеӯде қолланылатуғын дәри өнимлери ҳәм биологиялық актив затлар дизими

@huqiqiymalimleme

👉@qongiratrkuz
Forwarded from Huqıqıy málimleme QR
#Нызамшылықтағы_жаңалықлар

❗️Адам саўдасынан жәбирленгенлер ҳаққындағы мәлимлеме әшкар етилмейди
«Адам саўдасына қарсы гүресиў ҳаққында»ғы Нызам (жаңа редакцияда) (ЎРҚ-633, 17.08.2020 ж.) Президент тәрепинен имзаланды.

Нызамға көре, адам саўдасынан жәбирленгенлерге зәрүр жәрдем көрсетиў ҳәмде оларды қорғаў, сондай-ақ олардың адам саўдасына қайта тартылыў қәўипиниң алдын алыў мақсетинде идентификация қылынады.

🔰 Сондай-ақ, Нызамда адам саўдасынан жәбирленгенлерди социаллық реабилитация қылыў ҳәм масласыўын тәмийинлеў тәртиби белгиленип, олар атап айтқанда төмендегилерди өз ишине алады:

👉 қәнигелестирилген мәкемелерге жайластырыў дәўиринде материаллық жәрдем көрсетиўди;

👉 ўақытыншалық үй-жай, азық-аўқат, санитари-гигиена қураллары менен, зәрүр ҳалларда болса кийим, аяқ кийим ҳәм басқа зәрүр затлар менен тәмийинлеўди;

👉 жумысқа жайласыўда, дем алыс алыўда, кәсиплик жақтан бағдарлаўда ҳәм кәсипке таярлаў ҳәмде қайта таярлаўда жәрдем көрсетиўди;

👉 социаллық жақтан қайта интеграцияға, соның ишинде туўысқанларды излеўде жәрдем көрсетиўди.

Сол менен бирге, адам саўдасынан жәбирленгенлер ҳаққындағы ҳәмде оларға қарата исленген жағдайлар ҳаққында мәлимлеме, сондай-ақ көрилген қәўипсизлик илажлары ҳаққындағы мағлыўматлар әшкар етилмеўи белгиленди.

▫️Нызам рәсмий жәрияланған күннен баслап 6 ай өткеннен соң күшке киреди

Каналға жалғаныў👇👇👇
@huqiqiymalimleme
#Нызамшылықтағы_жаңалықлар

“Өзбекстан Республикасы Президентиниң айырым қарарларына өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында”ғы Президент қарары (ПҚ–5010, 27.02.2021-ж.) қабыл етилди

🔄 Қарар менен медициналық көриктен өткерилиўи лазым болған шахслар топары ҳәм тәртиби жаңаланды.

🔰 Соған көре, медициналық көриктен өткериў ушын:

район (қала) қорғаныў ислери бойынша бөлимлери (ҚИББ) жанында аймақлық комиссиялар;
ҚИББ жанында ҳәмде теңлестирилген хызмет өтеў көзде тутылған министрликлер ҳәм кеңселерде – медициналық комиссиялар;
Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қала жыйналыс пунктлеринде әскерий-медициналық комиссиялар;
Қорғаныў министрлиги, МҚХ, ИИМде әскерий-медициналық комиссиялар шөлкемлестириледи.

🔘 Төмендегилерди медициналық көриктен өткериўди әмелге асырыўшы комиссиялар қурамы Денсаўлықты сақлаў министрлиги аймақлық бирлеспелери (уйымлары) басшыларының усынысына тийкар қабыл етилген район (қала) ҳәкиминиң қарарлары менен тастыйықланады:

👉 шақырыў участкаларында дизимге алынған пуқаралар;
👉 әскерий билимлендириў мәкемелерине кирип атырған пуқаралар;
👉 Қорғаныў ислери басқармалары жанындағы шақырылыўшыларды әскерий-техникалық қәнигеликлер бойынша таярлаў орайларына жиберилип атырған пуқаралар;
👉жоқары билимлендириў мәкемелери жанындағы әскерий таярлық бойынша оқыў бөлимлери (әскерий тәлим факультетлери, әскерий таярлық оқыў орайлары, әскерий кафедралар, цикллар ҳәм курслар) таңлап алынып атырған (оқып атырған) пуқаралар;
👉 әскерий жыйныларға шақырылып атырған пуқаралар;
👉 әскерий жыйныларды өтеген пуқаралар;
👉 Қураллы Күшлер резервиндеги пуқаралар.

Каналға жалғаныў 👇👇👇
@huqiqiymalimleme
Forwarded from Huqıqıy málimleme QR
#Нызамшылықтағы_жаңалықлар

⚡️ 18 түрдеги мағлыўмат ҳәм ҳүжжеттиң халық ҳәмде исбилерменлерден талап етилиўи бийкар етилди

“Халық ҳәм исбилерменлик субъектлерине мәмлекетлик хызметлерден пайдаланыўда жәнеде қолайлы шараятлар жаратыў, бул бағдарда бюрократиялық тосықларды қысқартыў бойынша қосымша илажлар ҳаққында”ғы Президент Пәрманы қабыл етилди.

🔰 Пәрман менен 2021-жыл 1-июньнан мәмлекетлик хызметлерди көрсетиў ҳәм артықша тәртип-қағыйдаларды кысқартыў бойынша төмендеги жеңилликлер жаратылмақта:

7 түрдеги пуқаралық ҳалаты актлерин (туўылыў, неке дүзилгенлиги, некеден ажырасыў, өлим, ат ҳәм фамилияны өзгертиў, әкеликти белгилеў ҳәмде перзентликке алыўды ) дизимге алыў;

некелениўши шахсларды медициналық көриктен өткериў;

шет елге шығыў биометрикалық паспортты рәсмийлестириў экстерриториал принцип тийкарында әмелге асырылады.

Нотариал ҳәрекетлерди әмелге асырыўда ПҲАЖ бенен байланыслы барлық мағлыўматлар пуқаралардан талап етилместен электрон система арқалы алынады.

💰Исбилерменлик субъекти болған юридикалық шахслардың ўәкилине мәмлекетлик хызметлерден пайдаланыў ушын жыйым ҳәм мәмлекетлик бажыны нақ пул формасында төлеўге руқсат берилди.

☑️ Соның менен бирге, шет ел коммерциялық шөлкемлериниң Өзбекстандағы ўәкилханасы хызметкерин аккредитация қылыўда АИЖС кеселлиги жоқ екенлиги ҳаққындағы сертификатты талап етиў әмелияты бийкар етилди.

QR-код (матрик штрихлы код ) арқалы берилген ҳүжжетлер бойынша олардың дубликатларын бериў тәртиби бийкар етилди. Ендигиден былай бул ҳүжжетлердиң дубликатын БИМХП арқалы бийпул алыў мүмкин.

📌 450 ден артық нызам ҳүжжетинде белгиленген 18 түрдеги мағлыўмат ҳәм ҳүжжетлерди халық ҳәмде исбилерменлерден талап етилиўи бийкар етилди, бул ҳүжжетлер ўәкилликли мәмлекетлик уйымы тәрепинен “Электрон ҳүкимет” платформасы арқалы алынады.

❗️18 түрдеги мағлыўматларды ҳәм ҳүжжетлерди ведомстволараралық интеграцияласыў платформасынан пайдаланған ҳалда “Электрон ҳүкимет” системасы арқалы бериў жолға қойылады. Нәтийжеде халықтың бир уйым менен екинши бир уйым ортасында әўере болып жүриўиниң алды алынады.

Каналға жалғаныў 👇👇👇
@huqiqiymalimleme
Forwarded from Huqıqıy málimleme QR
#Нызамшылықтағы_жаңалықлар

“Қыйтақ жер хожалығы ҳаққында”ғы Нызамға (681-санлы Нызам, 01.04.2021-ж.) Президент тәрепинен қол қойылды

📋 Нызамға көре, қыйтақ жер хожалығы жеке қыйтақ жер участкаларында аўыл хожалығы өнимлерин ҳәм еркин саўда ушын, ҳәм шаңарақ мүтәжликлери ушын жетистириў (қайта ислеў) менен байланыслы мийнет искерлиги болып табылады.

Қыйтақ жер хожалығы исбилерменлик искерлиги есапланбайды ҳәм қыйтақ жер хожалығын мәмлекетлик дизиминен өткериў талап етилмейди.

☑️ Қыйтақ жер хожалығын жүргизиў ушын ажыратылған жеке қыйтақ жер участкасында жетистирилген (қайта исленген) аўыл хожалығы өнимлери жеке мүлк болып табылады.

Қыйтақ жер хожалығындағы искерлик жеке қыйтақ жер участкасы ийесиниң ҳәм шаңарақ ағзаларының жеке мийнетине тийкарланады.

➡️ Майданы кеминде 0, 04 гектар болған жеке қыйтақ жер участкасында бәнт болған ямаса усы майданда шақлы қарамал ямаса кеминде 50 бас қус бағып атырған жеке қыйтақ жер участкасының ийеси ямаса оның шаңарақ ағзалары социаллық салық төлеўи мүмкин.

🏢 Қыйтақ жер хожалықларының есабы пуқаралардың өзин өзи басқарыў уйымлары тәрепинен Қыйтақ жер хожалықларын есапқа алыў реестрин қәлиплестириў арқалы жүргизиледи.

▫️Бул Нызам рәсмий жәрияланған күннен баслап күшке киреди.

Каналға жалғаныў 👇👇👇
@huqiqiymalimleme
Forwarded from Huqıqıy málimleme QR
#Нызамшылықтағы_жаңалықлар

“Н.И.Пирогов атындағы Россия миллий изертлеў медицина университетиниң Ташкент қаласындағы филиалы жумысларын шөлкемлестириў ҳаққында”ғы Президент қарары (ПҚ–5169-сан, 01.07.2021-ж.) қабыл етилди.

🏢 Қарарға тийкар, Россия Федерациясы Ден-саўлықты сақлаў министрлиги “Н.И.Пирогов атындағы Россия миллий изертлеў медицина университети” Федерал мәмлекетлик автоном ЖООның Ташкент қаласындағы филиалы шөлкемлестирилди.

🗓 Филиал билимлендириў жумысларын 2022/2023-оқыў жылынан баслайды.

🔰 2021/2022-оқыў жылында Өзбекстан пуқараларынан 35 иниң төмендеги қәнигеликлер бойынша ординатура бағдарламаларына муўапық Университетте тәлим алыўы шөлкемлестириледи:

● Радиология;
● Онкология;
● Гематология;
● Балалар онкологиясы;
● Эндокринология;
● Нефрология;
● Пульмонология;
● Рентгенэндоваскуляр диагноз ҳәм емлеў;
● Жүрек-қан тамыр хирургиясы;
● Педиатрия;
● Аллергология ҳәм иммунология;
● Нейрохирургия.
__________________________________
https://qoraqalpoq.adliya.uz/uz/news/detail.php?ID=43100
#Нызамшылықтағы_жаңалықлар

Майыплығы болған шахсларды жумысқа қабыл еткен жумыс бериўшилерге ҳәр бир хызметкер ушын БЕМның 1,5 есеси (405 мың сум) муғдарында субсидия бериледи.

Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
👉https://t.iss.one/qongiratrkuz
#нызамшылықтағы_жаңалықлар

2022-жыл 1-июнь сәнесинен:


Айырым жаслар жоқары оқыў орынларына оқыўға қабыллаўда тест сынақларында қатнасыў ушын өндирилетуғын төлемлерден азат етиледи.

Мыйнет ҳақы муғдары асырылады.

38 түрдеги мәмлекетлик хызметлерди көрсетиўде электрон санлы қол таңбасы талап етилмейди

Шет елдеги жетекши ЖООда тәлим алып атырған жасларға үй-жай алыў ушын ипотека кредитиниң басланғыш төлемин төлеўге субсидия бериледи.

Айырым майыплығы болған шахсларға пенсия менен бирге стипендия да бериледи.

Мәмлекетлик медицина мәкемелери хызметкерлериниң мыйнет ҳақы асырылады.

Хызметкерлерге Өзбекстан бойлап саяхат ғәрежетлериниң бир бөлеги қаплап бериледи.

Шаңарақлық поликлиника хызметкерлериниң күндизги жумыс ўақыты узайтырылып, оларға қосымша үстеме ҳақы төленеди.

Айырым шет ел мәмлекетлеринде Сыртқы мийнет мигратциясы агентлигиниң ўәкили жумыс баслайды.

Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

👉https://t.iss.one/qongiratrkuz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM